Орайлық банк басқармасының 2026-жыл 23-октябрьдеги 28/1-санлы қарарына муўапық, «Open bank» АЖға 1-И-санлы лицензия берилди.

Бул лицензия Өзбекстан Республикасының «Банклер ҳәм банк жумысы ҳаққында»ғы Нызамның 5¹-статьясында нәзерде тутылған ислам қаржы операцияларын әмелге асырыў ҳуқықын қамтып алады.

Орайлық банк банк хызметлеринен пайдаланыўдан алдын қаржы мәкемесиниң тийисли лицензияға ийе екенин Орайлық банктиң рәсмий веб-сайты арқалы тексериўди усыныс етти.