Мәмлекетимиз басшысы илаждың ашылыў мәресиминде шығып сөйлейди, сондай-ақ, сырт ел делегацияларының басшылары менен бир қатар ушырасыўлар өткереди.

Мәжилистиң тийкарғы темасы – “Раўажланыў кесилиспелери: регионның өз-ара байланыслы келешегин алға сүриў”. Форум глобал ҳәм регионаллық экономикалық раўажланыўдың тийкарғы бағдарларын додалаў ушын әҳмийетли халықаралық майданлардан бирине айланады.

"Жасыл" трансформация, энергетикаға өтиў, санластырыў, инвестицияларды тартыў, азық-аўқат қәўипсизлиги, санаат жеткерип бериў шынжырларының турақлылығы ҳәм басқа да мәселелер қатнасыўшылардың дыққат орайында болады.

Бес күн даўам ететуғын саммитте 100 ден аслам мәмлекет делегациялары, Азия раўажланыў банки, Жәҳән банки, Халықаралық валюта қоры, Азия инфраструктуралық инвестициялар банки ҳәм басқа да институтлардың басшылары ҳәм ўәкиллери, сондай-ақ, 2 мыңға шамалас сырт ел ҳүкиметлериниң ўәкиллери, жетекши сырт ел компаниялары ҳәм банклери, трансмиллий корпорацияларының топ-менеджерлери ҳәм абырайлы экспертлер қатнасады. Жәми 4 мыңнан аслам делегат қатнасыўы күтилмекте.

Өзбекстан 1995-жылдан берли АРБ ағзасы ҳәм оның ең ири шериклери қатарына киреди: жойбарлардың улыўма портфельи дерлик 16 миллиард долларды қурамақта. Мәмлекетимиз Банктиң жыллық мәжилисин екинши мәрте өткермекте.