Ушырасыўда тәреплер Өзбекстанда қәўипли санаат шығындыларын халықаралық талапларға жуўап беретуғын заманагөй, экологиялық қәўипсиз технологияларды қолланған ҳалда қайта ислеўге қаратылған инвестициялық жойбарды әмелге асырыў перспективаларын додалады.

Жойбардың техникалық, финанслық ҳәм шөлкемлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Ушырасыў қатнасыўшылары оны әмелге асырыў мәселелери бойынша пикир алысты ҳәм жойбарды баслаў ушын зәрүр болған кейинги басқышпа-басқыш қәдемлер бойынша келисип алды.

Сондай-ақ, зәрүр мәлимлеме алмасыў, тийисли усыныслар ҳәм ҳүжжетлерди таярлаў, басламаны әмелге асырыў шеңберинде биргеликтеги жумысларды муўапықластырыў мәселелери көрип шығылды.

Жойбар қәўипли санаат шығындыларын қәўипсиз жыйнаў, тасыў, зыянсызландырыў ҳәм қайта ислеў бойынша заманагөй система жаратыў имканиятын беретуғыны атап өтилди. Оның әмелге асырылыўы бундай шығындылардың қоршаған орталыққа ҳәм халықтың саламатлығына унамсыз тәсирин азайтыўға, сондай-ақ, елимизде шығындылар менен байланыслы экологиялық қәўипсиз инфраструктураны раўажландырыўға хызмет етеди.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға таяр екенин тастыйықлап, жойбарды әмелге асырыў ҳәм ерисилген келисимлерди орынлаў бойынша биргеликтеги жумысларды жеделлестириў нийетин билдирди.