2025-жылғы Мәмлекетлик бағдарлама жойбары кең жәмийетшиликтиң додалаўы ушын жәрияланды

    8 қаңтар 2025 228

    Мәмлекетлик бағдарлама жойбарында 5 тийкарғы бағдар бойынша 2025-жыл ушын әмелий илажлар, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер дизими ҳәм мақсетли көрсеткишлер нәзерде тутылмақта.

    "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл экономика" жылында әмелге асырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарлама ҳәм оны тастыйықлаў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы жойбарлары ислеп шығылып, кең жәмийетшиликтиң додалаўы ушын жәрияланған.

    Мәмлекетлик бағдарлама жойбарында 5 тийкарғы бағдар бойынша 2025-жыл ушын әмелий илажлар, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер дизими ҳәм мақсетли көрсеткишлер нәзерде тутылмақта.

    Жойбарда қоршаған орталықты сақлаў ҳәм "жасыл экономика" мәселелери, сондай-ақ, социаллық-экономикалық, мәмлекетлик басқарыў, суд-ҳуқық, қәўипсизлик ҳәм сыртқы сиясат бағдарларында 2025-жылға мөлшерленген кең көлемли реформалар нәзерде тутылған.

    Жойбар 2025-жыл 22-январьға шекем кең жәмийетшилик ҳәм экспертлик додалаўлардан өткериледи.

    "Раўажланыў стратегиясы" орайы жәмәәти барлық ўатанласларымыздан 2025-жылғы Мәмлекетлик бағдарлама жойбарын додалаўда белсене қатнасып, өз усынысларын Орайдың арнаўлы uzbekistan2030.uz онлайн порталы арқалы билдириўин сорайды.