баннер
24 Mar 2025
20:34

    Әндижан аэропорты турақлы рейслерди қайта тикледи

    Усы жылдың 20-март күни Әндижан халықаралық аэропорты «Silk Avia» авиакомпаниясының биринши US 601 жолаўшы рейсин қабыллады. Бортында 63 жолаўшы болған самолёт Ташкент ўақты менен саат 12:13 те қонды.

    Дәстүрге бола, самолёт суў аркасы менен, жолаўшылар болса гернай ҳәм сырнай сеслери астында күтип алынды.

    Алдын хабар берилгениндей, аэропорт рейслерди қабыллаўды баслады.

    Ҳәзирги ўақытта «Silk Avia» Ташкенттен Әндижанға АТР-72-600 самолётларында ҳәптесине еки мәрте сийшемби ҳәм пийшемби күнлери пәрўазларды әмелге асырады. Келешекте халықаралық рейслерди қайта тиклеў де режелестирилген.

    Еслетип өтемиз, 15-март күни аэропортта реконструкцияның биринши басқышы жуўмақланып, оның шеңберинде аэродром комплексиниң салмақлы бөлеги, соның ишинде, узынлығы 3300 метр ҳәм ени 60 метр болған 4Е категориясындағы жаңа ушыў-қоныў жолы, бир жүриў жолы ҳәм 3 самолёт тоқтаў орнына ийе перрон қурылысы жуўмақланды.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech