Ғәрезсизлик жыллары елимиз ушын тек сиясий ҳәм экономикалық емес, ал социаллық-руўхый, билимлендириў-тәрбия бағдарларында да миллий раўажланыўдың мақтанышлы 34 басқышы болды.

Миллет аталары қәдирлеген пазыйлетлер

Ғәрезсизлик бизге жоқары мақтаныш ҳәм руўхый қүдирет булакларын ашып берди. Дүнья халқы тән алып, ҳүрмет еткен Биринши ҳәм Екинши Ренессанс қаҳарманларын қайта таныдық. Цивилизциянын Әбиў Райхан Беруний, Әбиў Әлий ибн Сина, Махмуд Замахшарий, Мухаммед Хорезмий, Имам Бухарий, Әбиў Наср Фарабий, Әмир Темур, Мырза Улуғбек, Әлийшер Наўайы сыяқлы уллы инсанлардың санап, санағына жете алмаймыз.

 Бүгинги түсиниклер, өлшемлер менен салыстырсақ, олар дүнья турғанынша даңққа ийе. Буған аз ғана гүманы барлар усы күнлерде қурылып атырған Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайын барып көрсин. Оның сыйқырлы имараты, залларының саўлатынан таң қалыўы, бабаларымыздың адамзат цивилизациясына берген илимий ойлап табыўларынан руўхланып, мақтаныш пенен шығыўы анық. Бүгин әне усы уллы ата-бабаларымызды қанаатланыўшылық пенен еслеп, нәзеримизди жоқарыға - "Өзбекстан - 2030" деген ноқатқа қаратамыз. Себеби елимиздиң раўажланыўын жаңа басқышқа көтериў, уллы бабаларымызға мүнәсип күш-ғайрат көрсетиў нәўбети бүгинги ул-қызларымызға жетти.

Жасларда қандай пазыйлетлерди тәрбиялаў мәселеси бизде бәрқулла анық ҳәм әҳмийетли болып келген. Буған тарийхый мысал. Жаслар тәрбиясына "мәмлекетлик буйыртпа"сын өз заманының өзгешелигинен келип шығып, Әмир Темур былайынша белгилеп берген еди: "Тәжирийбемде көргеним, исенимли, исбилермен, қырағы, мәрт ҳәм жигерли бир адам мың илажсыз, бийпәрўа адамнан жақсырақ." Демек, өзине исенип тапсырылған жуўапкершиликли жумысларды орынлай алыўы ушын жасларда белгили бир пазыйлетлер қәлиплестирилиўи керек. Қәлиплестиргенде де теориялық емес, ал әмелий, жақсы, пайдалы минез-қулықларды көрсетип, үйретип, шынығыў талап етиледи. Себеби гөззал пазыйлетлер ҳаққында гөззал гүрриңлер айтылып, бирақ әмелиятта қолланылмаса, шынықтырылмаса, тек билим болып қала береди. Минез-қулыққа көшпейди, тәбиятына сиңбейди. Мине соның ушын Президентимиз Жаңа Өзбекстанның келешегин бүгинги санлы әўладқа тийисли ул-қызлардың пазыйлетлери менен байланыстырып, "Перзентлери билимли, саламат, мәрт ҳәм батыр, бәрқулла алға умтылып жасайтуғын халық ҳәм мәмлекеттиң келешеги, әлбетте, жарқын болады» деп атап өтеди.

XXI әсирдиң биринши шерегине келип, жаслардың компетенциялары, пазыйлетлери ҳәр қандай шахс, миллет, мәмлекеттиң табыс гилти екенлиги белгили болды. Бул пазыйлетлер жигит-қызлардың инсан капиталын қурайды. Жәмийеттиң раўажланыўы ушын руўхый күш, тийкар ўазыйпасын атқарады. Егер Президентимиз айтқан бес пазыйлетти ықлас ҳәм илим менен нәтийжели етип қәлиплестирсек, жасларымыз дүнья жүзилик ашылыўлар ислеўге уқыплы. Буның дәлийлин тез-тез көрип атырмыз да. Демек, бул бес пазыйлет бүгинги күнниң руўхый-әдеп-икрамлылық вакцинасы деп билип, балаларымыздың минез-қулқында көриўимиз шәрт. Ескише, яғный "үлкейсе, бир нәрсе болар," деген түсиник жараспайды. Әйне "ҳәзир ҳәм усы жерде," олардың қатнасында, кишигирим жумысларында, минез-қулқында, стартапларында усы пазыйлетлерди көрип, қәтержам болыўымыз керек. Өзбектиң "баланы - бастан" деген ҳикметли нақылы бизден соны талап етеди.

Инсан капиталы

Буның ушын зәрүр шараят, ҳуқықый тийкарлар жаратылған. Өзбекстан Республикасының жаңа редакциядағы Конституциясы, "Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында"ғы нызам, Сенат жанында Жаслар парламентиниң шөлкемлестирилгени буны дәлиллейди. Өзбекстан БМШтың "Жаслар - 2030" стратегиясын әмелге асырып атырған 10 мәмлекет қатарынан орын алды. Жаңа, заманагөй мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес бақша, мектеп, кәсип-өнер, профессионал билимлендириў мәкемелери, жоқары оқыў орынлары қурылды. Сырт мәмлекетлер жоқары оқыў орынларының филиаллары ашылды. Балаларымыз бүгин 200 ден аслам жоқары оқыў орнында тәлим-тәрбия алмақта.

Бабаларымыздан киятырған китапқа ҳүрмет дәстүри қайта тикленди. "Бес әҳмиетли баслама" жасларымызға қанат бағышламақта. Аймақларға барсаңыз, "Жас китапқумар" таңлаўының жеңимпазларын, оларға берилген "Президент саўғасы," деп жазылған жеңил автомобильлерди көрип, қуўанасыз.

Инсан қәдири артып, билими күшли, бирақ экономикалық имканияты шекленген шаңарақларға мәмлекет жәрдем қолын созды. Қызларымыздың оқыўы ушын берилген жәрдемнен миннетдар шаңарақлардың саны жыл сайын артып бармақта. Ата-аналар көзинде қуўаныш жаслары менен пәтия бермекте. Бул елимизде инсан капиталын арттырыў жоқары дәрежеге көтерилгенинен дәрек емес пе?!

Бул бийкарға емес. Президентимиздиң "Ҳәзирги заман ҳәм жаңа Өзбекстан" атлы китабын оқың. Китаптың 67-бетинде буның себеби ашып берилген. "Дүньядағы байлықтың 16 процентин өндирис қураллары, 20 процентин тәбийғый байлықлар ҳәм қалған 64 процентин адамлардың билим, көнликпе ҳәм уқыбы қурайды," делинеди китапта. Демек, жасларымыздың бүгинги билими ертең жаңа Өзбекстанның байлығына айланады. Себеби билим, көнликпе ҳәм компетенциялар монетизацияланады, капиталластырылады. Яғный билим өзиниң ийесин, ийесиниң ўатаны - Өзбекстанды бай етеди. Оның ушын перзентлеримиз ертең билими капитал келтиретуғын зор шыпакер, зор инженер, зор илимпаз, зор IT қәнигеси болып жетилисиўи керек. Усы мақсетте көтерилген "Билимлендириў - келешекке инвестиция" идеясы тийкарында дүньяның алдынғы 300 лигине киретуғын жоқары оқыў орынларында оқып атырған жасларға жеңиллетилген кредитлер берилмекте.

Енди Өзбекстан мектеплериниң оқыўшылары таңлаған кәсибине қарамастан, исбилерменлик компетенциясына ийе болып шығады. Буның ушын олардың исбилерменлик қәбилети илимий тийкарда анықланып, мақсетли қәлиплестириледи. Жас өспиримлер "Ағай, менде бир идея бар. Қоллап-қуўатлаң, өтинемен," деп қыйналып жүрмейди. Стартап жойбарлар мектеплерден басланып, идеяларды әмелге асырыў ушын 100 миллиард сумға шекем грант ажыратылатуғын болды. Бул илим тәрепинен қоллап-қуўатланады. Усы мақсетте Қори Ниязий атындағы Тәрбия педагогикасы миллий институты тәрепинен бизнес педагогикасы теориясы ҳәм методикасы ислеп шығылмақта.

 «Илим - тәрбия – инновация» шынжыры жаратылып атырғаны себепли 2024-жылы Өзбекстан жаслары алдынғы 500 ликтеги жоқары оқыў орынларына оқыўға кириў бойынша Орайлық Азияда 1-орынды ийеледи. Мағлыўматларға қарағанда, 1500 ден аслам қәбилетли өзбек ул-қызлары дүньяның абырайлы жоқары оқыў орынларында билим алмақта. Перзентлеримиздиң сапалы билим ҳәм миллий тәрбия алыўы, шет тиллерин үйренип, раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбесин үйрениўи, заманагөй кәсип-өнерлерди ийелеўи ушын зәрүр шараят жаратып берилмекте.

Өзбекстанның барлық тараўда ерисип атырған жетискенликлеринде мине усы жаслардың мүнәсип үлеси бар. Бул болса инсан капиталына жумсалып атырған инвестиция жемис бере баслағанын көрсетеди.

Буған қалай ерисилди?

2016 - 2025-жылларда Өзбекстанда жаслар сиясаты мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айланды. Жаслардың жәмийетлик турмыстағы белсендилигин арттырыў ушын көплеген ҳүжжетлер әмелиятқа енгизилди. 2017-жылы қабыл етилген "Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында"ғы нызам ул-қызлардың жәмийетлик-сиясий, экономикалық турмыстағы қатнасын кеңейтти. Сондай-ақ, "Жаслар - келешегимиз" қоры дүзилип, нәўқыран әўладтың бизнес жойбарларына финанслық жәрдем берилди. Сондай-ақ, жаслардың социаллық белсендилиги ҳәм бәнтлигин тәмийинлеў ушын мәмлекет бойлап жаслар орайлары шөлкемлестирилди.

Мектепке шекемги билимлендириў системасы ғәрезсизлик жылларында мәмлекетимиз сиясатының әҳмийетли бағдарларынан бирине айланды. 2017-жылы өз алдына министрлик шөлкемлестирилди ҳәм бул системада сезилерли өзгерислер әмелге асырылды. Мектепке шекемги билимлендириў бағдарламалары халықаралық стандартларға муўапықластырылды, тәлим-тәрбия процесине заманагөй педагогикалық технологиялар енгизилди.

Улыўма орта билимлендириў тараўы да реформалардың әҳмийетли объекти болды. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен 2017-жылдан баслап мектеплердиң материаллық-техникалық базасы беккемленди, 3000 нан аслам жаңа мектеп имараты қурылды ҳәм барлары капитал оңланды. Улыўма билим бериў мәкемелеринде заманагөй оқыў лабораториялары, компьютер класслары ашылды. 2018-жылдан муғаллимлердиң маманлығын арттырыў ҳәм материаллық қоллап-қуўатлаў бойынша өз алдына бағдарламалар турмысқа енгизилди. Соның менен бирге, улыўма орта билимлендириўдиң миллий оқыў бағдарламалары жаңаланып, санлы технологиялар кеңнен қолланыла баслады.

Жоқары билимлендириў тараўында мәмлекетте сырт ел университетлериниң филиалларын ашыў арқалы халықаралық бирге ислесиў кеңейтилди. Қабыллаў квоталары кескин арттырылып, жаслардың жоқары билим алыў имканиятлары жақсыланды. Жоқары билимлендириў мәкемелеринде кредит-модуль системасы енгизилип, билимлендириў процесин халықаралық стандартлар дәрежесине жақынластырыў илажлары көрилди. Сондай-ақ, жоқары билимлендириў мәкемелери профессор-оқытыўшыларының маманлығын арттырыў бойынша миллий ҳәм халықаралық бағдарламалар жолға қойылды.

Шешим - тәрбияда

2024-жыл 21-июньде Қори Ниязий атындағы Тәрбия педагогикасы миллий институтының шөлкемлестирилиўи перзентлеримиздиң тәрбиясына қаратылған жоқары итибар ҳәм ғамқорлықтың және бир үлгиси болды. Елимиздиң илим ғайраткерлери, педагог илимпазлар, устаз ҳәм муғаллимлер, ата-аналар, кең жәмийетшилик бул ўақыяны үлкен қуўаныш пенен күтип алды.

Тәрбия педагогикасы - өзине тән педагогикалық инжиниринг. Яғный, тәрбия процесин жойбарластырыў, моделлестириў ҳәм нәтийжели басқарыў бойынша инновациялық илимий-әмелий қатнас. Бунда тәрбия система сыпатында түсиниледи. "Инженерлик" тийкарында режелестириледи, балалар минез-қулқының қурамлық бөлимлери анықланып, өз ара байланысады ҳәм тәрбиялық нәтийже кепилликли белгиленеди. Бул болса Президентимиз жасларымыздан күтип атырған руўхый-әдеп-икрамлылық пазыйлетлерди: миллий мақтаныш, ўатансүйиўшилик, мийнет сүйгишлик, жуўапкершилик, тәртип-интизам, әдиллик, адамгершилик сыяқлы пазыйлетлерди илимий тийкарда өлшеў, баҳалаў ҳәм раўажландырыў имканиятын арттырады.

Жаңа институт өзиниң жаңа идеялары, басламалары менен шаңарақларға, бақша ҳәм мектеплерге кирип бармақта. Соның ишинде, халық арасында бақша ҳәм мектеп балаларын тәрбиялаў бойынша илимий, илимий-ғалабалық, ағартыўшылық әдебиятлар тийкарында педагогикалық китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў жолға қойылмақта. Ата-аналардың педагогикалық мәдениятын арттырыў мақсетинде "Миллий тәрбия ғәзийнесинен дүрданалар," "Ата-ана - тәрбияшы," балалар ушын "Қойын китаплары" ҳәм басқа да халықшыл тилдеги әдебиятлар жаратылды.

Президентимиздиң 2025-жыл 15-майдағы "Балалар ушын мөлшерленген миллий контентлерди жаратыў ҳәм оларды ғалаба ен жайдырыўды қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында"ғы қарары менен балалар контенти мәселесине айрықша итибар қаратылды. Усы қарар тийкарында Балалар контентин раўажландырыў орайы менен Қори Ниязий атындағы Тәрбия педагогикасы миллий институтының турақлы бирге ислесиўи жолға қойылды. Бул болса Президентимиз қарарында белгиленгениндей, балалар контентиниң тәлим-тәрбия нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған избе-из илимий-педагогикалық бирге ислесиўге нызамлы тийкар жаратты.

 Бүгинги мектепке шекемги, улыўма орта ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде өзликти аңлаў ҳәм ўатансүйиўшиликти раўажландырыўға қаратылған, бирден-бир, үзликсиз руўхый-ағартыўшылық тәрбия системасын жаратыў бағдарында жумыслар орынланбақта. Бул илимий-педагогикалық инновация да ғәрезсизлигимиздиң 34 жыллығына жаңа, технологиялық саўға болса, әжеп емес.

Қутлықлаўдағы меҳир

Усы жылы Жаслар күнинде Президентимиз жаслар менен ушырасты. Мәмлекетимиз басшысының қызғын қутлықлаўы ҳәр бир жигит-қыздың кеўлине илҳам бағышлады. Бул әпиўайы қутлықлаў емес, ал миллет атасының мәмлекет жасларына қаратылған исеним, жуўапкершилик ҳәм ўатанға муҳаббат ҳаққындағы жоқары шақырығы болды.

Президентимиз жасларға мүрәжат етип: "Жаңа тарийхты сизлер жазасыз. Жаңа Өзбекстанды сизлер қурасыз. Сизлер бизиң мақтанышымыз, арзыў-нийетимизсиз," деп атап өтти. Бул гәплер жаслар ушын тек ғана мақтаў емес, ал – жоқары исеним. Бул исенимди ақлаў ушын болса тек билим алыў жетерли емес. Ўатанды сүйиў, қорғаў, өз үстинде ислеў, халыққа пайда келтириў ең жоқары мақсет болыўы керек.

2025-жылдың 30-июнь күни Өзбекстанда жаслар сиясаты тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылатуғын күн болып қалады. Президентимиздиң қутлықлаўы ҳәр бир жастың қәлбинде "Мен киммен? Мен не ушын жасап атырман?" деген сораўларға жуўап таўып берди. Жасларымыз Президентимиздиң мына жалынлы сөзлерин қайта-қайта айтпақта: "Биринши ҳәм Екинши Ренессансты уллы алым ҳәм ойшылларымыз жаратқан болса, бүгин тарийх нәўбетти сизлерге бермекте. Сизлер барлық тараўларда мәмлекетимиз байрағын бәлент көтериўге уқыплы екениңизге исенемен. Сизлер - Жаңа Өзбекстан дөретиўшилери сыпатында жаңа тарийх жарататуғын алтын әўладсыз!".

Ғәрезсизликтиң 34 жыллығы Өзбекстан жаслары ушын раўажланыў жылы болды. Реформалар мәмлекеттиң келешегин тәмийинлейтуғын жасларды ҳәр тәреплеме жетик инсанлар етип тәрбиялаўға бай имканиятлар жаратты.

Муҳаммаджон ҚУРОНОВ,

Социаллық-руўхый изертлеўлер институты

директор орынбасары, педагогика илимлериниң докторы