Бас консулхана Түркия ҳәм Өзбекстан арасындағы авиақатнаўлар даўамында айырым шахслар аэропортларда пуқаралардан өз жүклерин Өзбекстанға жеткерип бериўди сораў жағдайлары бақланып атырғанын, бирақ, бундай ўәделерге исенбеўди ҳәм басқа жүкти ҳеш қандай жағдайда қабыл етпеўди усыныс етти.

Өткен жыллары бир неше Өзбекстан пуқаралары әне усындай жағдайларға түсип қалған ҳәм нызамсыз жүклерди, соның ишинде, наркотик затлар ҳәм қәлбеки ҳүжжетлерди билмеген ҳалда алып өткени ушын қамаққа алынған:

2023-жыл - Стамбул аэропортында 27 жаслы Өзбекстан пуқарасы белгисиз шахстың өтиниши бойынша жүкти алып өтиўге разы болды. Бирақ, шегарада тексериў ўақтында жүк ишинен үлкен муғдарда наркотик затлар табылды. Нәтийжеде, ол 10 жыллық қамақ жазасына ҳүким етилди.

2022-жыл - Анталия қаласынан Ташкентке қайтып баратырған және бир пуқара өзине бийтаныс адамның жүгин алып өтиўге разы болды. Жүк қурамында қәлбеки паспорт ҳәм нызамсыз ҳүжжетлер бар екенлиги анықланып, пуқара бир неше жылға еркинен айырылды.

Танымайтуғын адамлардың жүгин ҳеш қандай жағдайда қабыл етпең. Сизиң итибарсызлығыңыз ямаса бийтанысларға болған исенимиңиз аўыр жынайый ақыбетлерге алып келиўи мүмкин. Гүманлы өтинишлерге алданбаң ҳәм өз қәўипсизлигинизди қорғаң, - делинеди хабарда.