Мәжилис алдында мәмлекетимиз басшысы 2025-жылдың жуўмақларына қысқаша тоқтап өтти.

Өткен жылы елимиз экономикасының өсиўи дәслепки прогнозларға салыстырғанда әдеўир жоқары пәтлерге ерисип, 7,7 процентти қурағаны, жалпы ишки өнимниң көлеми 147 миллиард доллардан артқаны атап өтилди. Экономиканың барлық тармақларында өсиў пәтлери 2024-жылға салыстырғанда жоқары болған. Тартылған сырт ел инвестицияларының көлеми 43 миллиард долларды, экспорт 33,8 миллиард долларды қурады.

Жоқары экономикалық белсендилик ҳәм өсип баратырған тутыныўшылық талабына қарамастан, инфляция дәрежеси 2024-жылдағы 9,8 проценттен 7,3 процентке шекем төменледи.

- Экономикалық өсиў күшейген сайын инфраструктураны раўажландырыўға бағдарланған қаржылардың көлемин арттырыў имканияты пайда болмақта. Бул, өз гезегинде, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, дәраматларын көбейтиў ҳәм абаданлығын арттырыўға хызмет етпекте, -деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы өткен жылдың өзинде 366 мың шаңарақ кәмбағаллықтан шыққанын, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларын арттырыў бойынша көрилген илажлар нәтийжесинде кәмбағаллық дәрежеси 8,9 проценттен 5,8 процентке, жумыссызлық дәрежеси болса 5,5 проценттен 4,8 процентке азайғанын атап өтти.

- Булардың барлығы реформалардың нәтийжеси болып, мәмлекет ҳәм халық арасындағы исеним избе-из беккемленип атырғанынан дәрек береди. Бирақ еле әмелге асырылатуғын жумыслар көп, - деди Президент.

Атап өтилгениндей, реформалар қай жерде ислейди, қай жерде унамайды, деген сораўларға анық жуўап беретуғын тийкарғы буўын бул - мәҳәлле. Егер мәҳәлледе жумыссыз ямаса кем тәмийинленген шаңарақлар сақланып қалған болса, демек, бул жерге реформалар жетип бармаған. Егер "мәҳәлле жетилиги" халықтың машқалаларын шеше алмаса, демек, система ислемей атыр.

- Имканият ҳәм қаржы, шешим ҳәм бағдарламалар бар. Тек ғана жуўапкершилик, соның ишинде, жеке жуўапкершилик жетиспейди, - деди мәмлекетимиз басшысы.

Президентимиз бар имканиятларды иске қосыў ушын ҳәкимлер ҳәм "мәҳәлле жетилиги"нде методикалық билим ҳәм әмелий тәжирийбе жетиспей атырғанын, жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар оларға жәрдемлеспей атырғанын сынға алды.

Жуўапкерлерге бир ай мүддетте жумыссызлық ҳәм кәмбағаллық дәрежеси жоқары болған мәҳәллелердиң имканиятлары ҳәм алдынғы тәжирийбелерди үйрениў тийкарында методикалық қолланба ислеп шығыў тапсырылды. Ҳәкимлер болса, оны орынларда енгизиў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, дәраматларын арттырыў, адамларды қыйнап атырған машқалаларға анық шешим табыўға жеке жуўапкер болады.

Мәжилисте усы жылы 1 миллион халықты турақлы жумыс пенен тәмийинлеў, 181 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў, кәмбағаллықтан жырақ мәҳәллелерди 2,5 есеге көбейтип, олардың санын 3,5 мыңға жеткериў, жумыссызлық ҳәм кәмбағаллық дәрежесин 4,5 процентке қысқартыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

"Аўыр" район ҳәм мәҳәллелерде халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларын арттырыў мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

Бәринен бурын, бундай елатлы пунктлерди турақлы электр энергиясы менен тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Усы мақсетте 903 мәҳәллениң ҳәр биринде 300 киловатт қуўатлылықтағы киши қуяш электр станциялары қурылып, оларға бийпул актив сыпатында бериледи. Бул станциялар есабынан ҳәр бир мәҳәлледе 400-500 миллион сум қосымша дәрамат келтиретуғын экономикалық актив қәлиплеседи.

Алынған "жасыл" дәраматлар "жасыл" илажларды әмелге асырыў, атап айтқанда, жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турақ жайларын энергия үнемлеўши тәризде оңлаў, электр энергиясы қәрежетлерин қысқартыў ҳәм турмыс сапасын жақсылаўға қаратылады. Қуяш станцияларын эксплуатациялаў процесине усы мәҳәллелерде жасайтуғын кем тәмийинленген шаңарақлардың ағзалары тартылады.

Бул илажлар қәнигелесиў дәрежеси жоқары болған және 1 мың мәҳәлледе де әмелге асырылады. Киши қуяш станциялары мәҳәллелерге 7 жыл мүддетке таяр ҳалда процентсиз лизинг тийкарында бериледи.

Президентимиз мәҳәллелердиң қәнигелесиўин тереңлестириў жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўда үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги күнде 903 аўыр мәҳәлледе 100 мың гектар қыйтақ жер ҳәм ижара жерлери бар. Ҳәкимлер "жетилик" пенен бирге олардың суў тәмийнатын жақсылап, туқым ҳәм нәл менен тәмийинлесе, қәнигелесиўин жолға қойса, халықтың дәраматы ҳәм турмыс шараяты сезилерли дәрежеде жақсыланады.

Мәҳәллелердиң қәнигелесиўин хошаметлеў мақсетинде қосымша қаржы механизмлери енгизиледи. Соның ишинде, қыйтақ жер ийелери ҳәм фермер хожалықларының сертификатланған нәллерди сатып алыў қәрежетлериниң 50 проценти бюджеттен қаплап бериледи. Шпалер ушын 20 мыңнан 70 мың сумға шекем субсидия ажыратылады. Тамшылатып суўғарыўды енгизген қыйтақ жер ийелерине ҳәр бир сотых ушын 160 мың сумнан компенсация төленеди.

Тәжирийбели фермерлерге экспортқа қолайлы өним ислеп шығарыўды жолға қойған ҳәр 10 шаңарақ ушын 2 миллион сумнан, егер барлық қыйтақ жерли шаңарақлардың кеминде 30 проценти усы көрсеткишти қолға киргизсе, қосымша 75 миллион сумнан сыйлық бериледи.

Сондай-ақ, быйыл 4 мың кем тәмийинленген шаңараққа тут бағын шөлкемлестириў ушын 50 сотихтан, жәми 2 мың гектар тоғай майданы 10 жыл мүддетке бийпул бериледи. Пиллешилик кооперациясын шөлкемлестириў ушын мүтәж шаңарақларға 4 миллион сумнан субсидия, үйде пилле жетистириўди қәлеўшилерге имарат ҳәм үскенелер сатып алыў ушын 20 миллион сумға шекем процентсиз ссуда ажыратылады.

Мәжилисте усы жылы киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў ушын 140 триллион сум кредит ажыратылатуғыны атап өтилди.

- Ашық айтыў керек, ҳәзир банклер барлық район ҳәм қалалар ушын бирдей шәртлерде кредит усыныс етпекте. Бирақ, Алмазар менен Бозатаўдың имканиятлары, шараятлары ҳәр қыйлы. Соның ушын "аўыр" 37 районда "Шаңарақлық исбилерменлик" бағдарламасы шеңберинде кредитлер 12 процентлик ставкада бериледи, -деди Президент.

Барлық районларда шаңарақлық исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бағдарламасы бойынша жеңиллетилген кредиттиң максимал муғдары 1,5 есеге арттырылып, 50 миллион сумға жеткериледи. Импорт етилген ҳәм сертификатланған нәсилли ҳайўанларды сатып алыў ушын 100 миллион сумға шекем гиреўсиз кредит, мийман үйин үскенелеў, киши суўытқыш үскенелерин орнатыў, өнимди сақлаў ҳәм қайта ислеўге мөлшерленген мини-технологиялар ушын 150 миллион сумға шекем гиреўсиз кредит алыў мүмкин.

Шегараалды районлар ҳәм анклавларда жайласқан 563 мәҳәлледе исбилерменлик жойбарлары ушын кредит муғдары 1 миллиард сумға шекем арттырылады. Оның ушын "Шаңарақлық исбилерменлик" бағдарламасы шеңберинде белгиленген 3,6 триллион сумға қосымша және 2 триллион сум ресурс қаратылады.

Мәҳәллелердиң қәнигелесиўин тереңлестириў ушын усы жылы банклер тәрепинен жәми 17 триллион сум кредит ажыратылады. Онда, өним ислеп шығарыў жойбарлары ушын кредиттиң 4 проценти, қайта ислеў жойбарлары ушын 6 проценти қаплап бериледи.

Ҳәким жәрдемшилериниң жумысын жойбарлаў тийкарында шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Жойбарлаў көзқарасы тийкарында әмелге асырылатуғын жойбарлар портфели районлар кесиминде қәлиплестириледи. "Аўыр" мәҳәллелерде бос жер майданлары ҳәм мәмлекетлик объектлерди 2-3 есе арзанластырылған басланғыш баҳада сатыў жолға қойылады.

Жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыўда ең жақсы нәтийже көрсеткен "аўыр" 100 мәҳәллеге қосымша 1 миллиард сум қаржы ажыратылады. Бул мәҳәллелерде жумыс ислеп атырған ҳәким жәрдемшилери Қытай, Түркия, Корея, Малайзия сыяқлы мәмлекетлерге бир айлық қәнигелигин арттырыў курсларына жибериледи.

Алмазор районындағы "Қайқаўыс" каналы бойында әмелге асырылатуғын жойбар мысал сыпатында көрсетип өтилди. Бул каналдың еки километрлик бөлеги Гөне қала аймағындағы 8 мәҳәлледен өтеди. Енди бул мәҳәллелердиң ҳәким жәрдемшилери бир жойбарлаў топарына бирлесип, канал бойында саўда, хызмет көрсетиў ҳәм дем алыў инфраструктурасын раўажландырыў бойынша бир пүтин концепцияға әмел етеди.

Ҳәким жәрдемшилеринен ибарат усындай жойбарлаў топарлары туризм, билимлендириў, медициналық хызмет, реновация, жағалық ҳәм көшелерди абат етиў бойынша жойбарларды әмелге асырыў ушын шөлкемлестириледи.

"Мәҳәлле жетилиги" жумысының нәтийжелилигин арттырыў бойынша пайтахтта жолға қойылған әмелият енди барлық район ҳәм қалаларға енгизиледи. Буннан былай ҳәким жәрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси ҳәм жаслар жетекшиси мәҳәлле баслығының усынысы тийкарында район ҳәкими тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм азат етиледи.

Мәмлекетимиз басшысы және бир әҳмийетли мәселеге итибар қаратты. Мәмлекетимизде халықты ҳәм аўыл хожалығын хатлаў бойынша кең көлемли жумыслар басланғаны атап өтилди.

Ҳәзирги ўақытқа шекем 7 миллион 613 мың шаңарақтың 4 миллион 776 мыңы хатлаўдан өткерилген. Бирақ Ташкент қаласы, Ферғана, Сурхандәрья, Бухара ҳәм Ташкент ўәлаятларында бул процесс төмен дәрежеде.

- Бундай әҳмийетли илаж соңғы 37 жылда елимизде биринши мәрте өткерилмекте. Халықты дизимге алыў ҳәр бир мәҳәлле ҳәм ҳәр бир шаңарақтың реал жағдайын анықлаў ҳәм сол тийкарда келешек режелерин дүзиў, ең әҳмийетлиси, халықтың абаданлығын арттырыўға қаратылған нәтийжели механизмлерди енгизиў имканиятын береди, - деди Президент ҳәм барлық ўатанласларымызды бул процессте белсене қатнасыўға шақырды.

Мәжилисте район ҳәкимлери, мәҳәлле баслықлары ҳәм ҳәким жәрдемшилериниң есабаты ҳәм усыныслары тыңланды.