Транспорт министрлигиниң мәлим етиўинше, социаллық тармақлар арқалы Ташкент қалалық автобус жөнелислеринде нақ пулда төлеген жолаўшылар жәриймаға тартылатуғыны ҳаққында тийкарсыз мағлыўматлар жайластырылмақта.

Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 144-статьясында жолаўшының троллейбуста, трамвайда, қала ишинде ҳәм қала әтирапында қатнайтуғын автобуста билетсиз жүриўи - БЕМниң оннан бир бөлеги муғдарында жәрийма салыўға себеп болатуғыны белгиленген, - делинеди хабарда.

Жолаўшылардың ўақтын ҳәм қаржысын үнемлеў ушын автобусларда жол ҳақысын 1700 сумға электрон төлем түрлери, яғный:

- Банк карталары,

- Мобил қосимшалар ҳәм

- АТТО транспорт ҳәм виртуал карталар арқалы әмелге асырыўы усыныс етиледи.