Алтыншы мәрте шөлкемлестирилип атырған ушырасыўға таярлық ҳәр жылғыдан да жедел, қалаберсе, пүткиллей жаңа дәрежеде. Барлық тараў ҳәм тармақ исбилерменлери менен ушырасыўлар, бизнес ўәкиллеринен келип түсип атырған мүрәжатлар, усыныс ҳәм басламалардың саны алдынғы жылларға салыстырғанда бираз жоқары.

Себеби елимизде жыл даўамында исбилерменлер менен ислесиў, турақлы қарым-қатнаста болыў, машқалаларына шешим табыў мәмлекетлик сиясаттың әҳмийетли бағдарына айланған, бул бағдарда анық система ислемекте. Ашықтан-ашық сөйлесиўге таярлық болса, мине, усы процесстиң тийкарғы бөлеги. Онда көтерилетуғын көпшилик мәселелердиң шешими бир неше исбилерменниң емес, ал пүткил тараў ҳәм тармақлардың раўажланыўына хызмет ететуғын тийисли пәрман ҳәм қарарларда сәўлеленеди.

Усыныс ҳәм басламалар мүрәжатлар тийкарында сайлап алынады. Усы жылдың 15-май сәнесинен баслап исбилерменлердиң мүрәжатлары менен ислесиў бойынша республикалық штабтың жумысы жолға қойылған. Оның қурамында 50 ден аслам министрлик ҳәм уйымның жетекши экспертлери ислемекте. Штабқа келип түсип атырған ҳәр бир мүрәжат тараўы, аймағы ҳәм машқала түрине қарап өз алдына классификацияланып, тийисли министрлик, уйым ямаса ҳәкимликлерге жибериледи. Олардың орынланыўы турақлы қадағалаўда.

Бизнес ўәкиллериниң мүрәжатларын жанлы тыңлаў системасы да жолға қойылған. Өзбекстан Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил (бизнес омбудсман) ҳәм Саўда-санаат палатасының басшылары штабта турақлы түрде исбилерменлерди қабыллаўлар өткермекте. Тараўлар кесиминде аймақлар бойлап ушырасыўлар, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллериниң қатнасыўында тиккелей сөйлесиўлер шөлкемлестирилмекте. Оларда ҳәр сапары қайсы да бир тараўдың исбилерменлери жыйналып, системалы машқалалар додаланбақта. Бизнес ийелери өз машқалаларын ортаға тасламақта, жуўапкерлерге өзлерин қызықтырған сораўлар менен мүрәжат етпекте. Жанлы сөйлесиўлер даўамында анықланған машқалалардың көпшилиги орнында шешилмекте, системалы мәселелер фундаментал шешимлер ушын орайлық штабқа қаратылмақта.

-Бүгинги күнге шекем республикалық штабқа 3,9 мыңнан аслам мүрәжат келип түскен болса, соннан 1 мың 800 ге шамаласы унамлы шешилип, қалғаны қатаң қадағалаў астында көрип шығылмақта, - деди Саўда-санаат палатасының баслығы Даврон Ваҳобов. - Мүрәжатларды қабыллаў, терең таллаў жумыслары қызғын даўам етпекте ҳәм санлар саат сайын артып бармақта. Бул бизнес ўәкиллериниң мәмлекет тәрепинен усыныс етилип атырған реформаларға болған жоқары исеними, системаның ҳуқықый кепилликлерин жаратыўдағы белсене қатнасыўын билдиреди. Тийислилик сезими жоқары, соның ушын, ашықтан-ашық сөйлесиў алдынан өткерилип атырған ушырасыўларда жыл сайын унамлы динамика бақланбақта. Исбилерменлер бүгин мәмлекетимиздиң экономикалық раўажланыўының тийкарғы ҳәрекетлендириўши күшине айланғанын сезинип, реформалардың орайында болыўға умтылып атырғаны қуўанышлы.

Бүгинги күнге шекем жуўапкер шөлкемлер ҳәм уйымлар тәрепинен орынларда 1200 ден аслам ашық ушырасыў шөлкемлестирилген болса, оларда 21 мыңнан аслам исбилермен қатнасқаны буны айқын дәлиллейди. Олар тек ғана қатнаспай атыр, анық басламаларды алға қоймақта, атап айтқанда, бул ушырасыўларда 8 мыңға шамалас усыныс билдирилди. Ҳәзирги ўақытта экспертлер топары исбилерменлерден түскен 193 ең әҳмийетли системалы мәселени ҳәр тәреплеме үйренбекте. Олар ҳәр қыйлы тараўлар, атап айтқанда, сыртқы экономикалық жумыс, салық системасын әпиўайыластырыў, инфраструктура, өндирис майданлары, финанслық жәрдем ҳәм транспорт бағдарларындағы машқалаларды өз ишине алады. Аймақлар кесиминде ең жоқары белсендилик Ташкент қаласында бақланып, исбилерменлерден 494 мүрәжат қабыл етилген. Кейинги орынларда ең көп мүрәжатлар Қашқадәрья ҳәм Самарқанд ўәлаятларындағы штаблар базасына келип түскен.

Ҳуқықый қорғаўдың жаңа дәрежеси

Ашықтан-ашық сөйлесиў деген сөз ўатанласларымызға таныс, соңғы ўақытлары болса тез-тез тилге алынып атырған атамаға айланды. Буннан алты жыл бурын мәмлекетимиз басшысының исбилерменлер менен биринши ашықтан-ашық сөйлесиўи шөлкемлестирилгенде көпшилик бул сөздиң әҳмийетин, ушырасыўдың мәнисин жақсы түсинбеген еди. Исбилерменлердиң өзлери де бул сөйлесиў олардың жумысындағы ең әҳмийетли процесске айланатуғынын көз алдына келтире алмайтуғын еди. Ушырасыўда айтылған ҳәр бир машқалаға шешим берилип, басламалар избе-из әмелге асырыла баслағаннан соң болса исбилерменлер кейинги ашық сөйлесиўди интизарлық пенен күтетуғын болды. Себеби енди ҳәр бир тараўдағы машқалаларға исбилермен көзи менен қаралип, тараў ўәкиллерин қыйнап атырған мәселелер олардың өзинен тыңланбақта. Усы тийкарда оларды разы ететуғын, қуўандыратуғын шешимлер берилмекте.

Президенттиң исбилерменлер менен ушырасыўы дүнья әмелиятында бақланбайды. Мәмлекетимиз тәжирийбесинде болса бул әллеқашан жақсы дәстүрге айланды. Сөйлесиўдиң бул ашық ҳәм еркин усылы мәмлекет ҳәм бизнес арасындағы конструктивлик байланысты беккемлеў менен бирге тараўларға байланыслы системалы мәселелерди жедел анықлаў, оларға нәтийжели ҳуқықый шешимлер ислеп шығыў, бул арқалы исбилерменлик орталығын және де жақсылаўда тийкарғы механизм ўазыйпасын атқармақта.

Әйне усы платформа арқалы жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаўға қаратылған системалы реформалар турмысқа енгизилмекте. Мәселен, өткен жылғы сөйлесиў жуўмақлары бойынша хызмет көрсетиў ҳәм туризм тараўларын раўажландырыўға қаратылған жаңа бағдарламалар иске қосылып, мийманханалар қурыў ушын ажыратылатуғын бес мың гектар жер майданында участкалық төлемлерсиз ҳәм кейин ала сатып алыў ҳуқықы менен мәмлекетлик бирге шөлкемлестириў енгизилди. Инвесторлар ушын жети жыллық жеңиллетилген кредитлер, таяр объектлерди модернизациялаў ушын субсидиялар, аймақлық мийманханалар ушын салық жеңилликлери және шаңарақлық мийман үйлери ушын еки есеге арттырылған лимитлер усынылды.

Билимлендириў тараўында социаллық салық ставкасы азайтылып, медицинада медицина кластерлерин шөлкемлестириў ушын узақ мүддетли кредитлер ажыратылды. Салық ҳәкимшилиги ҳәм бизнестиң ҳуқықый қорғалыўы тараўындағы түпкиликли реформалар тәртипке салыў жүгин сезилерли дәрежеде азайтып, айланба қаржыларды босатыў имканиятын берди. Атап айтқанда, пайда салығы бойынша аванс төлемлериниң шегарасы арттырылды, қосымша қун салығына (ҚҚС) өтип атырған компаниялар болса бир мүддетке пайда салығы ҳәм жол қойылған қәтелер ушын жәриймаларды төлеўден азат етилди.

Тараўда "Бизнести 15 минутта баслаў" принципи енгизилди. Бул бизнести баслаўда үлкен қолайлық болып, дизимнен өтиў ҳәм есап бет ашыў процесслерин "бир айна" режиминде толық автоматластырды. "Ашық банкинг" стратегиясы ҳәм санлы инвестиция платформасы болса капиталға болған жолды және де аңсатластырды.

- Мақсет исбилерменликти раўажландырыў менен бирге, оның ҳуқықый қорғалыўын жаңа дәрежеге алып шығыўға қаратылған, - дейди Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил Абдуманноп Бўриев. - Сонлықтан, тийкарғы итибарымызды исбилерменлердиң ҳуқықлары бузылыўының алдын алыўшы ҳәм системалы машқалаларды ерте анықлаўшы проактив механизмлерге тийкар жаратыўға қаратқанбыз. Енди мүрәжатларды қабыллаў менен шекленип қалмастан, санластырыў ҳәм платформаларды интеграциялаў арқалы қәўип-қәтерлерди алдыннан сапластырыў тәртибин қәлиплестирип атырмыз. Күтилип атырған ашықтан-ашық сөйлесиў алдынан өткерилип атырған жанлы сәўбетлер, оларда бизнес ўәкиллериниң белсендилиги бизге исбилерменлик орталығын санлы технологиялар жәрдеминде исенимли қорғайтуғын кең көлемли қуралларды ислеп шығыўда үлкен жәрдем бермекте.

Ким қандай мәселени көтерип атыр?

Мәмлекетимизде киши исбилерменлик субъектлериниң саны 1,2 миллионнан асты. Олар тек ғана саны емес, ал көлеми жағынан да экономикамыздың ҳақыйқый тийкарына айланды. Шаңарағында киши бизнес ашып, жумыс алып барып атырған ҳәр бир адам, ҳеш болмаса өзи ҳәм шаңарағын бәнтлигин тәмийинлеп, исбилерменлик арқалы турмыс кеширип атыр. Оның жумысы кеңейип, қосымша жумыс орынларын жаратыўы болса аймақлардың раўажланыўына, мәмлекет экономикасына үлес болып қосылады.

Ашықтан-ашық сөйлесиў алдынан мүрәжат жоллап атырған исбилерменлердиң көпшилиги киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери. Олар мәселени ортаға қойыў арқалы машқала көтериў емес, ал өзин қыйнап атырған жағдайға шешим табыў, жумысын және де кеңейтиў, усы тараўда раўажланып, үлкен исбилерменге айланыў, жүзлеген, мыңлаған жумыс орынларын жаратыўды мақсет еткен. Сондай болып та атыр. Мағлыўматларға қарағанда, алдынғы ашық сөйлесиўлерде ортаға тасланған жүзлеген басламалар турмысқа енгизилиўи артынан қосымша қун шынжыры қатнасыўшыларының саны 26 мыңға көбейип, мыңлаған кәрханалардың жумыс пәти жанланған.

Бул тек ғана санлар емес, әмелде де нәтийжелерге тиккелей гүўамыз. Мине, усы исеним бүгин исбилерменлерди мүрәжатлар жоллаўда белсенди болыўға, анық усынысларды алға қойыўға, өз машқалаларын қорықпай, исенимли айтыўға ийтермелемекте.

- Еки жылдан берли ири маркетплейслерде саўда ислеп киятырман, - дейди Ташкент қаласындағы исбилермен Абдумутал Абдуғаниев. - Ҳәзир онлайн саўдалар бираз раўажланған ўақыт. Әсиресе, кейинги жыллары Өзбекстан базарында бул бағдар жақсы қәлиплесип, жаңа қатнасыўшылар кирип келди. Сырт ел платформалары да елимизде жаратылған еркин исбилерменлик орталығы себепли биймәлел жумыс алып бармақта. Бул тутыныўшылар ушын да, биз сыяқлы исбилерменлер ушын да үлкен таңлаў имканияты. Себеби талап артқан сайын саўда көлеми өсип барады. Бирақ айырым машқалалар жоқ емес. Мәселен, сатылған товарлардың пулын жүдә узақ мүддетлерде алыўға туўра келеди. Бул дерлик барлық серверлерде ушырасады. Товарымды сатып алған қарыйдар оны он күн ишинде алып кеткеннен кейин қаржы 14 күнде есап бетиме түседи ҳәм оны және 14 жумыс күнинде шешип алыўым мүмкин болады. Бул жүдә узақ мүддет. Исбилерменлер менен өткерилген сөйлесиўде мине усы мәселени көтерип, жуўапкерлерден шешим сорадым. Басқа исбилерменлер де өзлерин қыйнап атырған машқалаларды ортаға тасламақта. Себеби ҳәр сапары ушырасыўларда бизден машқала, усыныс ҳәм басламалар тек ғана соралмайды, олардың әмелий шешимлерин әмелиятта көрип келмектемиз. Ҳәттеки, исбилерменде машқала жүзеге келгенде, дәрҳал жуўапкер шөлкемлерге мүрәжат етип, шешим сораўы әдеттеги жағдайға айланды.

Мүрәжатларды қабыл етиўден мақсет санларды жыйнаў емес, ал ҳәр бир мүрәжаттың артында турған исбилерменниң машқаласын шешиў, нызамлы ҳуқықларын тиклеў болып есапланады. Атап айтқанда, быйылғы мүрәжатлар шеңберинде “I.Z.” ЯТТның жер майданына байланыслы мәселеси унамлы шешилген болса, “K.S.I.” ЖШЖның қурылыс-оңлаў жумыслары бойынша жүзеге келген 470 миллион сум қаржыға байланыслы мәселе тийисли тәртипте шешимин тапты ҳәм т.б. Жуўапкерлердиң қатнасыўында өтип атырған ашық сөйлесиўлердиң және биринде янгиқўрғонлы исбилермен Гулчирой Исоқова жасаў аймағында шарўашылық пенен шуғылланатуғынын мәлим етип, жумысына тосқынлық етип атырған мәселеде жуўапкерлерге мүрәжат етти.

- Фермер хожалығымыздың тийкарғы бағдары шарўа малларын бағыў болып есапланады, - дейди Г.Исакова. - Исбилерменлер менен өткерилген ушырасыўда судтың жумысыма байланыслы шығарылған қарары елеге шекем тәмийинленбегенин айттым. Жуўапкерлер мәселени көрип шығыў ушын ўақыт керек екенлигин билдирди. Егер усы мәселе шешилсе, фермер хожалығымызды басқа тармақлар бойынша кеңейтип, жаңа жумыс орынларын жаратпақшымыз.

Бүгин машқаласы шешилген исбилермен ертең өзине исеним менен, исенимли ҳәрекет ете баслайды. Нызам қорғаўын сезинип, жумысын кеңейтеди, нызамсыз ҳәрекетлерден тыйынады. Кем-кемнен жеке машқалалардан тысқары системалы усынысларды бере баслайды. Мүрәжатлар арасында мине усындай усыныслар да көп. Олардың көлеми қаншелли кең болса, Президентимиздиң исбилерменлер менен гезектеги ашықтан-ашық сөйлесиўинде сонша үлкен өзгерислерге жол ашылады.

Ҳәзирги ўақытта мүрәжатларды 1100 ҳәм 1094 қысқа номерли колл-орай, business.gov.uz ҳәм my.chamber.uz/ochiqmuloqot/oz платформалары, телеграмдағы @biznesombudsmanrasmiybot ҳәм @ochiqmuloqot2026_bot арқалы 24/7 режиминде қабыл етиў даўам етпекте. Барлық исбилерменлер өзин қыйнап атырған мәселелер, усыныс ҳәм басламаларды белсене билдириў арқалы болажақ ашықтан-ашық сөйлесиў күн тәртибин қәлиплестириўде қатнасыўы мүмкин.

 

Ирода ТОШМАТОВА,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы