Мәмлекетимиз басшысы усы жылы 15-май күни мектеп билимлендириўи системасындағы реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде де билимлендириўдиң шексиз әҳмийетине және бир мәрте итибар берди: “Дүньяда дәлиллеўди талап етпейтуғын бир ҳақыйқат бар: ҳәр қандай мәмлекеттиң раўажланыўы саламат ҳәм билимли әўладқа байланыслы. Соның ушын, жаңа Өзбекстанды қурыў жолында саламат, билимли, терең пикирлейтуғын ҳәм ўатансүйгиш жасларды тәрбиялаў ушын барлық шараятларды жаратыўымыз шәрт ҳәм зәрүр“.

Бул гәплер қағазда жазылған әпиўайы баянат емес, ал әмелде турмысқа енгизилип атырған процесс. Бүгин ҳәр биримиз билимлендириўдиң әҳмийетин өз турмысымыз мысалында аңлап бармақтамыз.

Ҳәр бир бала дүньяға келер екен, оның менен бирге жаңа арзыўлар, үмитлер ҳәм умтылыслар туўылады. Бул әрманлар ҳәмийше абадан, үмитли турмысқа бағышланған болады. Бүгинги бала — ертеңги журт ийеси. Ол қалай пикирлейди, нени қәлейди, нени қәдирлейди — усы арқалы ертеңги жәмийет қәлиплеседи.

Кимдур “улым шыпакер болсын“, “қызым муғаллим болсын“, дейди. Басқалар болса “өзин тапсын, адам болсын“, деп әрман етеди. Бирақ қайсы жолды таңласа да, ҳәр бир баланың келешеги билим менен байланыслы. Билимлендириў тек мектеп сабақлары емес, ал пикирлеў, аңлаў, өзин-өзи ашыў процеси есапланады. Ол арқалы бала өмирде өз орнын табады, жәмийет болса беккем тийкарға ийе болады.

Илим ҳәм ағартыўшылық болмаған жерде раўажланыў ҳаққында сөз етиў шөлистанда бағ жаратыўға урыныў менен тең. Билимлендириў тек жеке раўажланыў емес, ал жәмийеттиң ҳәр бир қатламын қамтып алыўшы социаллық ҳәрекет күши болып есапланады.

Жақында аўылға бардым. Ол үш тәрепинен таўлар менен қоршалған, район орайынан 30 шақырым ишкериде жайласқан. “Яқ, заманнан үзилип қалған“, деген пикирди айтпақшы емеспен. Бәлким, бүгин балалардың жартасларға урылып, сәўлеси шағылысып атырған қышқырықларында, бабалардың гүрриңлеринде жаңа көзқараслар тамыр жайып атыр. Кишкене аўылда еки мәмлекетлик бақша, және бир неше жеке меншик бақша қурылып, балалардың билим алыўында беккем тийкар болмақта.

Енди балалар адыр бойлап қой-қозының изинен жүргени емес, ал ықшам бақша бөлмелеринде билим алып атырғаны адамды қуўандырады. Жыллар даўамында ойпатлықтағы майданды шаңғытып, топ артынан қуўып жүрген балалар бүгин дүнья минберлеринде аты тилден түспейтуғын футболшыларымыздың избасарлары болып тәрбияланбақта. Бир сөз бенен айтқанда, бүгин миллет көлеминде адамлардың дүньяқарасында, сана-сезиминде бурылыс басланды.

Бир сәўбетте аўылда көп жыллардан берли адамлардың малын бағып киятырған Ярмат шопанның генже баласы Америкадағы абырайлы университеттен грант утып, оқыўға кеткени ҳаққында еситтим.

Бундай хабарлар бүгин көпшилик ушын әдеттегидей болып қалған сыяқлы көриниси мүмкин. Себеби, ҳәзир өзбек жасларының сырт елде оқыўы, халықаралық таңлаўларда қатнасыўы ямаса грант жеңип алыўы таң қаларлық жағдай емес. Бирақ мәселениң түбине тереңирек нәзер тасласақ, бул пүткил өмирин аўылда шарўа бағыўға бағышлаған, ең баслысы пайтахтқа барып келген ямаса бурынғы дүзим дәўиринде армия хызмети себепли сырт елди көрген әпиўайы инсан ушын пүткиллей басқа дүнья, басқа өмир, басқа сезим.

Аўа, бир ўақытлары бала әкесинен “Аға, мен ким боламан?” деп сораса, көпшилик әкелер бул сораўға жуўап таба алмайтуғын еди. Себеби сораў келешек ҳаққында еди, ал адамлар тиришилик ҳәм турмыс қыйыншылықларына батып қалған, билим алыў әрман емес, артықша қәрежет еди. Ким болыўы әҳмийетли емес еди — тийкарғысы, бала ислеп, пул тапса, бир әмеллеп қара қазан қайнаса болғаны сыяқлы көрилетуғын еди. Көп шаңарақлар ушын илим турмысты жақсылаў жолы емес, ал узақ ҳәм жетип болмайтуғын жол сыяқлы көринетуғын еди.

Ақыбетинде мыңлаған жаслар өз арзыў-нийетлерин сырт ел менен байланыстырды. Жат журт босағасынан журтқа бийқарар тигилген көзлерде ана ўатан сағынышы, жақынларының қәдири ҳәм оған ҳәр қәдемде уқтырылып атырған мәрдикарлық тамғасы тыным бермес еди. Бул жақта баласы қолына қарап турған ата-аналар, өмири әкесиниң жолын аңлып, сағыныштан көзлери жасланған балалар.

Бүгинги күнге шекемги жолда қаншадан-қанша заманласларымыз өз өмир жолын өзге журтларға бурып жиберди. Дурыс, олардың көпшилиги пул таўып, жай қурды, той берди. Бирақ бул жол өзгермеди.

Белгили авар шайыры Расул Гамзатовтың бир гәпи бар: “Ҳәр бир адам балалығынан өз халқының ўәкили болыў ушын дүньяға келгенин билиўи ҳәм усы мақтанышлы ўазыйпаны мойнына алыўға өзин таярлаўы керек“. Еки қатарға сыйған бул гәпти бүгин ҳәр бир адам өзине берип көриўи керек. Тәрбия артында пүткил миллет тәғдири жатады, дейди. Айтайық, өмириниң қандай да бир бөлегин Россияның қалың тоғайларында терек кесиўге сарыплаған, балаларын бир жылда бир көриўге мәжбүр болған әкениң перзентлери алдындағы қарыздарлығын ҳеш нәрсе менен ақлап болмайды. Бундай жағдайда материаллық себеплерге де орын қалмаса керек.

Бүгин ески көзқараслар, түсиниклер өзгерди. Адамлар көз ашты. Билимлендириў енди қаржы емес, инвестиция сыпатында көрине басланды. Себеби раўажланыў биринши гезекте инсан санасында жүз береди — пикир өзгерсе, турмыс өзгериўи басланады.

Буны биз мектеп ямаса университет дийўалларын жаңалаў емес, ал инсанның пүткил дүньяқарасын жаңалаўға қаратылған процесс, деп те билиўимиз мүмкин. Ең тийкарғы өзгерис де мине усы — адамлардың санасындағы тосқынлықлар үзилип атыр. Енди көплеген ата-аналар перзентиниң қызығыўшылығына, талантына қулақ тутпақта. “Ким болсаң да, бирақ өзиңе исен!” деген идея күнделикли турмыста көзге тасланбақта. Келешекти мийнетте емес, билимде көре баслағанлардың саны артып бармақта.

Бул өзгерислерди билимлендириў системасының ең биринши буўыны — мектепке шекемги билимлендириўден баслап сезиў мүмкин. Бүгин балалардың 70 проценттен асламы бақша билимлендириўи менен қамтып алынған. Соңғы 7 жылда мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи ушын қаржы 7 есеге арттырылған. Бул жәмийетте жүз берип атырған үлкен бурылыслардан дәрек береди.

Бурынлары аўыл баласы азанда мал артынан шығып, кеште шаршап үйге қайтар еди. Атасы ҳәм кемпир апасының ертеклери менен өседи, мектепке альфавитти билмей барады. Ақыбетинде билимде үзилис, дүньяқараста тарлық жүзеге келетуғын еди. Бүгин болса ҳәттеки шетки аймақларда да мәмлекетлик ҳәм жеке меншик бақшалар ашылып, балалар 3-4 жасынан шет тиллерин, заманагөй көнликпелерди өзлестирмекте.

Усы тийкарғы көпир арқалы олардың әрманы басқа әмелге айланбақта. Ҳәр бир балаға имканият жаратыў арқалы тек ғана оның емес, ал пүткил мәмлекеттиң тәғдирин өзгертиў идеясы алға қойылмақта.

Бүгинги күнде елимизде университетлер көбейип, заманагөй билимлендириў орынларының саны артып бармақта. Бурынғыдай “парасыз кире алмайды“, деген түсиниклер артта қалды. Билимлендириў тең ҳуқық, ашық-айдынлық мәканына айланды.

Балалар халықаралық пән олимпиадаларында қатнасып, елимиз байрағын бәлент көтермекте. Олардың жетискенликлери тек ғана мақтап жазылатуғын нәтийже емес — басқаларға да руўхый таяныш болмақта. Китапқумарлық мәденияты қайта тикленбекте, дебатлар, интерактив оқытыў усыллары билимлендириўди инсан орайында көрип атырған системаны жаратпақта.

Билимлендириў — әпиўайы сабақ емес. Ол инсан ой-пикирин оятыўшы күш, өзин-өзи аңлаўға жетелеўши нур. Тәлим балаға жазыўды, есаплаўды емес, ал ойлаўды, гүманланыўды, соңынан исениўди үйретеди. Ол әрманларды қанатландырады. Билим бар жерде теңлик бар. Билимлендириў бар жерде имканият бар. Ең әҳмийетлиси, билимлендириў бар жерде әдиллик бар.

Балалардың илимге мүнәсибети ҳәм оларға жаратылып берилип атырған имканиятлар арқалы жәмийеттиң абаданлығы, мәденияты ҳәм руўхый жетиклиги қәлиплеседи. Ҳәр бир бала мектепке шекемги билимлендириўден баслап жетерли тәрбия ҳәм заманагөй билим алса, ол өз қәбилетине исенетуғын, еркин пикирлейтуғын, ўатансүйиўши пуқара болып жетиседи. Бул болса тек ғана бир шаңарақ, бир адам тәғдирине емес, пүткил миллет тәғдирине тәсир көрсетеди.

Бүгин билимлендириў тараўындағы реформалар жас әўладтың руўхый-ағартыўшылық тийкарын жаратыўға хызмет етпекте. Аўылдағы бақшалардан баслап халықаралық университетлерге шекем жол ашылып атырған екен, бул мәмлекеттиң келешекке инвестициясы, миллеттиң өз перзентине исеними, ең әҳмийетлиси, инсан қәдирин тән алыўы болып есапланады.

Балаларға берилип атырған ҳәр бир сабақ, ҳәр бир руўхый тәрбия миллеттиң ертеңги раўажланыўы, ғәрезсизлиги ҳәм турақлылығы ушын тийкар жаратады. Соның ушын, ҳәр бир жәмийет өз келешегин тек ғана балалардың бүгинги билим алыўы менен тәмийинленгенин көриўи, олар арқалы өзиниң бахты ҳәм табысын қурыўы зәрүр.

Соның ушын бүгин билимлендириўге қаратып атырған итибарымыз арқалы биз келешекти, инсанды, миллетти қайта жаратып атырмыз. Себеби ҳәр бир баланың әрманында пүткил жәмийеттиң келешеги жасайды.


Сардор ТОЛЛИБОЕВ,

“Янги Ўзбекистон“ хабаршысы