Бул ҳаққында Транспорт министрлиги мәлим етти.

Атап өтилиўинше, 2025-жыл 15-март күни Ташкент ўақты менен саат 10:30 да Әндижан халықаралық аэропорты “Uzbekistan Airways” авиакомпаниясының Ташкент-Әндижан жөнелиси бойынша биринши техникалық рейсин қабыллады.

Әндижан аэропорты аэродром комплексин толық реконструкциялаў ҳәм модернизациялаў мүнәсибети менен 2023-жыл 1-апрель күни жабылған еди.

Аэродром қапламасының элементлери - узынлығы 2985 метр ҳәм кеңлиги 44 метр болған ушыў-қоныў жолы, жүриў жолы ҳәм перроны узақ хызмет мүддети ҳәм төмен жүк көтериў қәбилети себепли реконструкцияланыўы талап етилген ҳәм көплеген түрдеги самолётларды қабыллаўда, сондай-ақ, заманагөй жақтыландырыў системасының жоқлығы себепли түнги ўақытта рейслерди қабыллаўда шеклеўлер бар еди.

Аэропортта реконструкцияның биринши басқышы жуўмақланды, оның шеңберинде аэродром комплексиниң салмақлы бөлеги, соның ишинде, узынлығы 3300 метр ҳәм ени 60 метр болған жаңа 4Е категориялы ушыў-қоныў жолы, бир жүриў жолы ҳәм 3 самолёт тоқтаў орнына ийе перрон қурылысы жуўмақланды.

Бул бир ўақыттың өзинде 10 ға шекем самолётқа перронда хызмет көрсетиў ҳәм түнги ўақытта және қолайсыз ҳаўа-райы шараятында самолётларды қабыл етиў имканиятын береди. Бул, өз гезегинде, Әндижан қаласы ҳәм Ферғана ойпатлығына қатнаўлар санын ҳәм жолаўшылар ағымын көбейтиў имканиятын береди.

Әндижан халықаралық аэропорты жақын арада турақлы жолаўшы рейслерин қабыл ете баслайды.