Өзбекстанның Сан-Мариноға тайынланған биринши елшиси Абат Файзуллаев (резиденциясы Римде жайласқан) усы мәмлекет басшылары - Капитан-регентлер Франческа Чиверкья ҳәм Далибор Риккардиға исеним жарлықларын тапсырды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Салтанатлы мәресимде Сан-Марино сыртқы ислер министри Лука Беккари шығып сөйлеп, аккредитациядан өткен елшилерди қутлықлады.
Министр Лука Беккари мәмлекетимиз басшысының басламасы менен елимизде алып барылып атырған кең көлемли экономикалық ҳәм демократиялық реформаларды, Өзбекстан ҳәм Сан-Марино арасындағы байланысларды раўажландырыўға қаратылған ҳәрекетлерди, соның ишинде, усы мәмлекетке биринши елшиниң тайынланыўын жоқары баҳалады.
Өзбекстанның ықлым ҳәм қоршаған орталық пенен байланыслы машқалаларға қарсы гүресиўде ҳәм турақлы раўажланыў жолында алып барып атырған ақылға уғрас сиясаты жоқары баҳаланды.
Сондай-ақ, өз-ара саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў, еки тәреплеме шәртнамалық-ҳуқықый базаны беккемлеў, көп тәреплеме бирге ислесиў бағдарында, атап айтқанда, БМШ ҳәм ЕҚБШ шеңберинде талабанлар ҳәм басламаларды өз-ара қоллап-қуўатлаў сыяқлы пайдалы шерикликти даўам еттириўге исеним билдирилди.
Өзбекстан ҳәм Сан-Марино арасындағы дипломатиялық қатнасықлар 2021-жыл 3-февральда орнатылған.
Еслетип өтемиз, Абат Файзуллаев 2023-жыл ноябрь айынан берли Өзбекстанның Италиядағы елшиси ҳәм Римдеги халықаралық шөлкемлер (ФАО, ҚХРХЖ, БООД) жанындағы турақлы ўәкили және 2024-жыл декабрь айынан баслап Өзбекстанның Кипрдеги елшиси сыпатында жумыс алып бармақта.
Абат Файзуллаев 2020-2023-жылларда Өзбекстанның Австриядағы ҳәм орынбасарлық тийкарында Венгриядағы елшиси болып ислеген. Ол бир ўақыттың өзинде Өзбекстанның Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми және Вена қаласындағы басқа да халықаралық шөлкемлер жанындағы турақлы ўәкили лаўазымында жумыс алып барған.