"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 16-май күни күнниң екинши ярымында тек ғана Ташкент, Жиззақ, Сырдәрья ўәлаятларының айырым аймақларында қысқа мүддетли жаўын жаўып, гүлдирмама болыўы мүмкин.

17-май күни Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятының айырым жерлеринде қысқа мүддетли жаўын-шашын болады.

15-16-май күнлери арқа ҳәм шөл аймақларында, 17-майда республика бойынша айырым жерлерде самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, 20-22 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаң менен бақланыўы күтиледи.

Таў алды ҳәм таўлы аймақларда 15-17-май күнлери ўақты-ўақты менен қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Сел-суў басыўы мүмкин

Ташкентте 15-16-май күнлери жаўын-шашын болмайды, тек ғана 16-май күни кешке қарай азмаз ўақытқа жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 32-34°.

17-май, екшемби күни жаўын-шашын болмайды. Ҳаўаның температурасы 34-36°.

Самалдың бағыты шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи, 16-майда самалдың тезлиги 10-12 м/с қа шекем күшейиўи, қаланың айрым аймақларында шаң-тозаң менен жаўыўы мүмкин.