Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Қазақстан дослық қатнасықларының 2024-жылғы жуўмағы ҳәм 2025-жылға мөлшерленген режелер додаланды.

Сондай-ақ, ушырасыўда барлық дәрежедеги жедел бирге ислесиўди алға қойыў, атап айтқанда, экономикалық байланысларды жеделлестириў, аймақлардың тиккелей бирге ислесиўин кеңейтиў, сондай-ақ, көп тәреплеме платформалар шеңбериндеги шериклик ҳәм басқа да көплеген мәселелер көрип шығылды.

Бул ҳаққында Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов өзиниң Телеграм каналында мәлим етти.