Мәмлекетимизде де турмыслық суўдың жетиспеўшилиги жыл сайын сезилмекте, жер асты суўының азайыўы, климат өзгериўи кескин түс алмақта. Арал теңизи бәршемиздиң көз алдымызда қурыды. Прогнозларға бола, 2030-жылға барып Өзбекстанда жылына 7 миллиард куб метр суў жетиспеўшилиги бақланады. Бул ҳәзирги ўақытта пайдаланылып атырған суў көлеминиң 25 процентине тең. 2050-жылға барып болса бул көрсеткиш еки есеге артады, яғный суў жетиспеўшилиги 15 миллиард куб метрге жетеди. Тәбийғый, суў ресурслары жетиспеўшилигиниң үзликсиз өсип барыўы мәмлекеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўына айрықша тәсир көрсетеди.

Суў тамтарыслығы тек бизде бақланып атырған жоқ. Бүгин Қытай, Иран, Африка мәмлекетлери, ҳәттеки Европа мәмлекетлеринде де душшы суў жетиспеўшилиги сезилмекте. Германияның Рейн дәрьясындағы тасларда усындай жазыў бар екен. "Егер бул таслар сизге көринсе, ол көзден жас ағыўына алып келеди". Себеби дәрьяда суў кемейсе, таслар жер бетине шығып қалады. Ҳәзирги ўақытта Каспий теңизинде де суў қәдди пәсейип бармақта.

Бундай ҳәдийселерди көрип адам ойланып қалады. Биздеги аўҳал да усыған уқсас болып баратырған жоқ па екен? Лалмикор районларда артезиан қудықлары қазылмақта. Алдын 100 метрден алынған суў енди 300 метр тереңликтен шығарылмақта. Дурыс, бир қанша суўғарылмайтуғын аймақта бағлар жаратылды, ғозазарлар, пистезарлар пайда болды. Олардан өним де алынбақта. Бирақ жер асты суўын үзликсиз шығарып алыўдың ақыбетин айырым мәмлекетлер мысалында көрип турмыз. Енди азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў зәрүр екен, суўға талап бәрқулла күн тәртибиндеги ең әҳмийетли мәселе болып қалады.

Өзбекстандағы душшы суўдың 80 проценти аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ушын жумсалады. Мәмлекеттеги суўғарылатуғын 4 миллион гектар майданға суўды көп жумсайтуғын егинлер егилмекте. Және бир машқала бар: үлкен майданларда суўдан ески усылларда пайдаланылмақта. Дурыс, тамшылатып, жаўынлатып суўғарыў усыллары да қолланылып атыр. Бирақ орта ҳәм үлкен жастағы фермерлердиң көпшилиги тамшылатып суўғарыў механизмлерин жақсы билмейди. Соның ушын олар ескише суўғарыў усылынан пайдаланыўды абзал көреди. Бундай жағдайлар жүзеге келмеўи ушын ўәлаятлар ҳәм районларда дуал билимлендириў арқалы техникаға бейим жасларды қысқа мүддетли курсларда оқытыў зәрүр. "Агробанк" "Суўшылар мектеби"н шөлкемлестирген. Оны және де жетилистириў, кеңейтиў зәрүр.

Суў жетиспеўшилиги қәўпи себепли соңғы жылларда ҳүкиметимиз жақын келешекте күтилип атырған суў кризисин сапластырыў бойынша жедел илажлар көрмекте. Суў хожалығы тараўында 2024-жыл - каналларды бетонлаў бойынша әҳмийетли жыл, деп жәрияланды ҳәм үлкен магистраль каналлар және ишки каналларды бетонлаў жумыслары баслап жиберилди. Илимпазлардың есап-санағына бола, 550 километрлик салма ҳәм каналларды бетонлаў арқалы жылына 450 миллион куб метр суўды үнемлеў мүмкин. Фермерлер ҳәм кластерлер де 13 мың километр ишки тармақты бетонластырды. Жақын келешекте орынланыўы керек болған ўазыйпалардан бири 18 мың километр магистраль ҳәм 94 мың километр ишки каналларды бетонластырыў болып табылады. Бул жылына миллиардлап кубометр суўды үнемлеў имканиятын береди. Бетонланбаған канал ҳәм салмалардың 40 процент суўы топыраққа сиңип кететуғыны дәлилленген.

Суўсызлыққа шыдамлы ямаса суўды аз талап ететуғын егинлер егиў керек. Климат өзгергени анық. Бүгин жаўын-шашынлар муғдары бурынғыдай көп емес. Таўларда муз ерип, суў муғдары азайып бармақта. Бир ўақытлары қыста еки ҳәм еки ярым ай даўамында қар жаўып, жерди қаплап туратуғын еди. Бәҳәр ҳәм гүзде болса үзликсиз жаўын жаўар еди. Бүгин тәбият пүткиллей өзгерди.

Рәсмий мағлыўматларға бола, Наўайы, Самарқанд, Жиззақ, Қашқадәрья, Наманган, Ферғана ҳәм Әндижан ўәлаятларының бир қатар районларында жер асты суўының қәдди 5-50 метрге шекем төменлеген. Бул жағдайдан хабардар болған ҳүкимет 2023-жылдың сентябрьинде жер асты суўы қәдди төменлеп баратырған 23 районда қудықларды бурғылаўға мораторий енгизди.

Суў мәселесиндеги екинши машқала - Өзбекстанның трансшегаралық ғәрезлилик дәрежеси. Суў ресурсларының тек ғана 20 проценти елимизде қәлиплеседи, қалған бөлеги болса қоңсы мәмлекетлердиң таўларынан ағып келеди. Глобал ысыў нәтийжесинде Сырдәрья ҳәм Әмиўдәрьяны суў менен тәмийинлеўши музлықлардың қысқарып барыўы усы дәрьялардағы суў көлеминиң азайыўына алып келди. Мағлыўматларға қарағанда, кейинги 50 жылда климат ҳәм антропоген факторлар себепли Сырдәрья ҳәм Әмиўдәрьядағы суў көлеми 20 процентке азайды. Аўғанстанда қурылып атырған Қўштепа каналы себепли жағдай және де аўырласады. Соңғы мағлыўматларға қарағанда, Қўштепа каналы ҳәм климаттың өзгериўи есабынан Әмиўдәрьядағы суў көлеми 2028-жылы 19 процентке шекем, 2030-жылы 29 процентке шекем азаяды.

Бүгин республика бойынша күнлик суў тутыныўын үнемлеў зәрүрлиги пайда болмақта. Солай екен, суўды үнемлеў ҳәм оннан сапалы пайдаланыў ушын алдымызда қандай ўазыйпалар турыпты ҳәм буннан былай не ислеўимиз керек?

Бәринен бурын, глобал ысыўдың алдын алыў ушын екологиялық мәселелерге итибар қаратыўымыз зәрүр.

Суў жетиспеўшилиги ҳәм экологияны бир-биринен ажыратып көриўге болмайды. Экологиялық жағдай жаманласқан аймақта, әлбетте, суў тамтарыслығы жүзеге келеди. Ташкент қаласында үйлердиң алдындағы қыйтақ жерлерди ҳәм газонларды суўғарыўға рухсат берилмеди. Егилген нәллер кеўип кетти. Жасыллық азайды. Ойлап көриң, суў пуўланып атмосферага шықса, қайтып түседи. Атмосферада ығаллық болса ғана жаўын ҳәм қар болып қайтады. Суўғарыўды тоқтатсақ, жасыл майданлар қурып кетсе, атмосфераға тек ғана шаң шықса, ол және шаң ҳалында бизге қайтып келеди. Ташкент қаласында көп қабатлы жайлар қурылысы нәтийжесинде 40-50 жыллық тереклер билдирмей кесилип атыр. Бул тереклер бизге кислород жеткерип бериў менен бирге, шаңды да услап турған еди.

Суў тәбияттағы барлық процеслерде қатнасады. Ҳәтте арзан электр энергиясын ислеп шығаратуғын атом станциялары ушын да керек. Демек, суўға мүнәсибетимизди тез өзгертип, ысырап болыўына пүткиллей жол қоймаўымыз керек. Қулласы, бүгин суў машқаласы экологиялық машқаладан стратегиялық машқалаға айланып болды. Суўды үнемлемеў социаллық турақлылықты қәўипке салады.

Тәбиятта душшы суў, топырақ ҳәм таза ҳаўа шекленген. Демек, олардан пайдаланыўда ақыл менен илимий қатнас жасаў зәрүр.

Биз қыс ҳәм бәҳәрде жаўатуғын қар, жаўын ҳәм үлкен селлердиң бийкарға ағып кететуғын суўын киши көлемдеги суў сақлағышларда жыйнаўымыз керек. Бәҳәрде суўды жыйнаў ушын бүгин - усы күни-түни суў жыйналатуғын киши суў сақлағышларды таярлаўымыз керек.

Суў тамтарыс мәмлекетлерде суўдың жумсалыўына белгили шеклеўлер қойылған. Демек, буннан былай белгиленген нормадан артық суў ислеткен санаат кәрханалары ҳәм фермерлер жәрийма төлеўи, суўды үнемлеп пайдаланған кәрханалар ҳәм фермерлер болса хошаметлениўи керек.

Саудия Арабстанында жыллық жаўын-шашын муғдары 110-140 миллиметр болыўына қарамастан, тамнан ағып түсетуғын суў топланады. Буның ушын жайлардың төбесине үлкен көк реңли бочкалар қойылған. Бул бочкаларда жыйналған суў қайта исленип, тазаланып үйлерге ямаса аўыл хожалығына жибериледи.

Бизде жыллық жаўын-шашын муғдары 300-320 миллиметрди қурайды. Саудия Арабстанының тәжирийбесин бизде биймәлел қолланыў мүмкин. Және бир гәп. Тамларға қуяш панелин орнатып, алынған энергия есабынан үйлерден шыққан суўды қайта ислеў дәўир талабына айланып болды.

Суўдан ең көп пайдаланыўшы тараў аўыл хожалығы болып табылады. Сонлықтан, тамшылатып ҳәм жаўынлатып суўғарыўға өткен фермер хожалықларын қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў, керек болса, салық жеңилликлерин енгизиў зәрүр.

Кәрханалар, ири компаниялар, фермерлер ҳәм халық арасында суўды үнемлеў ҳәм қәстерлеп сақлаў ҳаққында үгит-нәсиятлаў жумысларын үзликсиз алып барыў, мәҳәлле ҳәм билимлендириў мәкемелеринде душшы суўдан ақылға уғрас пайдаланыў усылларын мысаллар менен түсиндириў зәрүр. Суўды үнемлеў ҳаққындағы сүренлер көшелерде ҳәм кәрханаларда, адамлардың көзи түсетуғын жерлерге илдирип қойылыўы шәрт. Сонда ғана суў машқаласын унамлы шеше аламыз.

Дилорам ЁРМАТОВА,

аўыл хожалығы илимлериниң докторы, профессор,

"Меҳнат шуҳрати" ордени ийеси