Бүгин күндиз Бухара, Наўайы, Самарқанд, Жиззақ ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларының айырым аймақларында жаўын жаўыўы, гүлдирмама бақланыўы мүмкин. Қалған аймақларда болса жаўын-шашын күтилмейди.
Синоптиклердиң мағлыўматына бола, 11-12-апрель күнлери республика аймағының үлкен бөлиминде ҳаўа қурғақ болады. Тек ғана Самарқанд ҳәм Жиззақ ўәлаятларында айрым жерлерде, сондай-ақ, Ферғана ойпатында қысқа мүддетли жаўын ҳәм гүлдирмама болыўы итимал.
Ҳаўаның температурасы түнде 8-13 градус, күндиз 20-25 градус әтирапында болады.
Таў алды ҳәм таўлы аймақларда айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўыўы, гүлдирмама болыўы мүмкин. Соның менен бирге, сел-суў тасқынларының жүзеге келиў қәўпи бар.
Ташкент қаласында болса 10-12-апрель күнлери жаўын-шашын күтилмейди. Самал шығыстан орташа тезликте еседи. Температура түнде 11-13 градус, күндиз 23-25 градус болады.