Сизлерди, барлық ўәлаят халқын мине усындай қуўанышлы ўақыя, мине усындай саўлатлы комплекс пенен шын кеўлимнен қызғын қутлықлайман. Ўәлаят халқына, пүткил халқымызға узақ жыллар хызмет етсин!
Ҳүрметли ўатанласлар!
Мийнеткеш ҳәм кеңпейил Ферғана халқына терең ҳүрметтиң көриниси сыпатында бул жерде үлкен жумысларды әмелге асырмақтамыз.
Бәринен бурын, ўәлаятты 2030-жылға шекем социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасы избе-из әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, әййемги Қоқанд қаласын ҳәр тәреплеме абат еттик, жергиликли аэропортты тикледик. Жаңа Өзбекстанның нәпеси кирип киятырған Марғуланың, басқа қала ҳәм районлардың, аўыл ҳәм мәҳәллелердиң келбети түп-тийкарынан өзгерди. Заманагөй өндирислик комплекслер, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият обектлери, IТ-парклер, "Жаңа Өзбекстан" массивлери қурылмақта.
бул, биринши гезекте, халықтың мийнет етиўи ҳәм жасаўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў, ҳәр бир инсанға итибар ҳәм ғамқорлық көрсетиў, оның мәпи, қәдир-қымбатын тәмийинлеўге қаратылғаны менен әҳмийетли болып есапланады.
Қуўанышлы тәрепи, Ферғана ўәлаяты барлық тараў ҳәм тармақларда өзине тән тәжирийбе мектебине ийе болмақта.
Кейинги ўақытта бул аймақ тек ғана республикалық емес, ал халықаралық көлемдеги ири форумларға да басшылық етпекте. Қоқандта Халықаралық өнерментшилик фестивалын, Риштанда Гүлалшылық фестивалын өткериў дәстүрге айланды. Ферғанада Орайлық Азия мәмлекетлериниң регионаллық бирге ислесиў форумлары табыслы өткерилмекте.
Бизге белгили, соңғы жылларда тарийхый ҳәм заманагөй дәстүрлерди өзинде жәмлеген миллий архитектуралық шешимлерден пайдаланған ҳалда, ири туризм комплекслерин қурыўға айрықша итибар қаратпақтамыз. Мәселен, Самарқандта "Уллы жипек жолы" ҳәм Имам Бухарий комплекслери, Хорезмде "Арда Хийўа" халықаралық туризм орайы ашылды.
Жақында пайтахтымызда Жаңа Өзбекстанның айқын белгилеринен бири сыпатында тән алынған Ислам цивилизациясы орайының ашылғаны да бул бағдарда үлкен қәдем болды. Бул комплекс экспозициясында Ферғана ўәлаятының тарийхы айрықша орын ийелейтуғынын атап өтиў керек. Орайдың төрт ири дәрўазасынан бири Қоқандтың аты менен аталып, биринши Ренессанс дәўиринде жасаған уллы ата-бабаларымыз - Аҳмад Фарғоний ҳәм Бурҳониддин Марғинонийдиң жумысы ҳәр тәреплеме сәўлелендирилген. Булардың барлығы бизиң Ферғана ўәлаятына, усы жерде туўылған инсанларға болған терең ҳүрметимиздиң көриниси болып есапланады.
Және бир әҳмийетли тәрепи, усындай комплекслер себепли быйылғы жылдың биринши шерегинде елимизге 3 миллионға шамалас турист келген, туризм экспорты 1,1 миллиард доллардан артқан. Бул, әлбетте, биринши нәтийже, бирақ келешекте бул көрсеткиш және де артады, деп исенемен.
Әзиз ферғаналылар!
Усы гөззал үлкеде жетилисип шыққан Увайсий, Нодира, Анбар атын, Дилшод Барно, Гүлханий, Муқимий, Фурқат, Завқий, Чархий, Собир Абдулла сыяқлы руўхый турмысымызда өшпес из қалдырған шайыр ҳәм жазыўшыларды халқымыз жақсы биледи ҳәм қәдирлейди.
Әзиз Қаюмов, Еркин Ваҳидов, Худойберди Тохтабоев, Оҳунжон Ҳакимов, Умарали Норматов, Энахон Сиддиқова, Анвар Обиджон сыяқлы илимпазлар, шайыр ҳәм жазыўшылардың шығармалары халқымыздың байлығына айланды.
Өзбек көркем өнери ҳәм мәдениятының раўажланыўына үлкен үлес қосқан Юсуфжон қизиқ Шакаржонов, Уста Олим Комилов, Муҳиддин Қарияқубов, Тамарахоним, Ҳалима Носирова, Мукаррама Турғунбоева, Журахон Султонов, Маъмуржон Узоқов, Таваккал Қодиров, Саодат Қобулова, Берта Давидова, Муроджон Аҳмедов, Наби Раҳимов, Ҳамза Умаров сыяқлы белгили көркем өнер шеберлери менен пүткил халқымыз мақтанады.
Бүгин сизлердиң қатарыңызда Абдуҳошим Исмоилов, Абдулаҳад Абдурашидов, Қиличбек Тожиев сыяқлы устаз көркем өнер шеберлерин, дөретиўши жасларымыздың онлаған ўәкиллерин көрип турғанымнан қуўанышлыман. Бул Ферғана жеринде әўладлар даўамлылығы сақланып атырғанынан дәрек береди. Бүгин олардың көркем өнери ҳәм шеберлигинен заўық алып, үлкен байрамға айланамыз.
Шынында да, қандай уллы мәдениятымыз, өз мектебине ийе болған қандай көркем өнер шеберлеримиз бар! Усы мүнәсибет пенен олардың талантын ҳәм хызметлерин мүнәсип қәдирлеў, дөретиўшилигин келешек әўладларға жеткериў бойынша үлкен жумысларды режелестиргенимизди мәлим етпекшимен. Халқымыз сүйген ҳәфиз Шерали Жураев, өзбек естрада көркем өнериниң жулдызлары Фаррух Зокиров өз алдына мектеплер жаратты. Бул дәстүрди даўам еттирип, Ферғана көркем өнер шеберлериниң мектеплерин ашамыз.
Буннан тысқары, руўхый-ағартыўшылық, мәденият ҳәм көркем өнер тараўының ўәкиллери менен кеңнен пикирлесип, тараў хызметкерлерин қоллап-қуўатлаў, оларға қосымша шараятлар жаратыў бойынша жаңа басламаларды алға қоямыз.
Әзиз дослар!
Бул рет де Ферғанаға жаңа басламалар, үлкен жойбарлар менен келдим. Мақсет - ўәлаяттың раўажланыўын жаңа басқышқа көтериў, барлық тараўларда үлгили аймаққа айландырыў. Усы мәнисте, бүгин "Бурхониддин Марғиноний" илимий-ағартыўшылық ҳәм туризм комплексиниң ашылыўы, әлбетте, жаңа дәўирди баслап береди.
Миллий архитектура дәстүрлери тийкарында қурылған, 35 гектар майданды иелеген бул сийрек ушырасатуғын комплекс Ислам ҳуқықтаныў институты, мақам театры, ашық амфитеатр, үлкетаныў музейи, жазыўшы ҳәм көркем өнер шеберлери қыябаны, өнерментлер орайы, мийманханалар, хызмет көрсетиў шақапшалары сыяқлы көплеген имарат ҳәм объектлерден ибарат. Булардың барлығы, бәринен бурын, Марғиноний бабамыздың бай илимий мийрасын үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў, аймақтың әемги өнерменчилик дәстүрлерин қәстерлеп сақлаў, зыярат туризмин раўажландырыўға хызмет етеди.
Бул саўлатлы имарат Жаңа Өзбекстанның бийбаҳа естеликлери қатарынан мүнәсип орын иелеп, Ферғана ўәлаятының "мирәт қағазы"на айланатуғынына исенемен.
Биз әрман еткен жаңа Бухарий, Термизий, Ферғаний, Хорезмий ҳәм Марғинонийлерди қай жерде тәрбиялай аламыз? Әлбетте, мине усындай ағартыўшылық, илим орайларында.
Усы көзқарастан, сизлер менен бирге келешекке хызмет ететуғын оғада үлкен саўаплы жумысларды әмелге асырдық, десек, дурыс болады.
Бул комплексти мине, усы Марғилан қаласында қурғанымызда терең тарийхый ҳәм турмыслық мәни бар. Бул қутлы қаладан көплеген илим ҳәм ағартыўшылық ғайраткерлери жетисип шыққан. Тарийхый дәреклерге бола, бул қутлы жер "ағартыўшылар ўатаны" деп аталған.
Мине, усындай үлкен руўхый мийрасқа сүйенип, биз Марғулан, пүткил Ферғана тарийхының даңқлы китабына жаңа бетлер жазамыз. Биз буны мақтаныш етиўге ҳәм мақтаныўға ҳақылымыз!
Пурсаттан пайдаланып, комплексти қурыўда қатнасып, бундай ийгиликли иске үлес қосқан илимпаз ҳәм жойбарлаўшыларға, инженер ҳәм қурылысшыларға, жумысшы-хызметкерлерге шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Ийгиликли ислеримизде уллы бабаларымыздың руўхы бәрқулла қоллап-қуўатласын!
Жаңа Өзбекстан, Жаңа Ферғана гүллеп-жаснасын, даңқы және де зияда болсын!