Өзбекстан делегациясы ICAOның ҳаўа ҳәрекети жөнелислерин раўажландырыў бойынша жумысшы топарының мәжилисинде қатнаспақта

    18 қыркүйек 2025 1051

    Душанбе қаласында ҳаўа транспортына хызмет көрсетиў маршрутларын раўажландырыў бойынша жумысшы топардың арнаўлы мәжилиси (ICAO Route Development Group East Special Coordination Meeting) болып өтпекте.

    Илажда Өзбекстан делегациялары, сондай-ақ, Орайлық Азия, Кавказ мәмлекетлери, Түркия, Россия, Иран ҳәм Монголия ўәкиллери қатнаспақта.

    Халықаралық шөлкемлер ҳәм жетекши авиакомпаниялар, соның ишинде, Халықаралық ҳаўа транспорты ассоциациясы (ИАТА), Delta Air Lines, Air France, KLM, Finnair ҳәм "Jeppesen" авиакомпаниялары жумысқа қосылды.

    Мәжилистиң тийкарғы мақсети - Кавказ арты регионында, Орайлық Азияның Жақын Шығыс пенен тутас аймақларында, сондай-ақ, ИСАО Европа регионының Узақ Шығысында маршрутлар тармағы ҳәм ҳаўа аймағы структурасын оптималластырыў бойынша усыныслар ислеп шығыўдан ибарат.

    Жумысшы топар жаңа жөнелислерди енгизиўди режелестириў, бар жөнелислер тармағын жетилистириў ҳәм ИСАОға тутас регион мәмлекетлери менен муўапықластырыў менен шуғылланбақта.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates