Бул ҳаққында Британия ғалаба хабар қураллары Денсаўлықты сақлаў агентлигине (UKHSA) тийкарланып хабар бермекте, деп жазбақта Report.

"Уллы Британияның еки пуқарасында хантавирус инфекциясы анықланды, және бир жағдай Тристан-да-Кунья атаўы аймағында гүманланбақта", делинеди хабарда.

Атап өтилиўинше, Уллы Британия ҳүкимети MV Hondius лайнериниң екшемби күни Тенерифке жетип келиўине таярлық көрмекте.

"Ҳәзирги ўақытта борттағы Уллы Британия пуқараларының ҳеш биринде кеселлик белгилери бақланбай атыр, олар пуқта бақланбақта," - деп анықластырды агентлик.

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң хабар бериўинше, кемеде 7 адамда хантавирус инфекциясы анықланған. Үш адам қайтыс болған, биреўи ҚАРда интенсив терапияда, және екеўи медициналық эвакуацияға мүтәж.