Кейинги жылларда банклердиң жумысы мәҳәллеге шекем түсирилип атырғаны өз нәтийжесин бермекте. Атап айтқанда, Наманган ўәлаятының Уйчи районында банклер 3 мың 200 белсенди қарыйдар менен ислеп, оларға жәрдем бергенлиги ушын 9 мың адам турақлы жумыс пенен тәмийинленди. Кәмбағаллар саны 6 мыңға азайды.
Сырдәрья ўәлаяты Сайхунабад районындағы 3 мың 200 шаңарақта жойбарлар иске қосылды, 12 мың адам өз қыйтақ жеринде дәрамат табыўды үйренди.
Жиззақ ўәлаяты Зарбдор районында 13 мың 500, Бухара ўәлаяты Ғиждувон районында 28 мың жумыс орны жаратылды. Булардың есабынан қосымша 10 мыңнан аслам халық кәмбағаллықтан шығарылды.
Улыўма, бул 4 - Уйчи, Сайхунобод, Зарбдор ҳәм Ғиждувон тәжирийбелери шеңберинде жыл басынан берли 3 миллион 300 мың халық турақлы дәраматқа ийе болған. Жәми рәсмий бәнт болғанлардың саны биринши мәрте 10 миллион 500 мыңға жетти.
Буннан тысқары, Хожели, Асака, Вобкент, Булунғур, Янгиер, Қўштепа, Шават сыяқлы 57 районда жумыссызлық 5 проценттен төменлеген.
Орайлық банк ҳәм орынлардағы банклер бул унамлы тәжирийбелерди кеңейтип, халыққа жәрдем болыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.
- 2025-жыл бәнтликти тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты азайтыўда ең әҳмийетли ҳәм шешиўши жыл болады, - деди Шавкат Мирзиёев.
Мәжилисте бул бағдардағы жаңа имканиятлар ҳәм режелер көрип шығылды.
Соңғы 6 жылда шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде 750 мың халық кредитлерин ўақтында қайтарып, дәраматлы бизнеске ийе болған. Олардан 58 мыңы жаңа кәрхана да ашқан. Енди банклер мине усындай сынақтан өткен клиентлерин қоллап-қуўатлап, киши ҳәм орта бизнес дәрежесине алып шығыўы керек.
Сол себепли оларға "Киши бизнести қоллап-қуўатлаў" бағдарламасы шеңберинде шәртсиз 300 миллион сум кредит бериледи. Бул арқалы келеси жылларда 1,5 миллион халық жумыслы болады.
Бурын банклер шаңарақлық исбилерменлик бағдарламаларына қаржыны тек ғана мәмлекеттен алған. Халық банки баслама етип, Азия раўажланыў банки менен "қаржылай абаданлық" бағдарламасы шеңберинде 50 миллион сумға шекем артықша ҳүжжет ҳәм гиреўсиз кредит бермекте.
Усы үлги тийкарында, келеси жылы 9 мәмлекетлик банк 1 миллиард доллар кредит берип, 250 мың адамды дәраматлы етиўи мүмкин екенлиги айтылды.
Белсенди исбилерменлердиң қатнасында 27 районда ашылған кооперациялар жақсы нәтийже бермекте. Келеси жылы 30 районда балықшылық, қоян өсириў, шарўашылық ҳәм пал ҳәррешилик бойынша усындай кооперациялар шөлкемлестириледи. Оған 500 миллиард сум қаратылады.
Және инвестиция келтиретуғын, және көп жумыс орнын жарататуғын стартап жойбарлар қоллап-қуўатланады. Оның ушын мәмлекетлик банклер венчур компания дүзип, мәҳәлле стартапларына өз қаржысынан жәми 50 миллион доллар ажыратады. Ҳәр бир банк жеке шерик таўып, стартапларды бизнеске айландыратуғын акселераторлар ашады.
Мәжилисте аўыр районларда жумыссызлықты азайтыў мәселесине айрықша тоқтап өтилди. Оларға басқа аймақлардан тәжирийбели исбилерменлер тартылып, жойбарлары ушын жеңил кредитлер және инфраструктурасына қосымша қаржы ажыратылады. Бул 1 миллион 300 мың халықты дәраматлы етиў имканиятын береди.
Мәмлекет инфраструктура етип берсе, исбилерменлер қосымша 31 триллион сумлық 3,5 мың жойбар ҳәм 200 мың жаңа жумыс орнын шөлкемлестириў басламасын билдирген. Келеси жылы бул жойбарлардың инфраструктурасына 1 триллион сум ажыратылатуғыны белгиленди.
Және бир таллаў: 85 мың гектар жерде аз дәраматлы егин егилгени себепли нәтийжелилиги төмен болып қалмақта. Соның ушын бундай жерлер ири контурға бирлестирилип, жетекши исбилерменлерге екилемши ижараға бериледи. Жер ийесине ижара ҳақы ҳәм өнимди сатыўдан үлес төленеди. Егин екпеген халыққа жерди басқаға екилемши ижараға бериў ҳаққында мәжбүрий талап киргизиледи. Келеси жылы бөлистирилетуғын 100 мың гектар жер де усы тәртипте ажыратылады.
60 алдыңғы қатардағы қала-район жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ болыў имканиятына ийе. Оның ушын келеси жылы олардағы 2 миллион халықты бәнт етип, 417 мың шаңарақты кәмбағаллықтан алып шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Бул мақсетлерге ерисиў ушын банклер финанслық беккем болыўы керек. Соның ушын тек ғана мәмлекет беретуғын қаржыға байланысып қалмастан, сыртқы дәреклерден 6 миллиард доллар тартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, келеси жылы халықтың аманатларын 11 миллиард долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды.
Ҳуқықый тийкар жаратылғаны ушын быйыл 5,5 триллион сумлық микроқаржы ҳәм факторинг хызметлери көрсетилген. Бул тийкардан пайдаланып, енди мәмлекетлик банклер де өзиниң микроқаржы ҳәм факторинг компаниясын ашыўы, оған сырт ел инвесторларын тартыўы мүмкин.
Мәжилисте банклер алдындағы машқалалар да талланып, шешиў илажлары көрилди.
Мәселен, банклердиң балансында 3 мың көшпес мүлк бар. Олар сатылса, қосымша ресурс ҳәм 150 мың жумыс орны ушын резерв пайда болады. Соның ушын банклерге көшпес мүлклерди базар баҳасында тиккелей сатыўға руқсат берилетуғыны белгиленди.
Кредит қарызы есабынан гиреўди суд арқалы өндириўге де көп ўақыт кетпекте. Соның ушын бул бағдардағы нызамшылықты өзгертиў, онда гиреўге салыстырғанда банк ҳуқықларының үстинлигин ҳәм өндириўге қаратылған мүлклердиң тезирек сатылыўын нәзерде тутыў зәрүр екенлиги айтылды.
Ҳәкимликлер менен банклердиң мәҳәллелерде муўапық ислеў системасы көрсетип өтилди. Онда район ҳәкимлери жойбарды орын ҳәм инфраструктура менен тәмийинлеў миннетлемесин алады, банклер болса исбилерменлердиң жойбарларына жәрдемлеседи, машқаласы болса, шешеди, жумыссызларды бизнеске тартады.
Усы мақсетте мәҳәлле банкирлериниң жумысын жолға қойыў усынысы билдирилди. Олар мәҳәллениң бизнес имканиятларын үйренеди, адамлардың идеяларын ҳәм қәбилетин жойбарларға айландырады. Халыққа финанслық тәртиплерди, өним ҳәм хызметлерин сатыўды үйретеди, жойбарларға жәрдемлеседи.
Улыўма, жәҳән экономикасындағы бүгинги қыйын шараятта қаржы-банк системасының барлық дәрежелеринде финанслық тәртип ҳәм жеке жуўапкершиликти күшейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте ҳәкимлер ҳәм банк басшылары 2025-жылы 5 миллионнан аслам халықты дәраматлы етиў, 1,5 миллион адамды кәмбағаллықтан шығарыў бойынша есап-санақларын айтты. Сөйлесиўде аймақлардағы унамлы тәжирийбелер, жуўапкерлердиң есабатлары тыңланды.