Президентимиздиң 2025-жыл 28-марттағы ПҚ-129-санлы қарарына муўапық, 2025-2026-жылларда республика аймақларында микро гидроэлектр станцияларын қурыў ҳәм иске қосыў бойынша кең көлемли бағдарлама әмелге асырылады.
Онда, микро гидроэлектр станцияларын қурыў ҳәм олардан пайдаланыўға қызығыўшылық билдирген исбилерменлик субъектлерине бир қатар қолайлықлар жаратылады.
Бул қарардың тийкарғы мақсети - мәмлекеттиң турақлы энергия тәмийнатын тәмийинлеў, микро ҳәм киши гидроэлектр станцияларын енгизиў арқалы қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыўды кеңейтиў болып есапланады.
Қарардың тийкарғы бағдарлары:
- Микро ГЭСлер қурылысы: 2025-2026-жыллары район ҳәм қалалар кесиминде микро гидроэлектр станцияларын қурыў ҳәм иске қосыў бойынша мәнзилли дизимлер тастыйықланды.
- Қаржыландырыў: Жойбарларды әмелге асырыў ушын зәрүр қаржылар мәмлекетлик бюджет, халықаралық финанс институтлары ҳәм жеке меншик инвесторлар есабынан тартылады.
- Билимлендириў ҳәм тәжирийбе арттырыў: Энергетика тараўында кадрлар таярлаў ҳәм олардың тәжирийбесин арттырыўға айрықша итибар қаратылады.
Тынық ҳәм пайдалы усыныслар:
- "Жасыл энергия" ЖШЖ тәрепинен "таяр жойбар" сыпатында исбилерменлерге жойбарды аукционнан алыў имканияты жаратылды.
- сбилерменлерге үлги жойбар ҳүжжетлери таярлап берилди.
- Электрон онлайн саўдаларын жеңиллестириў мақсетинде жаңа регламент ислеп шығылады.
Раўажланыў ҳәм тиклениў фонды тәрепинен 10 млн доллар муғдарындағы кредит линиясы ҳәм Жәҳән банкинен тартылатуғын 150 млн доллар муғдарындағы жеңиллетилген кредитлер МикроГЭСлер қурылысы менен байланыслы қәрежетлерге қаратылады.
Микро ҳәм киши гидроэлектр станцияларына қызығыўшылық билдирген жағдайда төмендеги силтеме арқалы жаңа ҳәм әмелдеги аукцион саўдалары менен танысыў имканияты бар:
("E-AUKSION" || Lotlar — Yangi lotlar, Elektr stansiyalarini qurish huquqi). Бул жойбарларға исбилерменлерге жәрдемлесиў, машқалаларына тез пурсатта шешим табыў мақсетинде ўәлаят ҳәкимликлеринде штаб шөлкемлестирилди.





