"Автомобил жоллары ҳаққында"ғы нызам жаңа редакцияда қабыл етиледи

    14 мамыр 2025 461

    Буннан дерлик 20 жыл бурын қабыл етилген "Автомобил жоллары ҳаққында"ғы нызам ҳәзирги заман талапларына жуўап бермейди. Кейинги жыллардағы реформалар, бүгинги әҳмийетли мәселелер онда сәўлелендирилмеген.

    Бул ҳаққында кеше Президент Шавкат Мирзиёев жол хожалығындағы жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм режедеги жойбарлар бойынша презентация менен танысыў ўақтында айтып өтилди.

    Мәжилисте атап өтилиўинше, бул нызам жаңа редакцияда ислеп шығылмақта. Онда, соның ишинде, "автомобиль жолларын режелестириў" механизмин енгизип, жол инфраструктурасын халықтың ҳәм экономиканың өсип баратырғанын есапқа алған ҳалда раўажландырыў нәзерде тутылмақта.

    Жолларды жойбарластырыўда халықтың пикири ҳәм қоршаған орталыққа тәсирин есапқа алыў және пиядалар ушын тосқынлықсыз орталықты жаратыў бойынша қатаң талаплар орнатылмақта. Коммуникация тармағын қурыўда жолдың бурынғы жағдайын тиклеў қәрежетлерин қаплаў шәрти киргизилмекте.

    Төлемли жоллардың ҳуқықый тийкарлары, ажыратылған ҳәм жол бойы аймақларында хызмет көрсетиў имаратларын жайластырыўға байланыслы талаплар белгиленбекте. Жолларда үлкен көлемли ҳәм аўыр салмақлы транспорт қуралларының ҳәрекети тәртипке салынады.


    No date selected
    July 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates