Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм инфраструктуралық бирге ислесиў мәселелерин ҳәр тәреплеме додалады. Пайтахтымыз экономикасының тийкарғы тармақлары ашық-айдынлық, коррупцияға төзимсизлик принциплери тийкарында раўажланып атырғаны атап өтилди. Қалада узақ мүддетли шериклик ҳәм турақлы өсиўге қаратылған инвестициялық тартымлы орталық избе-из қәлиплеспекте.

Кейинги жылларда пайтахтымыз жедел раўажланып атырғаны, түрли мәмлекетлердиң аймақлары менен бирге ислесиў кеңейип, санаат, транспорт, қала инфраструктурасы, билимлендириў ҳәм инновациялар тараўларында жойбарлар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди. Тартылып атырған инвестициялардың көлеми турақлы артып бармақта, бул болса қала орталығын модернизациялаўды жеделлестириў ҳәм халықтың турмыс сапасын арттырыўға хызмет етпекте.

Социаллық инфраструктураны раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Әмелдеги мектеп ҳәм бақшаларды реконструкциялаў, қамтып алыўды арттырыў менен бирге, қаланың ҳәр бир районында жаңа билимлендириў мәкемелерин қурыў режелестирилген. Сондай-ақ, Олимпиада резервлерин қәлиплестириў ушын 32 спорт түри бойынша қәнигелескен спорт мектеплерин шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта.

Экологиялық сиясат шеңберинде қоршаған орталыққа унамсыз тәсир көрсететуғын санаат ҳәм жол объектлерин қаладан басқышпа-басқыш шетке алып шығыў даўам еттирилмекте.

Мийманларға Ташкент қаласында әмелге асырылып атырған ири инвестициялық жойбарлар, заманагөй турақ жай комплекслерин қурыў, транспорт инфраструктурасын модернизациялаў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономиканы раўажландырыў тараўында әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында мағлыўмат берилди. Өзбекстан ҳәм Уллы Британия арасындағы бирге ислесиў, соның ишинде, қала қурылысы, билимлендириў, қаржы ҳәм инновациялар тараўларында избе-из беккемленип атырғаны атап өтилди.

Делегация ағзалары алдынғы басқарыў тәжирийбеси алмасыўын кеңейтиў, инвестициялық бирге ислесиўди тереңлестириў ҳәм биргеликтеги жойбарларда жеке меншик сектордың қатнасыўын жеделлестириўден мәпдар екенин билдирди. Буннан тысқары, еки тәреплеме бизнес форумларын шөлкемлестириў ҳәм исбилермен топарлар арасында тиккелей байланысларды жолға қойыў мәселелери көрип шығылды.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара пайдалы шерикликти буннан былай да раўажландырыў ҳәм биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўға таяр екенин тастыйықлады.