Сапар шеңберинде Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Акрам Алиев ҳәм Мустафа Тузджу басшылығында Жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисим бойынша Өзбекстан-Түркия Жумысшы топарының мәжилиси болып өтти.

Тәреплер жеңиллетилген саўда режими қолланылатуғын товарлардың дизимин теңлик тийкарында кеңейтиў мәселесин көрип шықты ҳәм сөйлесиўлердиң үшинши раунды жуўмақлары бойынша өз-ара келисимге ерисилди.

Мәжилис жуўмақлары бойынша өз-ара мәплерди есапқа алған ҳалда қосымша товар позицияларын киргизиў ҳаққындағы келисимлерди беккемлейтуғын келисилген протоколға қол қойылды.

Ерисилген қарарлар еки тәреплеме саўданы жеделлестириў, экспорт-импорт жеткерип бериўди көбейтиў ҳәм өз-ара товар алмасыўдың 5 миллиард долларлық мақсетли көрсеткишине ерисиўге хызмет етеди.