баннер
7 Mar 2025
03:10

    Шарўашылық ҳәм қусшылық хожалықлары төлеген ҚҚСның 50 проценти қайтарып бериледи

    "Шарўашылық ҳәм қусшылықты қоллап-қуўатлаў, тараўда жоқары қосымша қун жаратыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-34-санлы, 30.01.2025-ж.) қабыл етилди

    Қарарға бола, төмендегилер тастыйықланды:

    - 2025-жылы гөш ҳәм сүт ислеп шығарыў көлеминиң прогноз көрсеткишлери;

    - 2025-жылы қус гөши ҳәм қус мәйеги жетистириў көлеминиң прогноз көрсеткишлери;

    - 2025-жылы аймақларда қусшылық кооперациясы системасы тийкарында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў көрсеткишлери;

    - 2025-жылы қус өнимлерин экспорт етиўдиң прогноз көрсеткишлери.

    2025-жыл 1-апрельден 2028-жыл 1-январьға шекем шарўашылық ҳәм қусшылық хожалықлары тәрепинен Мәмлекетлик бюджетке төленген ҚҚСның 50 процентин ҳәр айының 25-санасына шекем қайтарыў тәртиби енгизиледи.

    Қусшылықтың гөш ҳәм мәйек бағдарында кооперация системасы тийкарында 1 миллион халықты жумыс пенен тәмийинлеў бойынша "Қус бағыў - дәрамат табыў" жойбары әмелге асырылады.

    Нәсилшилик кәрханалары ушын олардың тийкарғы жумыс түри бойынша пайда салығы, мүлк салығы, жер салығы ҳәм суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салықларды 50 процентке төменлетилген ставкада төлеў түриндеги салық жеңилликлериниң әмел етиў мүддети 2028-жыл 1-январьға шекем создырылады.

    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech