баннер
15 Mar 2025
13:38

    Автобуста нақ пул төлегенлер жәриймаға тартылыўы бийкар етилди

    Ташкент қаласында усы жылдың 1-январынан баслап, автобуслар салонында нақ пул қабыл етиў әмелияты тоқтатылды.

    Транспорт министрлигиниң мәлим етиўинше, социаллық тармақлар арқалы Ташкент қалалық автобус жөнелислеринде нақ пулда төлеген жолаўшылар жәриймаға тартылатуғыны ҳаққында тийкарсыз мағлыўматлар жайластырылмақта.

    Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 144-статьясында жолаўшының троллейбуста, трамвайда, қала ишинде ҳәм қала әтирапында қатнайтуғын автобуста билетсиз жүриўи - БЕМниң оннан бир бөлеги муғдарында жәрийма салыўға себеп болатуғыны белгиленген, - делинеди хабарда.

    Жолаўшылардың ўақтын ҳәм қаржысын үнемлеў ушын автобусларда жол ҳақысын 1700 сумға электрон төлем түрлери, яғный:

    - Банк карталары,

    - Мобил қосимшалар ҳәм

    - АТТО транспорт ҳәм виртуал карталар арқалы әмелге асырыўы усыныс етиледи.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech