Япония Миллий метеорология басқармасының мағлыўматына бола, жер силкиниў орайы 10 километр тереңликтеги Кумамото префектурасы аймағында жайласқан. Ариакэ ҳәм Яцусиро қолтықлары жағалықлары ушын бийиклиги бир метрге шекем болыўы мүмкин болған цунами ҳаққында ескертиў жәрияланды.

Биринши жер силкиниўден бир саат өтпей-ақ, және 6,1 магнитудаға тең күшли жер силкиниўи жүз берди. АҚШ Геология хызметиниң мағлыўматларына бола, биринши жер силкиниўдиң магнитудасы 6,8, екиншисиники 6,1 ге тең болған.

Япония бас министри Санаэ Такаитидиң мәлим етиўинше, тәбийғый апатшылық ақыбетинде жоллар ҳәм көпирлерге зыян жеткен, имаратлар бир бөлеги ўайран болған, өртлер ҳәм электр энергиясында үзилислер жүзеге келген. Соның менен бирге, ўәлаятта жайласқан атом электр станцияларының жумысында бузылыў жағдайлары бақланбады.

Дәслепки мағлыўматларға бола, жер силкиниў ақыбетинде 50 ден аслам адам жарақатланған. Жәбирленгенлердиң анық саны ҳәм зыян көлеми анықланбақта. Ақыбетлерди сапластырыўды муўапықластырыў ушын Япония ҳүкимети оператив штаб дүзди.

“NHK” телеканалының мағлыўматына бола, бул 2024-жыл январь айында Ното ярым атаўында жүз берген ўайран етиўши жер силкиниўинен кейин Японияда 7,1 ҳәм оннан жоқары күшке ийе болған биринши жер силкиниў болып есапланады.