2017-жылы елимизде 5211 бақша жумыс алып барған болса, бүгинги күнде олардың саны 19 мың 316 ға жетти. Сондай-ақ, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында шаңарақлық бақшалар шөлкемлестирилиўи ҳәм бул тараўға көплеген жеңилликлер берилиўи себепли 13 мыңнан аслам мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң жумысы жолға қойылды.
Президентимиздиң 2019-жыл 8-майдағы "Өзбекстан Республикасы мектепке шекемги билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында"ғы қарары тараўды буннан былай да раўажландырыўда әҳмийетли бағдарламалық ўазыйпаны атқармақта. Бул ҳүжжетте атап өтилгениндей, мектепке шекемги билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириў ҳәм басқышпа-басқыш избе-из раўажландырыўдан мақсет балаларды мектепке сапалы таярлаў, ең әҳмийетлиси, тараўдағы реформаларды кеңнен қамтып алып, тийкарғы нәтийжелерге ерисиў болып табылады. Бул бағдарда Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ислеп атырған жумыслардың көлеми оғада кең. Жас әўладты жаңа Өзбекстанның мүнәсип, пидайы перзентлери етип тәрбиялаў муғаллимлер ҳәм тәрбияшылардың мақтанышлы ўазыйпасы болып есапланады.
Өткен жылы 15-май күни мәмлекетимиз жетекшисиниң басшылығында мектеп билимлендириў системасын буннан былай да жетилистириўге бағышлап өткерилген мәжилисте атап өтилгениндей, кейинги жети жылда мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи ушын қаржы жети есеге арттырылған. 2025-жылы реформаларды және де жеделлестириў мақсетинде тараўға 60 триллион сум ажыратылып, мектеплердеги оқыў ҳәм тәрбия орынлары бир миллионға, бақшаларда болса 1,5 миллионға шамаласты. 2026-жылдан баслап мектеп директорлары, орынбасарлары менен бир қатарда бақша басшыларының да мийнет ҳақысы арттырылады.
Системада жумыс алып барып атырған 38 мың 900 мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде балаларға қызықлы ойынлар тийкарында берилип атырған сабақлар илим дүньясының жаңадан-жаңа есиклерин ашпақта. Мәселен, мектепке шекемги билимлендириўди кеңейтиў ҳәм балаларды инновациялық усыллар менен оқытыўға тийкарланған "Ақлвой" социаллық жойбарын таллап көрейик. Оның шеңберинде мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери жетиспейтуғын аймақларда балаларға қуўаныш бағышлаў мақсетинде мобил бақша хызмети жолға қойылды.
Бүгин 102 автобус 216 мәҳәллеге барып, 9500 ул-қызды билимлердиң сырлы ҳәм әжайып дүньясына жетеклеп атырғаны қуўанышлы ўақыя, әлбетте. Бул баслама тәжирийбе арттырыў ҳәм билимниң дәслепки тырнағын қойыўда үлкен әҳмийетке ийе болып, мобил автобуслар арқалы баслаўыш билимлендириўдиң дәслепки сабақларын оқытыўда тәрбияшылар ушын исенимли таяныш ҳәм нәтийжели жәрдемши болатуғынына ҳеш гүман жоқ.
Сондай-ақ, 50 "Ерте раўажланыў орайы" 5200 кишкенениң өмиринде жаңа бет ашып, олардың ой-пикирин жаңа билим ҳәм түсиниклер менен байытып бармақта. "Илк қадам" мәмлекетлик билимлендириў бағдарламасы ЮНИСЕФ, Сингапур, Уллы Британия жоқары оқыў орынлары, атап айтқанда, Кембридж университетиниң тәжирийбеси тийкарында және де жетилистирилди.
1746 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде "Туран кишкентайлары" театр жәмәәтлери шөлкемлестирилди. Олар балалардың дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыў, пикирлеў қәбилетин арттырыў, сөйлеў мәдениятын қәлиплестириў, киши, балаларға сай сахналық шығармаларды көрсетиўде үлкен имканиятлар есигин ашады.
Ҳәзир үлкен-киши арасында экологиялық түсиник ҳәм мәдениятты қәлиплестириў әҳмийетли мәселе болып тур. Бул кешиктирип болмайтуғын ўазыйпаны әмелге асырыў мақсетинде 3385 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде "экологиялық коридор" ҳәм "экологиялық мүйеш"лер шөлкемлестирилгенин ҳәм тәбиятты қәстерлеп сақлаў ҳаққында сабақлар берилип атырғанын атап өтиў мүмкин.
Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде 3-7 жастағы балалар арасында саламат турмыс тәризи, қәўипсиз турмыс, дурыс аўқатланыў мәденияты тийкарларын қәлиплестириў мақсетинде "Саламатлық әлипбеси" бағдарламасы ислеп шығылып, әмелиятқа кеңнен енгизилмекте.
"Жаңа әўлад" бақшаларын шөлкемлестириўге жедел киристи. Олар мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми болып, алдынғы сырт ел тәжирийбеси тийкарында ҳәр қыйлы ойынларға тийкарланған тәлим-тәрбия процесин әмелге асырады. Келешекте "Жаңа әўлад" бақшаларының жумысын буннан былай да раўажландырыў мақсетинде тәрбияшы-педагоглар ҳәм тараў қәнигелери ушын арнаўлы қолланбалар және "Жаңа әўлад" энциклопедиясы фундаменталлық илимий-ғалабалық басылымының ислеп шығылыўы нәзерде тутылған.
Президентимиз өткен жылы Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен жоллаған қутлықлаўында "Ҳәммемизге белгили, келешек - заманагөй билим менен қуралланған кәсип-өнер ийелериниң үлесинде. Биз бул ҳақыйқатты ҳеш қашан умытпаўымыз керек. Соның ушын, жасларымызды заман менен үнлес болып, ҳәр қандай бәсекиге шыдам бере алатуғын жетик қәнигелер етип тәрбиялаўымыз керек", деп айрықша атап өткен еди.
Кейинги жылларда мәселеге мине усындай қатнас оқытыўшы ҳәм устазлардың жумыс өлшемине айланды. Шынында да, биз билимлендириўди өзгертсек, билимлендириў инсанды өзгертеди. Инсан өзгерсе, пүткил жәмийет өзгереди.
Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, мектепке шекемги билимлендириў ҳәм улыўма оқытыў системасындағы избе-из реформалар нәтийжесинде Өзбекстанда Үшинши Ренессансқа беккем тийкар қойылады.
Жас категориялары бойынша миллий тәрбия модели жаратылады. Балалар заманагөй компетенцияға ийе қәниге, миллий қәдириятларға садық инсан етип тәрбияланады.
Ҳабиб АБДИЕВ,
Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери директоры ҳәм
қәнигелерин қайта таярлаў ҳәм олардың
маманлығын арттырыў институты проректоры