Елимизде халықтың турақ жай шараятларын жақсылаў, аймақларда заманагөй қала қурылысы стандартларын енгизиўге айрықша итибар қаратылмақта. Оған халқымыздың абаданлығын арттырыўға қаратылған ири социаллық жойбарлар қатарынан орын алған орынларда қурылып атырған "Жаңа Өзбекстан" массивлери үлкен үлес қоспақта.
Әййемги Қоқанд қаласының аймағында қурылып атырған жаңа массив аймақтың экономикалық ҳәм социаллық көринисин өзгертип атырған заманагөй орайға айланбақта.
Қоқанд әзелден халық тығыз жайласқан, исбилерменлик раўажланған қала болып есапланады. Сол себепли бул жерде турақ жайға талап жылдан-жылға артып бармақта. Ескирген инфраструктура ҳәм аз санлы турақ жайлар қаланы жаңа технологиялар тийкарында кеңейтиўди талап етпекте.
Президентимиздиң еки жыл алдын Ферғана ўәлаятына сапары ўақтында берилген тапсырмалар тийкарында қурылып атырған массив бул ўазыйпаның әмелий шешими болды. Бул жерде шаңарақлар барлық қолайлықларға ийе заманагөй квартиралар менен тәмийинленбекте.
Жойбарды әмелге асырыў ушын жәми 1 триллион 850 миллиард сум қаратылған. Аймақта 25 мың халыққа мөлшерленген бир пүтин инфраструктура жаратылмақта. 84 көп қабатлы турақ жай менен бирге заманагөй мектеп, мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси, жоқары оқыў орны, бизнес орайы ҳәм саўда комплекси, халықтың дем алыўы ушын бағлар қурыў нәзерде тутылған.
Бундай қатнас жаңа массивте жасаўшыларға үйинен бир адым жерде жумыс ислеў, билим алыў, хызметлерден пайдаланыў, мазмунлы дем алыў имканиятын береди.
Ҳәзирги ўақытта жойбардың биринши басқышы табыслы жуўмақланып, 4 мың 394 квартиралы 56 он қабатлы турақ жай пайдаланыўға тапсырылды. Пухта оңланған квартиралар халыққа 35 процентлик басланғыш төлем тийкарында, жыллық 16 процентлик ставкада 20 жыл мүддетке бериледи.
Мәмлекетимиз басшысы жаңа квартиралардың биринде жаратылған шараятлар менен танысты. Массивтиң социаллық әҳмийетин атап өтип, бул жерде жаратылып атырған шараятлар адамлардың турмысын жақсылап ғана қалмай, заманагөй пикирлеў ҳәм турмыс мәдениятын қәлиплестириўге хызмет етиўи керек екенлигин атап өтти.
Ферғана ўәлаятының нуранийлери менен қызғын сәўбет болды.
Олар орынларда социаллық мәмлекет принципи избе-из әмелге асырылып атырғанын атап өтти: заманагөй билимлендириў ҳәм медицина мәкемелери қурылмақта, мәҳәллелер абат болып, жаңа кәрханалар ашылмақта, исбилерменлик ушын имканиятлар кеңеймекте. Олардың айтыўынша, булардың барлығы адамлардың күнделикли турмысын өзгертеди, абаданлық ҳәм социаллық турақлылықты беккемлейди. Әмелге асырылып атырған жаңаланыўлар ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирилди.
Президентимиз бул жерде "Жаңа Өзбекстан" массивиниң екинши басқышы ҳәм Қоқанд қаласын раўажландырыў бойынша презентациялар менен танысты.