Бәринен бурын, Самарқандта 9 гектар майданда жаңа
Жипек жолы музейин қурыў жойбары көрип шығылды. Жойбарға бола, оның
экспозициясы археологиялық материаллар, сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер
шығармаларын қамтып алған 6 мыңнан аслам сийрек ушырасатуғын экспонатларды
бирлестиреди. Сондай-ақ, музейде турақлы ҳәм ўақтынша көргизбелер ушын орынлар,
160 орынлық аудитория, балалар академиясы, консервация ҳәм изертлеў орайы, ири
фонд сақлағышлар шөлкемлестирилиўи режелестирилген.
Презентацияда мәденият мәкемелерине халықты және де
кеңирек тартыў, олардың мазмуны ҳәм жумыс форматын заман талаплары тийкарында
жаңалаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Усы мүнәсибет пенен республика бойынша 839 мәденият
орайын басқышпа-басқыш трансформациялаў, олардың имаратларын заманагөй көриниске
келтириў, жеке меншик секторды тартыў ҳәм тартымлылығын арттырыў бойынша
усыныслар додаланды. Бул орайлардың жумысын заманагөй талапларға жуўап
беретуғын жаңа бағдарларда шөлкемлестириў бойынша усыныслар тыңланды. Улыўма,
мәденият тараўына 2030-жылға шекем 1 триллион сумнан аслам қаржы қаратыў
режелестирилген.
Көркем өнер тараўындағы қәбилетли жасларды ерте
анықлаў, оларды төменги класслардан баслап мақсетли таярлаў, керек болса, оқыў
орнында жасап, дөретиўшилик пенен шуғылланыўы ушын мүнәсип шараят жаратыў
әҳмиетли ўазыйпа сыпатында көрсетип өтилди.
Әндижан жаслар симфониялық оркестри ҳәм
"Тумор" аяқ ойын ансамблиниң жумысын қоллап-қуўатлаў бойынша
усыныслар мақулланды.
Медиа мәканда миллий контентти кеңейтиў, жасалма
интеллект имканиятларынан ақылға уғрас пайдаланған ҳалда миллий мәдениятымыз
ҳаққындағы мағлыўматлар базасын избе-из арттырып барыў зәрүр екенлиги атап
өтилди.
Буннан тысқары, мәмлекетлик емес мәденият
шөлкемлериниң жумысын жолға қойыў ушын жеңиллетилген кредитлер бериў,
мәмлекетлик емес театрлар ҳәм театр-студияларды мәмлекет тәрепинен
қоллап-қуўатлаў, оларға жойбарларды әмелге асырыў ушын грантлар ажыратыў
системасын енгизиў нәзерде тутылған.
Усы жылдың басынан берли елимизге дерлик 3 миллион
турист келип, өсиў 37 процентти қурағаны, туризм хызметлериниң экспорты 48
процентке артып, 1,1 миллиард долларға жеткени атап өтилди. 2030-жылға шекем 20
миллион сырт ел туристин тартыў, 2026-жылы 12 миллион туристке хызмет көрсетиў
мақсет етип қойылды.
Усы мүнәсибет пенен ҳәр бир аймақтың өзине тәнлигин
есапқа алған ҳалда, олардың туризм потенциалын арттырыў бойынша мәнзилли
бағдарламаларды әмелге асырыў зәрүрлиги атап өтилди.
Усы мақсетте аймақларда туризм инфраструктурасын жедел
раўажландырыў, тараўды жойбарлаў басқармасы тийкарында шөлкемлестириў илажлары
көрип шығылды. Атап айтқанда, 2026-2027-жылларда 31 мастер-реже әмелге
асырылыўы, 40 мыңнан аслам жаңа жумыс орынларының жаратылыўы, орналастырыў
қуралларының саны 8 мың 250 ге, туризм аўыллары ҳәм мәҳәллелериниң улыўма саны
84 ке жеткерилиўи нәзерде тутылған.
Жаңа туризм өнимлерин қәлиплестириў ҳәм
исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша да бир қатар механизмлер нәзерде
тутылған.
Атап айтқанда, сырт елли туристлерди тартыўға
қаратылған үгит-нәсиятлаў қәрежетлериниң 25 процентине шекемги, бирақ 500 миллион
сумнан аспаған бөлегин қаплап бериў, туристлер ушын мәдений-ғалабалық ҳәм
театрластырылған бағдарламаларды системалы жолға қойған жеке меншик
исбилерменлерди хошаметлеў, сервис тараўындағы жергиликли ҳәм сырт елли
қәнигелердиң қатнасыўында әмелий оқыў курсларын шөлкемлестириў нәзерде
тутылмақта.
Презентацияда елимиздиң туризм потенциалын халықаралық
базарда кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша жаңа көзқараслар да көрип шығылды.
Додалаў жуўмақлары бойынша жуўапкерлерге көрип
шығылған жойбар ҳәм басламаларды пуқта ислеп шығып, анық есап-санақ ҳәм режелер
тийкарында әмелге асырыў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.