Бирақ тарийх тәжирийбеси соны көрсетеди, раўажланыў, бәринен бурын, мәмлекеттиң өзин аңлаўы, дүньядағы өзгерислерге мүнәсибети ҳәм келешекке қандай философияны таңлаўы менен белгиленеди. Мәмлекетимиз басшысы 2-февраль күни Наўайы халықаралық аэропортының жумыс нәтийжелилигин арттырыў ҳәм авиация кәрханаларын трансформациялаў бойынша презентация менен танысыўда да бул тараўдағы жумысларға жаңаша қатнасты алға қойды.

Авиация тараўы заманагөй дүньяда әллеқашан әпиўайы транспорт тармағы емес. Ол мәмлекеттиң ҳәрекет тезлиги, ашық-айдынлық дәрежеси, технологиялық потенциалы ҳәм басқарыў мәдениятын көрсететуғын айнаға айланған. Қайсы мәмлекет авиацияны раўажландыра алса, сол мәмлекет экономикалық мәканда белсенди, сиясий майданда исенимли ҳәм инсан капиталы жағынан бәсекиге шыдамлы болады. Сонлықтан, пуқаралық авиация кәрханаларын трансформациялаў мәселеси мәмлекет экономикасының айрықша тараўы емес, ал миллий раўажланыў стратегиясының ажыралмас бөлеги болып есапланады.

Пуқаралық авиация кәрханаларын трансформациялаў процесинде мәмлекет тек ғана нәтийжелиликти арттырыўға емес, ал халықаралық стандартларға сәйкес, бәсекиге шыдамлы ҳәм тийкарғы ўазыйпалар тийкарында жумыс алып баратуғын системаны қәлиплестириўге умтылмақта. Бул процесс арқалы мәмлекетлик кәрханалар өзиниң финанслық турақлылығын тәмийинлеў менен бирге инновацияларды қабыл етиў, кадрлардың маманлығын арттырыў ҳәм санластырыў сыяқлы әҳмийетли мәселелерде де алдынға шығады. Усы мәнисте авиация трансформациясы бүгинги күнде миллий экономикалық ҳәм стратегиялық мәселелерди шешиўде әҳмийетли факторға айланып бармақта.

Презентацияда пуқаралық авиация кәрханаларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў ҳәм финанслық турақлылықты тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылғаны бийкарға емес. Бүгинги күнде нәтийжелилик ҳәр қандай реформаның орайлық түсинигине айланды. Мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалар нәтийжесиз ислесе, бул экономикалық жоғалтыўларға және жәмийетте мәмлекетке исенимниң төменлеўине де алып келеди. Усы көзқарастан, қәрежетлерди қысқартыў ҳәм ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўға қаратылған илажлар мәмлекетлик басқарыўда жаңа экономикалық ой-пикирдиң қәлиплесип атырғанын көрсетеди. Бул болса тек ғана экономикалық нәтийже ушын емес, ал мәмлекетлик кәрханаларды базар нызамлары тийкарында нәтийжели ҳәм есаплы түрде жумыс алып барыўға таярлаў дегени. Қоллап-қуўатлаў хызметлери нәтийжели басқарылғанда, тийкарғы жумысқа итибар күшейеди ҳәм жумыс сапасын арттырыў имканияты пайда болады. Усы жол менен мәмлекет тек ғана қәрежетлерди қысқартып қоймастан, ал корпоратив мәденият ҳәм есап бериў принциплерин де беккемлейди.

Бул жерде гәп тек ғана үнемлеў ямаса есап-санақ ҳаққында емес. Бунда мәмлекетлик кәрханаларды базар нызамлары тийкарында ислейтуғын, нәтийже ушын жуўап беретуғын ҳәм өзиниң финанслық турақлылығын еркин тәмийинлей алатуғын институтларға айландырыў мақсети жатады. Бундай қатнас мәмлекеттиң экономикадағы ролин қайта белгилеп, ҳәкимшилик қадағалаўдан стратегиялық бирге ислесиў моделине өтиўди аңлатады.

Энергия үнемлеўши технологияларды енгизиў ҳәм электр энергиясында ҳәрекетленетуғын арнаўлы транспорт қуралларынан пайдаланыў арқалы эксплуатация қәрежетлерин азайтыў мәселеси терең мәниге ийе. Себеби бүгин раўажланыў тек ғана экономикалық нәтийже менен емес, ал экологиялық жуўапкершилик пенен де өлшенеди. Қоршаған орталыққа мүнәсибет мәмлекеттиң келешек әўлад алдындағы әдеп-икрамлылық позициясын белгилейди. Авиация тараўында "жасыл" технологияларға өтиў ҳәзирги күнниң мәплерине емес, ал узақ келешекке қаратылғанын көрсетеди.

Усы жылдан баслап “Uzbekistan Airways” ҳәм “Uzbekistan Airports” акционерлик жәмийетлери тәрепинен тараўлық емес жумысты қаржыландырыў тоқтатылатуғыны мәмлекетлик басқарыўда анық тийкарлар белгиленип атырғанынан дәрек береди. Бул авиация кәрханалары өз итибарын тийкарғы ўазыйпасына, яғный қәўипсиз, сапалы ҳәм бәсекиге шыдамлы хызмет көрсетиўге толық қаратыўы керек болады. Жумысты “Uzbekistan Airports” 18 ҳәм “Uzbekistan Airways” 16 тийкарғы ўазыйпа тийкарында әмелге асырыўы системалы пикирлеў ҳәм анық режелестириў мәденияты қәлиплесип атырғанын аңлатады.

Хызметлердиң сапасын арттырыў, хызмет ҳәм өнимниң өзине түсер баҳасын есаплаўда оптимал методологияларды енгизиў, өндирис процесслериниң барлық басқышларын санластырыў сыяқлы ўазыйпалар авиация тараўын жаңа технологиялық басқышқа алып шығады. Санластырыў тек ғана автоматластырыў емес, ал қарар қабыл етиў системасын ашық-айдын, жедел ҳәм анық етиў дегени. Бул арқалы мәмлекет экономикасында нәтийжелилик, есап бериў ҳәм ашық-айдынлық принциплери беккемленеди.

Трансформация шеңберинде шөлкемлестириўшилик структураларды қайта көрип шығыў ҳәм штат бирликлерин оптималластырыў мәселеси айрықша әҳмийетке ийе. Бул процесс инсан ресурсына мүнәсибетти түп-тийкарынан өзгертиўди талап етеди. Нәтийжели системада лаўазымның өзи емес, ал нәтийже, баслама ҳәм жуўапкершилик үстин болады. Бул болса мийнет мәдениятында сапа жағынан жаңа басқышқа өтиўди аңлатады. Мәмлекетлик кәрханаларда инсан капиталына инвестиция киргизиў арқалы узақ мүддетли турақлылық тәмийинленеди.

Халықаралық кредит рейтинглерин арттырыў, IPOға шығыў ҳәм корпоратив халықаралық облигацияларды жайластырыў режелери авиация кәрханаларын халықаралық финанс майданына алып шығыўға қаратылған. Бул қәдемлер арқалы мәмлекетлик кәрханалардың жумысы халықаралық стандартлар тийкарында баҳаланатуғын, ашық ҳәм есап бериўши системаға айланады. Бул болса инвестициялық орталықты жақсылаў менен бирге, мәмлекеттиң экономикалық имиджин де беккемлейди.

Авиция тараўында кадрлар таярлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў мәселеси трансформацияның ең әҳмийетли тийкары болып есапланады. Себеби, ҳәр қандай технология ямаса инфраструктура орайында инсан турады. Пуқаралық авиация университети ҳәм авиация техникумын шөлкемлестириў, оларды дүнья жүзиндеги жетекши билимлендириў орайлары менен биргеликте раўажландырыў арқалы мәмлекет келешекти қәлиплестирмекте. Бул жерде тек ғана қәниге таярлаў емес, ал жаңаша пикирлейтуғын әўладты камалға келтириў мақсет етилген.

Ушыўшылық, инженерлик, ҳаўа ҳәрекети диспетчерлиги, авиация басқарыўы сыяқлы бағдарларда кадрлар таярлаў авиацияны жоқары интеллектуаллық тараў сыпатында раўажландырыўға хызмет етеди. Илимий бағдарламаларды енгизиў болса авиация тараўын инновация дәрегине айландырады. Бул арқалы мәмлекет таяр шешимлерди қабыл етиўши емес, ал жаңа билим ҳәм технология жаратыўшы мәмлекет сыпатында қәлиплеседи. Ҳәр қандай реформаның табысы оның артында қандай сиясий исеним ҳәм жәмийетшилик жуўапкершилиги турғаны менен белгиленеди.

Бир сөз бенен айтқанда, авиация кәрханаларын трансформациялаў тараўлық реформа емес, ал мәмлекеттиң өзин қайта аңлаўы, дүньядағы орнын белгилеўи ҳәм келешек алдындағы жуўапкершилигин аңлаған ҳалда ҳәрекет етиўин аңлатады. Бул процесс тезлик, нәтийжелилик ҳәм жуўапкершиликти үйлестирген жол.

Сардор ТОЛЛИБОЕВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы