Форум ҒМДА мәмлекетлериниң жеңил санаат ҳәм мода индустриясы қәнигелерин бирлестирип, саўда, санаат, дизайн ҳәм креатив экономика тараўларында бирге ислесиўди беккемлеў ушын платформа жаратпақта.
Өткен жылы III Халықаралық форумда да Өзбекстан делегациясы 1,5 мыңнан аслам қатнасыўшы арасында қатнасты. Илаж даўамында биргеликтеги жойбарлардың перспективалары додаланды, Өзбекстан ўәкиллери 20 дан аслам шәртнама ҳәм меморандумларға қол қойды.
Быйылғы форум шеңберинде Россия Федерациясы Федерал Мәжилиси Федерация Кеңесиниң Баслығы Валентина Матвиенко менен жеңил санаат ҳәм креатив индустрияны раўажландырыў мәселелерине бағышланған ушырасыў болып өтти.
Буннан тысқары, "ҒМДА мәмлекетлеринде жеңил санаат ҳәм креатив индустрияны мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў" сессиясы өткерилип, онда Шаҳло Ибрагимова Өзбекстанда тараўды раўажландырыў ушын жаратылған шараятлар ҳәм имканиятлар ҳаққында айтып өтти.












