Көпшилик бул сөзди еситкен: "Достың ким екенлигин айт, мен сениң ким екенлигиңди айтаман". Буны жәмийет мысалында редакторласақ, мүмкин, мынандай болады: "Мәмлекетиң жаслары не менен бәнт екенлигин айт, мен халқыңның келешеги қандай болатуғынын айтып беремен".