2025-жыл 20-июльден баслап, физикалық тәреплер тәрепинен жеке мүтәжлиги ушын коммерциялық емес мақсетлерде республикаға алып кирилетуғын товарлардың бажысыз алып кириў нормальары қолланылыўы ушын:

поездда, автомобилде ямаса пияда түрде кирип киятырған шахслар сырт мәмлекетте 2 күннен,

самолётта қайтып атырған жолаўшылар болса сырт мәмлекетте 3 күннен кем болмаўы талап етиледи.

"Кери жағдайда, бул товарларға бажысыз алып кириў нормасынан артық деп қаралады ҳәм товардың толық баҳасынан бирден-бир бажыхана төлеми өндириледи.

Бажыхана қағыйдаларына әмел етиўиңизди сораймыз!" - делинеди комитет баспасөз хаткери Ҳусан Тангриевтиң еслетпесинде.