Миллий мәдениятымыз ҳәм туризм – дүнья жәмийетшилиги итибарында

Миллий статистика комитетиниң мағлыўматына бола, 2025-жылы Өзбекстанға 11,7 миллион сырт ел пуқарасы саяхат мақсетинде келген. Бул көрсеткиш өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 3,7 миллион ямаса 46,8 процентке артқан.

Кәсибимиздиң талабы себепли семинар, конференция, презентация, көргизбе, ярмарка, премьера ҳәм басқа да усы сыяқлы көплеген илажларда қатнасамыз. Гейде қысқа мүддетли илажлар да адамды шаршатып жибереди. Себеби - жүдә зеригерли! Жуўапкерлер мақсетти анық қоймайды, айтыўға ҳәм көрсетиўге арзыйтуғын нәрсениң өзи жоқ. Илаж атына ғана ҳәм есабат ушын шөлкемлестирилген болады.

Соңғы жылларда қатнасыўға ҳәм сәўлелендириўге арзыйтуғын әнжуманлар көбейип кетти. Мәселен, Самарқанд қаласында өткерилетуғын "Шарқ тароналари" халықаралық музыка фестивалын алайық. Қызғын ҳәм көтериңки руўхта даўам ететуғын ири халықаралық илаж ҳәммени бирдей өзине тартады. Биз сыяқлы хабаршылар сырт елли мийманлар ҳәм қәнигелерди сораўға алыўды жақсы көреди. Себеби, олар сораўларға рәңбәрең ҳәм өзине тән жуўап береди. Бул пикир-усыныслар ҳәм тәсирлер ҳәр қандай мақалаға жан ендиреди. 2024-жылы болып өткен фестиваль қатнасыўшылары билдирген айырым тән алыўларды оқысаңыз, өзиңиз де исеним пайда етесиз.

- Бул музыка байрамы тек ғана түрли халықлардың мәденияты, көркем өнери менен танысыў емес, ал нәзик ҳәм бийтәкирар, муқаддес ҳәм мәңги Шығыс дүрданалары - Самарқанд тарийхы менен жақыннан танысыў имканияты болып есапланады, - дейди Токио көркем өнер университетиниң илимий хызметкери Ясуда Мамико. - "Шарқ тароналари" халықаралық музыка фестивалы әллеқашан "Жаҳон халқлари тароналари" көргизбесине айланып үлгерди. Көркем өнер байрамында жаңлаған шығармалардың көпшилиги музыка дүрданалары дәрежесине көтерилди.

- Өзбек дияры менен аралығымыз узақ, бирақ кеўлимиз жақын, - дейди АҚШ тан келген музыкатаныўшы илимпаз Жон Мак Коллум. - Бул жақынлықты "Шарқ тароналари" музыка фестивалы және де беккемлемекте. Оның шеңберинде өткерилген халықаралық илимий-әмелий конференцияда баянатым менен қатнастым. Соң қосық айтып бердим. Илаж қатнасыўшылары мени дилмашсыз да түсинди - көркем өнер ҳәм мәденият мине усындай күшке ийе.

Бундай шын жүректен тән алыў ҳәм жүрек сөзлери тек ғана жергиликли емес, ал сырт ел баспасөзи арқалы да кеңнен сәўлелендириледи. Нәтийжеде қаншадан-қанша музыка ықласбентлери абырайлы фестивалдың болажақ илажларында қатнасыўды кеўлине түйип, елимизге қызығады, тарийхымыз ҳәм бүгинги күнимиз ҳаққында мағлыўматлар менен танысады. Мәденият ҳәм тарийх усы тәризде туризм тараўына тәсир көрсетеди.

Бүгин елимизде "Шарқ тароналари"нан тысқары "Ләзги", "Мақом", "Аския", "Бақсышылық" көркем өнери, "Дунё садолари" эстрада, "Бойсун баҳори" фольклор фестиваллары, "Жипек ҳәм приправалар", "Атлас" байрамлары, Пүткил жер жүзилик өнерментшилик көриклери сыяқлы абырайлы әнжуманлар, мәденият күнлери, сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер көргизбелери ҳәм басқа да әҳмийетли илажларды өткериў системалы жолға қойылған. Бул болса Өзбекстанның дүнья халқын тынышлық-татыўлық, туўысқанлық ҳәм аўызбиршиликке шақыратуғын ийгиликли шақырыўы сыпатында дүнья жәмийетшилигиниң итибарын тартпақта.

"Жипек жолы" музейине "Самарқанд мийрасы жолы"

арқалы барамыз

XXI әсир саяхатшыларын аспан тирелген имаратлар яки жарқын қара айна қапланған үлкен имаратлар менен ҳайран қалдырыў мүмкин болмай қалды. Бүгин тамашагөй ҳәм саяхатқумар адамға миллийлик, өзине тәнлик керек. Усы мәниде экономикамыздың тийкарғы буўынларынан бирине айланып үлгерген туризм тараўындағы имканиятларды иске қосқан ҳалда әмелге асырылып атырған системалы реформалардың нәтийжеси тән алынғандай. Елимиздиң даңқын жайыўда заманагөй ҳәм миллий дөретиўшилик жумыслар, туристлик мәнзиллерди көбейтиў сыяқлы тәреплер бар. Бүгин бул бағдар жаңа раўажланыў басқышына өтпекте.

Кейинги жылларда Өзбекстан халықаралық мәденият мәканындағы абырайын избе-из беккемледи. 2025-жылы Самарқандта ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы өткерилди. Илаж жуўмақларына бола, Өзбекстанның мәдений мийрасты қорғаў, билимлендириў ҳәм креатив экономика бойынша басламаларын әмелиятқа енгизиў бойынша "жол картасы" ислеп шығылды ҳәм тастыйықланды.

Мәмлекетимиздиң Японияда болып өткен ЭКСПО-2025 пүткил жер жүзилик көргизбесинде шөлкемлестирилген "Билимлер бағы" павилонына 1 миллионға шамалас адам келгенлиги халықаралық ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирилди.

15-январь күни Президентимиз жанында халықаралық мәдений илажлардың нәтийжелери, туризм тараўын раўажландырыў бойынша гезектеги ўазыйпалар және ири мәденият ҳәм туризм объектлерин қурыўға байланыслы презентация өткерилди. Мәлим етилгениндей, 2025-жылы туристлик хызметлер экспорты 4,8 миллиард долларға жетти. Визасыз тәртип енгизилген мәмлекетлердиң саны 94 ке көбейди. Соның менен бирге, туризм тараўын жойбар басқарыў системасына өткериў, туризм өнимлерин жаратыў ҳәм раўажландырыў бойынша бирден-бир механизмди енгизиў және ири илажларды муўапықластырыўды күшейтиў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Презентацияда тараў жумысын санластырыў мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Мәмлекетлик ҳәм жеке меншик мәлимлеме системаларын үйлестирип, Миллий туризм платформасын иске қосыў, туристлер ҳәм исбилерменлер ушын проактив санлы хызметлерди енгизиў, нақ пулсыз есап-санақларды кеңейтиў ҳәм туристлер ағымын таллаў ўазыйпалары белгилеп берилди. Санластырыў арқалы жасырын экономика үлесин қысқартыў ҳәм туристлик жыйымнан жыллық түсимлерди арттырыў режелестирилгени атап өтилди.

Сондай-ақ, ири мәденият ҳәм туризм объектлериниң жойбарлары көрип шығылды. Атап айтқанда, Самарқандта "Самарқанд мийрасы жолы" жойбары жумыс басламақта. Регистан ансамбли, Бибиханым ҳәм Шоҳи Зинда комплекслери және Мырза Улығбек обсерваториясын 6,6 километрлик бирден-бир туристлик бағдар өз-ара байланыстырады.

Самарқандта жаңа "Жипек жолы" музейин қурыў жойбары да таныстырылды. Улыўма майданы 19,5 мың квадрат метрди қурайтуғын үш қабатлы заманагөй имарат қурылып, онда инклюзив орталық, көргизбе заллары, экспонатларды сақлаў фондлары, сондай-ақ, билим алыўға мөлшерленген аймақларды қурыў нәзерде тутылған.

Мырза Улығбек обсерваториясы аймағында ландшафт дизайнын жаңалаў режелестирилмекте. Жаңа музей имараты, иммерсив көргизбе заллары, келиўшилер ушын орай қурылады. Пиядалар жоллары абаданластырылып, археологиялық объектлер бирден-бир музей орталығына үйлестириледи.

Буннан тысқары, Бухара қаласының бас режеси таныстырылды. Онда қолайлы қала орталығын қәлиплестириў, транспорт ҳәм туризм инфраструктурасын раўажландырыў, сондай-ақ, конгресс-холл, амфитеатр, китапхана, фуд-холл, усақлап сатыў ҳәм коммерциялық объектлер және жоқары категориялы мийманхананы қамтып алатуғын көп функциялы комплекс сыпатында тарийхый-этнографиялық бағ жаратыў нәзерде тутылған.

- Президентимиз мәдений жойбарларды туризмди раўажландырыў ўазыйпалары менен өз-ара байланысқан ҳалда әмелге асырыў, олардың экономикалық турақлылығын ҳәм сапалы басқарылыўын тәмийинлеў зәрүрлигин айрықша атап өтти, - дейди Туризм комитетиниң баслығы Абдулазиз Оққулов. - Биз өткерген презентацияның тийкарғы мазмуны болса келешекте туризм тараўын жойбар басқарыў системасына өткериўден ибарат. Әпиўайыластырып айтқанда, бунда қандай да бир объект таңланып, раўажландырыў режеси ислеп шығылады. Мәмлекетлик бюджеттен туризмди раўажландырыў ушын ажыратылған қаржылар есабынан инфраструктура қәлиплестириледи. Усы тийкарда исбилерменлерди мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында тартқан ҳалда туристлерди объекттиң есигине шекем алып барыў механизмин үгит-нәсиятлаў ушын қәнигелер таярлаўға жәрдемлесиледи. Бул жергиликли халықты жумыс пенен тәмийинлеў имканиятын да береди. Нәтийжеде барлық хызметлер санластырыў системасына байланысқан ҳалда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы жойбарларымыз жеке меншик шерикке өтеди ҳәм мәмлекет өз үлеси менен басқарыў жойбарларына қаржыларды бағдарлаўды режелестиреди. Бул усыныслардың барлығын мәмлекетимиз басшысы мақуллады ҳәм тийисли көрсетпелер берди.

Елимизде туризм потенциалын арттырыўға қаратылған кең көлемли реформалар, инфраструктураны жетилистириў ҳәм заманагөй туризм объектлерин қурыў жумыслары себепли туристлер ушын қолайлық ҳәм хызметлер көлеми кеңеймекте. Бул болса Өзбекстанды халықаралық туризм картасында және де белгили ҳәм тартымлы мәмлекетке айландырыўға хызмет етеди.

Презентацияда келешектеги режелер ҳәм ҳәзирги жағдайлардың анализи көрип шығылды. Мәселен, Саудия Арабстанында болып өтиўи режелестирилген ЭКСПО-2030 көргизбесинде қатнасыўға таярлық жумысларына үлкен итибар қаратылып, майданы 3,6 мың квадрат метрли павильон қурылысы режелестирилген.

Бухарада өткерилген биринши Заманагөй көркем өнер бийенналеси 70 күн даўам етти. Илаж 3,5 гектар майданды ҳәм реставрацияланған 14 мәдений мийрас объектин қамтып алды. Биенналеда 40 тан аслам мәмлекеттен 70 дөретиўши ҳәм куратор қатнасты. Илажда қатнасқанлардың саны дерлик 1,8 миллионды қурады.

Өзбекстанның 2021-жылдан берли Венеция биенналесинде турақлы қатнасып атырғаны италиялы туристлер ағымының өсиўине хызмет етип атырғаны атап өтилди.

- Жақын күнлерде Бирден-бир туризм миллий платформасын иске қосыўды режелестиргенбиз, - дейди Абдулазиз Аққулов. - Оның шеңберинде 16 министрлик ҳәм уйымның мәлимлеме системалары бир майданда жәмленеди. Бул келешекте туристлик бағдарларды қәлиплестириў ҳәм мәмлекет көлеминде таллаўлар өткериў, туристлердиң елимизде болыў күнлерин көбейтиў, төлеў қәбилетин арттырып барыў имканиятын береди.

Жәҳән туризм базарында ғалабалық туризмнен ўаз кешип, индивидуал туризмге үлкен итибар қаратылмақта, яғный туристлердиң айрықша қызығыўшылықларынан келип шығып, инновациялық туризм бағдарларын ислеп шығыў кең түс алмақта. Бүгин мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған туризм шөлкемлери бул процесске көбирек итибар қаратып атырғанының себеби де сонда.

Халықаралық туризм раўажланыўы ишки туризмге

итибардан басланады

Елимизде туризм тараўында заманагөй бағдарлар ҳәм турларды жолға қойыў сырт елли туристлердиң ағымын арттырыў, ишки ҳәм халықаралық туризмниң раўажланыўы және сапар етиў географиясының кеңейиўине алып келеди.

Туризм дегенде тек ғана сырттан келип-кететуғынлар емес, ал ўатанласларымыздың да мәмлекет бойлап ҳәрекетлениўи түсиниледи. Яғный ишки туризмди раўажландырыў арқалы сырт ел туристлерин көбирек тартыў мүмкин. Усы мақсетте елимизде "Өзбекстан бойлап саяхат ет" бағдарламасы жолға қойылған. Оның шеңберинде республика бойлап кәрхана ҳәм шөлкемлерде жумыс алып барып атырған хызметкерлер ҳәм мәҳәллелердеги халықтың саяхаты жолға қойылған.

Туризм жәҳән экономикасының ең тез раўажланып атырған ҳәм перспективалы тармақларынан бири. Бул сырт елге өним экспорт етпей, валюта алып кириў имканияты, аз қаржы менен көп жумыс орнын ашатуғын, халықтың дәраматын ҳәм аймақлардың көринисин жақсылатуғын тараў. Елимизде тарийхый, мәдений ҳәм сулыў орынлардың жүдә көп екенлиги болса бул имканиятларды есесине арттырады.

Президентимиз Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында атап өткениндей, өткен жылларда ерискен үлкен жетискенликлеримиз енди "Өзбекстан - 2030" стратегиясындағы мақсет ҳәм ўазыйпаларды қайта көрип шығыўды талап етпекте. Себеби, тараўларда бақланып атырған өсиўлер енди алдымызда турған жаңа басқыштағы тийкарғы бағдарлар ҳәм әмелиятты және де жетилистириў зәрүрлигин пайда етпекте.

Нодир МАҲМУДОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы