2024-жылы Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгенине 32 жыл толады. Конституция ҳуқықый мәмлекет қурыўда тийкарғы ҳүжжет болып, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў, жәмийеттиң турақлы раўажланыўын тәмийинлеўде шешиўши әҳмийетке ийе. Бул дәўирде мәмлекетимизде әҳмийетли социаллық-экономикалық реформалар әмелге асырылды. 2023-жыл 30-апрель күни өткерилген референдумда улыўмахалықлық даўыс бериў жолы менен Өзбекстан Республикасының жаңа редакциядағы Конституциясы қабыл етилди. Оның жаңа редакциясы мазмуны ҳәм формасы жағынан жетилискен болып, жәмийетимиздиң барлық тараўын, соның ишинде, жоқары билимлендириў, илим ҳәм жасларға байланыслы мәселелерди қамтып алды.
Конституцияда мәмлекеттиң билимлендириў ҳәм илимниң раўажланыўын тәмийинлеўге қаратылған жуўапкершилиги, жаслардың дөретиўшилик ҳәм интеллектуаллық раўажланыўына қаратылған ҳуқықый ҳәм социаллық миннетлемелери анық белгилеп қойылған. Бул болса мәмлекетимиздиң келешектеги раўажланыўы ушын әҳмийетли қәдем болып, жоқары билимлендириў ҳәм илимий изертлеўлер тараўындағы реформалардың беккем ҳуқықый тийкарын жаратты.
Өзбекстан Республикасы Конституциясында билимлендириўге айрықша итибар қаратылып, жоқары билимлендириў мәкемелериниң жумысының ҳуқықый тийкарлары белгиленген. Соның ишинде, 51-статьяда пуқаралар мәмлекетлик билимлендириў шөлкемлеринде таңлаў тийкарында мәмлекет есабынан жоқары мағлыўмат алыўға ҳақылы екени атап өтилген.
1992-жылы қабыл етилген Конституцияда жоқары билимлендириў ҳәм ҳуқықый тийкарларына айрықша итибар берилген болса да, жаңа редакциядағы тийкарғы нызамда билимлендириў мәкемелериниң академиялық еркинлиги, өзин-өзи басқарыў ҳәм изертлеўлер өткериў ҳуқықлары беккемленген. Бул жаслардың билим алыў ҳәм илимий жумысларды алып барыўдағы еркинлигин тәмийинлеў, билимлендириў системасын заман талапларына бейимлестириўге қаратылған әҳмийетли қәдем болып есапланады.
Билимлендириў системасын буннан былай да раўажландырыў ҳәм заман талапларына бейимлестириўге қаратылып атырған илажлар, атап айтқанда, Конституциямызда белгиленген академиялық еркинлик, өзин-өзи басқарыў, изертлеўлер өткериў ҳәм оқытыў еркинлиги Өзбекстанда билимлендириў системасын заман талапларына бейимлестириўде үлкен әҳмийетке ийе болмақта. Ҳәзирги ўақытта елимизде студентлердиң саны 1 миллион 400 мыңнан артып, жасларды жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси 39 процентке жетти. Соның менен бирге, жоқары оқыў орынларындағы билимлендириўдиң сапасы да сезилерли дәрежеде артып бармақта.
Тек ғана 2024-жылы 6 жоқары оқыў орнындағы 38 билимлендириў бағдарламасы халықаралық аккредитациядан өткерилди. Бул Өзбекстан жоқары билимлендириўине халықаралық талапларға бейимлесиў ҳәм жаңа имканиятлар жаратыўға жәрдем береди. Соның менен бирге, 9 сырт ел жоқары оқыў орны менен биргеликте 15 қоспа билимлендириў бағдарламасы шөлкемлестирилди.
Жоқары билимлендириў мәкемелеримиз халықаралық рейтинглерде табысларға ерисип атырғанын да айрықша атап өтиў керек. Усы жылы QS халықаралық рейтингинде "Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты" миллий изертлеў университети (547-орын) ҳәм Өзбекстан Миллий университети (781-790-орын) алдыңғы 1000 лықтан орын алды. Үш жоқары оқыў орны болса Times Higher Education халықаралық рейтинг шөлкеми жәриялаған World University Rankings-2025 жоқары билимлендириў шөлкемлериниң 1000-лық дизимине киргизилди. Бул, өз гезегинде, Өзбекстан билимлендириўиниң халықаралық көлемде тән алынып атырғаны ҳәм раўажланып атырғанын билдиреди.
Бул нәтийжелер билимлендириў тараўындағы реформалардың нәтийжесин көрсетеди ҳәм Конституцияда белгиленген принциплердиң әмелде иске қосылғанын билдиреди. Сондай-ақ, билимлендириў системасын глобаллық дәрежеде табыслы раўажландырыўға тийкар болмақта.
Алдынғы Конституцияда муғаллимлердиң қәдир-қымбатын ҳәм социаллық қорғалыўын тәмийинлеўге итибар қаратылған болса да, социаллық қорғалыўы анық белгиленген статья жоқ еди. Яғный, жоқары билимлендириў тараўында оқытыўшыларды социаллық қорғаўға байланыслы шегаралар ҳәм анық ҳуқықый механизмлер белгиленбеген еди. Жаңа редакциядағы Конституцияда болса бул мәселеге айрықша әҳмийет қаратылып, муғаллимлердиң социаллық ҳәм материаллық абаданлығын тәмийинлеў, кәсиплик өсиўин хошаметлеў ҳәм қәдир-қымбатын қорғаў ҳаққында анық нормалар белгилеп қойылған.
Тек ғана 2024-жылы 3450 профессор-оқытыўшы сырт елде тәжирийбе арттырған. 2025-2030-жылларда сырт елде тәжирийбе арттырған ямаса стажировка өткен профессор-оқытыўшылардың үлесин 20 процентке арттырыў режелестирилмекте. Профессор-оқытыўшылар сырт елде тәжирийбе арттырып, жаңа билим ҳәм тәжирийбеге ийе болады. Бул, өз гезегинде, мәмлекетимиздиң билимлендириў системасын халықаралық дәрежедеги стандартларға бейимлестириў ҳәм алдынғы педагогикалық усыллардан пайдаланыўға хызмет етеди.
Конституцияда белгиленген жаңа принциплер инновациялық жумысты раўажландырыўға жәрдем бермекте. Изертлеўлер ҳәм илимий қолланбалардың дәслепки басқышындағы жаңа идеялар ҳәм инновациялық жойбарларды қоллап-қуўатлаўды талап ететуғын нызамлар елимиздиң жоқары билимлендириў системасын халықаралық тәжирийбелер менен үйлестириўге жол ашты. Конституцияның 53-статьясына муўапық, мәмлекет жәмийеттиң мәдений, илимий ҳәм техникалық раўажланыўы ҳаққында ғамхорлық етеди.
Ҳәзир тек ғана университетлер ҳәм илимий-изертлеў институтларында емес, ал инновациялық технопарклер ҳәм бизнес-инкубаторларда да илимий изертлеўлер ҳәм инновациялар жедел алып барылмақта. 2024-жылы мәмлекетимизде 360,7 миллиард сумлық 245 илимий жойбар қаржыландырылды. Коммерцияластырыў жойбарлары шеңберинде баҳасы 260 миллиард сумлық өним ислеп шығарылды.
Бул статьяда ҳәр кимге илимий, техникалық ҳәм көркем дөретиўшилик еркинлиги, мәденият жетискенликлеринен пайдаланыў ҳуқықы кепилленетуғыны, интеллектуаллық мүлк нызам менен қорғалыўы белгиленген. Дәслеп Конституцияда илимий ҳәм техникалық дөретиўшилик еркинлигине байланыслы ҳуқықлар белгиленген болса да, интеллектуаллық мүлкти қорғаўға байланыслы нызамшылықты жетилистириў зәрүрлиги бар еди. Жаңа редакциядағы Конституцияда болса интеллектуаллық мүлкти қорғаў мәмлекеттиң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири сыпатында белгиленди. Бул пуқаралардың жаңадан-жаңа идеялар, илимий ҳәм дөретиўшилик қолланбаларды жаратыўда еркин ҳәрекет етиў ҳуқықын кепиллеў менен бирге тараўдағы нызамшылықты күшейтиўге де қаратылған.
Конституцияның 79-статьясында мәмлекет жаслардың ҳуқықларын қорғаўы, олардың жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстағы белсене қатнасыўын хошаметлеўге байланыслы әҳмийетли нормалар бар. Бул статьяда жаслардың жеке, сиясий, экономикалық, социаллық, мәдений ҳәм экологиялық ҳуқықларын қорғаў ҳәм турмыстағы қатнасын тәмийинлеў мақсети нәзерде тутылған. Бул арқалы өсип киятырған әўладтың ҳәр тәреплеме раўажланыўы ҳәм жәмийеттиң ағзасы болыўы ушын зәрүр шараят тәмийинленеди.
Жаңа редакциядағы Конституцияда жаслардың интеллектуаллық, дөретиўшилик, физикалық ҳәм әдеп-икрамлылық жақтан қәлиплесиўине айрықша итибар қаратылады. Буның нәтийжесинде олардың билим алыў, денсаўлығын сақлаў, турақ жайға ийе болыў, жумысқа жайласыў, бәнтликке ерисиў ҳәм дем алыў ҳуқықлары әмелге асырылады. Мәмлекет жаслардың социаллық, экономикалық ҳәм мәдений раўажланыўы ушын барлық зәрүр ресурслар ҳәм имканиятлар менен тәмийинлейди. Жаслардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыста белсене қатнасыўы, өз пикирин еркин билдириўи ушын кең имканиятлар жаратылады.
Өзбекстанда жоқары билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириў мақсетинде 2024-жылы жоқары оқыў орынларына қабыллаў процеси "дәслеп тест, кейин таңлаў" принципи тийкарында шөлкемлестирилди. Бул әмелият жасларға билим алыўда тең имканиятлар жаратыў, саламат бәсеки орталығында оқыўға тартыў имканиятын береди.
Өзбекстанда жаслардың социаллық белсендилигин арттырыўға қаратылған ҳәр қыйлы илажлар әмелге асырылмақта. Соннан "Ағартыўшылық бөлисип" ҳәм "Әдебий-ағартыўшылық ҳәптеликлери" жойбарлары шеңберинде 205,9 мың студент ҳәм оқыўшылар қамтып алынды. Бул илажлар жаслардың руўхый раўажланыўы ҳәм билимлерин арттырыўға қаратылған әҳмийетли қәдем болды.
Мәмлекетимиздиң барлық жоқары оқыў орынларында спорттың 9 түри бойынша 11 мың 448 жәмәәттиң қатнасыўында "Студентлер лигасы" жарыслары өткерилди. Бул жаслардың спортқа қызығыўшылығын арттырыў ҳәм денсаўлығын беккемлеўге хызмет етти. Буннан тысқары, Ишки ислер министрлиги менен биргеликте 892 мың студент арасында 10 мың 412 профилактикалық илаж шөлкемлестирилди. Олар арқалы жаслар арасында жынаятшылыққа қарсы гүресиў, денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық қәўиплерди азайтыўға ерисилди.
Жоқары оқыў орынларында студентлерди турақ жай ҳәм оқыў ушын зәрүр шараят пенен тәмийинлеў мәмлекеттиң тийкарғы ўазыйпаларынан. Конституцияға муўапық, жаслардың билим алыў ҳуқықын тәмийинлеў ушын студентлерге қолайлы ҳәм заманагөй шараят жаратыў талап етиледи. 2024-жылы 15 мың 240 орынлық студентлер турақ жайы ҳәм 4 000 орынлық оқыў имараты пайдаланыўға тапсырылды. Соның менен бирге, мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң барлық басқыш студентлерин студентлер турақ жайына жайластырыў процеси толық санластырылды. Бул илажлар студентлердиң билим алыў процесинде өзин еркин сезиниўи ҳәм социаллық раўажланыўына қаратылған әҳмийетли қәдем болып есапланады.
Өзбекстан Республикасы Конституциясы елимиздеги барлық тараўды, әсиресе, билимлендириў, илим ҳәм жасларға байланыслы мәселелерди қамтып алған ҳалда жәмийетимиздиң социаллық, экономикалық ҳәм мәдений раўажланыўында үлкен орын ийелейди. Онда белгилеп қойылған ҳуқықый норма ҳәм принциплер, әсиресе, билимлендириў системасындағы реформалар, академиялық еркинлик ҳәм илимий изертлеўлерди раўажландырыўға қаратылған ҳәрекетлер, жаслар ҳәм профессор-оқытыўшылар ушын жаратылған шараятлар мәмлекеттиң билимлендириў тараўындағы избе-из ҳәм нәтийжели сиясатында айрықша әҳмийетке ийе.
Қоңыратбай ШАРИПОВ,
жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри