Өзбекстанның 24 транспорт-логистика орайы қурғақлықтағы портлар статусына ийе болды

    13 қараша 2025 270

    Бангкокта Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Азия ҳәм Тыныш океаны ушын экономикалық ҳәм социаллық комиссиясының "Қурғақлықтағы портлар ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисим"ге муўапық "Қурғақлықтағы портлар" бойынша жумысшы топардың алтыншы мәжилиси болып өтпекте.

    Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлигиниң ўәкили И.Абсаттаров қатнаспақта.

    Мағлыўмат ушын: Транспорт министрлиги жанындағы Транспорт ҳәм логистиканы раўажландырыў машқалаларын үйрениў орайы тәрепинен БМШ ЭСКАТОның техникалық жәрдеминде Транспорт-логистика орайларының Келисимниң II қосымшасында белгиленген қурғақлықтағы портларға қойылатуғын талапларға муўапықлығы бойынша миллий изертлеўлер өткерилди.

    Транспорт министрлиги тәрепинен өткерилген үйрениў нәтийжелери тийкарында белгиленген талапларға жуўап беретуғын транспорт-логистика орайларын Қурғақлықтағы портлар бойынша жумысшы топардың алтыншы мәжилисинде көрип шығыў ушын қурғақлықтағы портлардың халықаралық дизимине (Ҳүкиметлераралық келисимге I қосымша) киргизиў бойынша усыныс киргизилди.

    Жумысшы топар мәжилисинде топар ағзаларына Өзбекстан Республикасында жайласқан 24 транспорт-логистика орайына байланыслы өткерилген миллий изертлеўлердиң нәтийжелери, олардың Келисимниң II қосымшасында белгиленген талапларға муўапықлығы бойынша түсиниклер берилди. Бул транспорт-логистика орайлары Қурғақлықтағы портлар ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисимниң халықаралық қурғақлықтағы портлар дизимине киргизилип, халықаралық қурғақлықтағы портлар статусына ийе болды.

    Мағлыўмат ушын: Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 27-январьдағы "Өзбекстан Республикасының транспорт-логистика системасын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-28-санлы қарарына муўапық, республикадағы заманагөй техника ҳәм үскенелер менен тәмийинлеўдиң үлги талапларына жуўап беретуғын транспорт-логистика орайлары БМШтың Қурғақлықтағы портлар ҳаққындағы ҳүкиметлераралық келисиминиң дизимине киргизилиўи ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе объектлер сыпатында тән алыныўы белгиленген.

    Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 8-октябрьдеги "Транспорт-логистика орайлары ҳәм транзит транспорт коридорлары жумысын раўажландырыў ҳаққында"ғы 633-санлы қарарына муўапық, Транспорт министрлигине үлги талапларына жуўап беретуғын халықаралық транспорт-логистика орайларын усы дизимге киргизиў илажларын көриў ўазыйпасы жүкленди.

    Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ЭСКАТОның "Қурғақлықтағы портлар ҳаққында"ғы ҳүкиметлераралық келисим.

    Қурғақлықтағы портлардың аймақлар бойынша бөлистирилиўи: Ташкент қаласында - 7, Ташкент ўәлаятында - 4, Ферғана ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында - 3, Қарақалпақстан Республикасында - 2, Жиззақ, Наўайы, Самарқанд, Наманган ҳәм Бухара ўәлаятларында - 1.

    Халықаралық қурғақлықтағы портлар дизимине киргизилген транспорт-логистика орайлары: Universal Logistics Services, First Dry Port Terminal, Orient Logistics Centre, Terminal Services Invest Group, Azia Trans Terminal, Texnopark, Uzbekistan Airports Cargo, Ангрен логистика орайы, Highway Logistics Centre, Forward Trans Terminals, Multimodal Trans Terminal, Жиззақ логистика орайы, Қоқанд логистика орайы, Фарғона улгуржи савдо, Марғилон логистика орайы, Раўстан логистика орайы, Улуғбек логистика орайы, Термиз логистика орайы, Airitom Logistics Centre, Termez Cargo Centre, Navoi Cargo, Бухара логистика орайы, Нөкис логистика орайы, Kungrad Cargo Impex.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates