Бирақ, әйне усы арқалы мәмлекет қай жерге мектеп, қай жерге емлеўхана зәрүр екенлигин билип алады. Егер бала көп болса - бақша керек. Егер кекселер көп болса, медициналық хызмет жақын болыўы шәрт.

Шаңарақтың қыйтақ жери, жери, шарўасы ҳаққындағы мағлыўматлар да бийкарға емес. Жер бар, бирақ суў жетиспесе, өним аз болады. Мәмлекет бундай машқаланы билиўи ушын аўыл хожалығы да дизимге алынады. Сонда жәрдем керек жерге жетип барады. Ҳәр бир шаңарақ, үй-жай мәмлекеттиң бир бөлеги. Ҳәр бир сан артынан келешегимиз жаратылады. Дизимге алыў қадағалаў емес, салық емес. Керисинше халықты тыңлаў, халық ушын дурыс қарар қабыл етиў қуралы.

Раўажланған мәмлекетлерде ҳәр 10 жылда бир мәрте халықты, ҳәр бес жылда бир мәрте аўыл хожалығын дизимге алыў дәстүри жолға қойылған. Мәмлекетимизде ақырғы мәрте 1989-жылы халықты дизимге алыў улыўма миллий илажы өткерилген. Усы ўақыт даўамында демографиялық ҳәм социаллық-экономикалық көрсеткишлерде сезилерли өзгерислер жүз берди. Әлбетте, өзгерислер заманагөй талаплар ҳәм халықаралық стандартларға муўапық халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыўдың жаңа басқышын шөлкемлестириў зәрүрлигин келтирип шығарады.

Сонлықтан, 2026-жыл 15-январьдан баслап Өзбекстан Республикасында халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажының биринши басқышы рәсмий түрде басланды. Ҳәзир 17 күн даўамында пуқаралар census.stat.uz рәсмий веб-сайты арқалы OneID системасы жәрдеминде онлайн дизимнен өтпекте. Онлайн дизимнен өтиў процеси Өзбекстан Республикасы пуқаралары, сондай-ақ, сырт елде ўақтынша болып атырған ўатанласларымыз ушын да мөлшерленген болып, олар қәлеген жерде бирден-бир идентификация системасы арқалы дизимнен өтиўи мүмкин.

- Төрт жылдан берли жаслар жетекшиси лаўазымында ислеп келмектемен. Өткен жыллар даўамында елимизде жаратылған имканиятлар себепли көплеген жасларға жәрдем көрсеттик. Бул жумысларды избе-из даўам еттириўди мақсет еткенбиз. Ҳәр қыйлы жәрдем ҳәм жеңилликлердиң дурыс мәнзилге, тийкарғы ийелерине жетип барыўында халықты дизимге алыў процеси оғада үлкен әҳмийетке ийе. Сол себепли бул процессте ҳәмме белсене қатнасыўы керек, - дейди Шымбай районындағы "Кеңес" АПЖ жаслар жетекшиси Дамир Биимбетов. - Мен де мәҳәллем, елимиз келешеги ушын дизимнен өттим!

Бүгин елимизде кең көлемде өткерилип атырған халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў процеси жәмийетимиздиң барлық қатламлары, әсиресе, ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақлардың абаданлығын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе.

- Бул процесс арқалы ҳаял-қызлардың социаллық жағдайы, бәнтлиги, билим алыўы, денсаўлығы ҳәм шаңарақлық шараятлары бойынша анық мағлыўматлар қәлиплеседи. Бул келешекте ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, социаллық қорғаў илажларын күшейтиў ҳәм жаңа имканиятлар жаратыўға хызмет етеди, - дейди Шымбай районы ҳәкиминиң орынбасары Гүлзар Мамбетниязова. - Сонлықтан, апа-сиңлилеримизди ҳәм барлық пуқараларды халықты дизимге алыў процесинде белсене қатнасыўға шақыраман. Ҳәр бир толтырылған мағлыўмат келешектеги әҳмийетли қарарлар ушын беккем тийкар болады.

Пүткил дүньяда альтернативине ийе болмаған мәҳәлле институты халық ҳәм мәмлекет арасында исенимли көпир ўазыйпасын атқарып келмекте. Халықты дизимге алыў процесинде де мәҳәлле жетилигиңниң орны шексиз.

- Дизимге алыў процеси усы жылдың 28-февралына шекем даўам етеди. Бул процесс үш басқышта шөлкемлестирилетуғын болса, дәслепки 17 күнде халыққа интернет арқалы мағлыўматларды киргизиў имканияты жаратылмақта. Кейинги бир айда "мәҳәлле жетилиги" ағзаларының қатнасыўында үйме-үй жүрип мағлыўмат жыйналады. Процести табыслы әмелге асырыў ушын "мәҳәлле жетилиги" ағзалары арнаўлы бағдарлама тийкарында таярланады ҳәм олардың жумысы хошаметленеди, - дейди Нөкис районы "Үлгили мәкан" мәкан пуқаралар жыйыны баслығы Марат Узақбергенов. - Мәҳәллемизде 1 мың 673 шаңарақ бар. Оларда 7595 халық жасайды. Дизимге алыў процеси бизге жергиликли халықтың мүтәжликлери ҳәм шараятларын жақсы билиў, мағлыўматлардың сапасы, ҳақыйқатлығы ҳәм анықлығын кепиллеўде жәрдем береди. Бул қатнас тек ғана экономикалық үнемлеўди тәмийинлеп қоймастан, ал мәмлекет ҳәм жәмийет арасындағы исеним ҳәм бирге ислесиўди де беккемлейди.

Әлбетте, халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў елдиң абаданлығы ҳәм келешегин тәмийинлеўге хызмет ететуғын әҳмийетли илаж болып есапланады. Бул процессте алынған мағлыўматлар пуқаралардың жасаў шараяты, абаданлығы ҳәм келешек имканиятларына тиккелей тәсир көрсетеди.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы