Ҳәзирги аэропорт терминалынан отыз жылдан аслам ўақыт даўамында пайдаланып келинбекте. Оның өткериўшеңлиги, жолаўшылар ушын қолайлық дәрежеси, авиация ҳәм авиациялық емес хызметлерди раўажландырыў имканиятлары ҳәзирги заман талапларына толық жуўап бермейди.
Усы мүнәсибет пенен аэропорт инфраструктурасын комплексли раўажландырыў режелестирилген. Жойбар пәрўазлар географиясын кеңейтиў, аймақтың өсип баратырған экономикалық белсендилигин ҳәм туристлер ағымын көбейтиўди есапқа алған ҳалда хызмет көрсетиўдиң сапасын арттырыўға қаратылған.
Презентацияда ушыў-қоныў жолын узайтыў ҳәм кеңейтиў, аэродром инфраструктурасын модернизациялаў, жаңа жолаўшы ҳәм жүк терминалларын қурыў мәселелери көрип шығылды.
Майданы дерлик 20 мың квадрат метр болған жаңа жолаўшы терминалында ҳәзирги имканиятлардан 2 есе көп - 1 мың 200 ге шекем жолаўшыға хызмет көрсетиў мүмкин болады. Сондай-ақ, самолётлар ушын қосымша тоқтаў орынлары шөлкемлестирилип, самолётлардың сыйымлылығы 10 данаға жеткериледи.
Жаңа терминалда кең күтиў заллары, заманагөй сервис зоналары, қолайлы дизимнен өткериў ҳәм қадағалаў системалары, жоқары мәртебели мийманларға хызмет көрсетиў ушын айрықша шараятлар жаратылған.
Мәмлекетимиз басшысы аэропорт ҳәр қандай аймақтың дәрўазасы екенин атап өтип, заманагөй хызметлерди жолға қойыў, транспорт ҳәм тийисли инфраструктураны раўажландырыў бойынша усыныслар берди.
Халықаралық стандартлар тийкарында жаңа терминалды жойбарластырыў, қурыў ҳәм кейин ала басқарыў, бул бойынша тәжирийбеге ийе сырт ел операторларын тартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Жойбардың әмелге асырылыўы Ферғана ойпатлығының транспорт байланыслылығын беккемлеў, туристлер ағымының артыўы ҳәм регионның логистика орайы сыпатындағы ролиниң күшейиўине хызмет ететуғыны атап өтилди.
Соның менен Президентимиздиң Ферғана ўәлаятына сапары жуўмақланды. Мәмлекетимиз басшысы Ташкентке қайтып келди.