Экспортта бир мәртелик сан емес, турақлы өсиў көрсеткишлери әҳмийетли. Яғный ири қарыйдарға бир мәрте өним жеткерип бергеннен гөре, турақлы базарлардың турақлы шериги болыў пайдалырақ. Бунда өз ара исенимниң өзи кемлик етеди. Халықаралық базарда беккем орын ийелеў ушын қарыйдардың талабына сай, сапалы өнимди барлық мәўсимде үзликсиз жеткерип бериў зәрүр.

Буннан бир неше жыл бурын мәмлекетимиздиң аўыл хожалығы өнимлериниң экспорт көлемин арттырыў, дәстүрий базарлардан сыртқа шығыў ушын тараў алдына турақлы жетистириў ҳәм жеткерип бериў ўазыйпасы қойылған еди. Соған жараса бир қатар реформалар өткерилди, анық ҳәрекетлер әмелге асырылды. Нәтийжеде Өзбекстан өткен жылы бир қатар сырт мәмлекетлерге аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип бериўши турақлы экспортёрлар қатарынан орын алды.

Мағлыўматларға бола, өткен жылы Өзбекстанның мийўе-овош ҳәм азық-аўқат өнимлериниң экспорт баҳасы биринши мәрте 3,2 миллиард долларға жақынласты. Бул дерлик 141 процент өсиў дегени. Елимизде жетистирилген өнимлер қосымша 18 жаңа базарға кирип барып, экспорт географиямыз 89 мәмлекетке жетти. Жаңа импортёрлар қатарына Гватемала, Эквадор, Египет, Словения, Дания, Мальта сыяқлы мәмлекетлер қосылған. Экспорт етилген мийўе-овошлардың түри болса 110 нан артты.

Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң директоры Иброҳим ЭРГАШЕВ пенен сәўбетимиз дүнья азық-аўқат базарындағы тийкарғы талаплар, сапа стандартларына сәйкес келиўи, мәмлекетимиз экспорт көлемин арттырыў бағдарында исленип атырған жумыслар ҳәм бул бағдардағы тийкарғы ўазыйпалар ҳаққында болды.

- Жәҳән базарында экспорт талапларының барған сайын артып баратырғаны азық-аўқат қәўипсизлиги мәселеси менен де байланыслы. Глобал экологиялық қәўип-қәтерлер күшейип баратырған ҳәзирги шараятта өнимлердиң сапасына талап артып атырғаны тәбийғый жағдай. Дүнья халқы экологиялық таза өнимди пайдаланыўға умтылмақта. Нәтийжеде импорт етиўши мәмлекетлер азық-аўқат, атап айтқанда, мийўе-овошларды сатып алыўда фитосанитариялық қәўипсизлик талапларына айрықша итибар қаратпақта, - дейди И.Эргашев. - Биз енди қуяшлы үлкемизде писетуғын мийўе-овошлардың жүдә мазалы, тәбийғый екенин айтыў менен ғана қарыйдарларды исендире алмаймыз. Неге дегенде, жыллар даўамында усының өзи менен шекленгенимиз себепли, қоңсылас дәстүрий базарлардан шыға алмадық. Бүгин болса, бәринен бурын, өзимизге болған талапларымыз өзгерген. Өнимлердиң саны ҳәм сапасын арттырыў менен бирге, оларды халықаралық стандартларға бейимлестириў, жәҳән базарында миллий брендимизди кеңнен ен жайдырыўға умтылмақтамыз. Оның ушын ҳәр бир тәреп - топырақ сапасынан баслап, өним экспорт етилгенге шекемги процесс халықаралық талаплар тийкарында орынланбақта. Жетистирилген аўыл хожалығы өнимлерин қадақлаў, маркировкалаў ҳәм халықаралық стандартлар тийкарында экспорт етиўде тәжирийбемиз артып бармақта. Биз бул механизмди енгизип, оған бейимлесиўге еристик. Енди буларды тек ғана жетилистирип барамыз.

Президентимиздиң тийисли қарарына муўапық 2021-жылы шөлкемлестирилген Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң алдына қойылған тийкарғы ўазыйпалар да усылардан ибарат. Өткен дәўирде шөлкемниң жумыс бағдары кеңейип, оның мойнына жаңа ўазыйпалар жүкленди. Бүгин агентлик өсимликлер карантини, қорғаў ҳәм агрохимия тараўларында бирден-бир мәмлекетлик сиясат ҳәм қадағалаўды жүргизетуғын мәмлекетлик басқарыў уйымы болып есапланады. Шөлкемниң қурамында агентликтиң аймақлық басқармалары, Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў илимий-изертлеў институты, Республикалық агрохимиялық таллаў орайы, "Биосифат" республикалық орайы жумыс алып барып келмекте.

Халықаралық тәртип-қағыйдаларға тийкарланып Өзбекстаннан экспорт етилетуғын өнимлер, бәринен бурын, Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги жанындағы Орайлық фитосанитария лабораториясы ҳәм лабораторияның аймақлық филиалларында экспертизадан өткериледи. Орайлық Азияда бирден-бир болған бул лаборатория халықаралық аккредитациядан өткен болып, структура усынатуғын жуўмақлар тийкарында мийўе-овошлар экспорт етиледи. Орай ең соңғы маркадағы заманагөй үскенелер менен тәмийинленген. Бүгин 6 бағдардағы фитосанитариялық экспертизаларды өткериў, өсимликлердиң барлық бағдарында кеселлик ҳәм зыянкеслерди анықлаў имканияты бар.

Кейинги жыллары жәҳән базарында өнимлердиң қадақлаўына да итибар артпақта. Қадақ қаншелли заманагөй, әдеттегидей емес, халықаралық маркировка талапларына сай болса, өнимниң өтимлилиги соншелли артпақта. Себеби бүгин қадақ тек ғана шырайлы көринис емес, ал экологиялық, беккем, тасыўға қолайлы ҳәм зәрүр мәлимлеме сәўлеленген әҳмийетли орам болып есапланады. Халықаралық Global GAP сапа талапларына бола, қадақта анық мағлыўматлар, оригинал дизайн ҳәм QR код болыўы зәрүр. Қарыйдар усы код арқалы өним ҳаққындағы барлық мағлыўматлар ҳәм сертификатларын аңсат тексереди.

- 2025-жыл мәмлекетимиз аўыл хожалығын жетилистириў ҳәм жаңалаў жылы болғаны атап өтилмекте. Тараўдағы санлар, көрсеткишлер де соны көрсетпекте. Атап айтқанда, мийўе-овош экспортының көлеми сезилерли артып, онлаған жаңа базарларға кирип барылды. Айырым мийўелеримиз рекорд дәрежеде экспорт етилди, солай емес пе?

- Ҳақыйқатында да, өткен жылы көплеген тараўлар қатарында аўыл хожалығында да өнимдарлы болды. Биз бундай реформалар дәўиринде бул нәтийжелерди енди тек ғана ҳаўа райы ямаса басқа тәбийғый факторлар менен байланыстыра алмаймыз. Себеби, ерисилип атырған нәтийжелер тийкарында тараўдағы үлкен әмелий жумыслар, илимий тийкарланған ҳәрекетлер, алдынғы технологиялардың енгизилиўи ҳәм әлбетте, усы бағдардағы дийқан, фермер, исбилерменлерге берилип атырған имканиятлар менен жеңилликлер жәмленген. Бул бағдардағы илажлар өткен жылдың басынан-ақ Президентимиздиң тийисли қарары тийкарында белгиленип, анық жумысларға кирисилген еди. Тек ғана жеңилликлер бағдарында алсақ, дийқан ҳәм фермерлерди қаржылай қоллап-қуўатлаўды кеңейтиў, субсидия ҳәм кредитлер системасын әпиўайыластырыў бойынша жаңа механизмлер енгизилди. Мийўе-овош экспорты менен шуғылланыўшы кәрханаларға бир қатар жеңилликлер берилди. Мәселен, өнимин заманагөй қадақларда экспорт ететуғын кәрханалар ушын пайда салығы 15 проценттен 1 процентке түсирилди. Олардың хызметкерлери ушын қолланылатуғын 12 процентлик социаллық салықлар да 1 процентке қысқартылды.

Улыўма етип айтқанда, өткен жыл Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги ушын да жуўапкершиликли, мазмунлы ҳәм нәтийжели өтти. Жыл даўамында мәмлекетимиздиң фитосанитариялық қәўипсизлигин тәмийинлеў, аўыл хожалығы өнимлериниң экспорт көлемин арттырыў, атыз шетинен нәтийжели пайдаланыў, экспортшы исбилерменлердиң жумысын мәмлекет жәрдеминде раўажландырыў, қадақланған өнимлерди экспорт етиў арқалы төлеў қәбилети жоқары мәмлекетлерге Өзбекстан өнимлерин алып шығыў, халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў бағдарында избе-из жумыслар орынланды.

Мәмлекетимиз бойлап баҳасы 34 миллион доллардан аслам дерлик 2 миллион тонна қуўатлылыққа ийе, қадақлаў өнимлерин ислеп шығарыў бойынша 27 жойбар иске қосылды. Өним жетистириўши, жыйнаўшы, таярлаўшы ҳәм экспорт етиўшилердиң қатнасыўында 388 аўыл хожалығы кооперативи шөлкемлестирилди. Органикалық сертификатқа ийе егислик майданлары 13 мың гектарға жеткерилди.

Система толық санластырылып атырғаны да экспорт процесин тез ҳәм сапалы жолға қойыўға хызмет етпекте. Мәселен, өткен жылы агентликтиң “E-fito.uz” мәлимлеме системасы Бажыхана комитетиниң электрон платформасы менен интеграция етилди. Бул арқалы мийўе-овош өнимлериниң экспорты статистикасын олар жетистирилген аймақ бойынша қәлиплестириў механизми иске қосылды. Сондай-ақ, 52 мың 273 фермер хожалығында "Атыз дәптери"н жүргизиў системасы жолға қойылды.

Тийкарғы нәтийжелер елимиз мийўе-овош экспортының көлеминде айқын көзге тасланбақта. Бул бағдарда экспорт географиямыз 89 мәмлекетке жетиўи менен бирге, Өзбекстан көплеген мәмлекетлер ушын турақлы өним жеткерип бериўши экспортёрға айланды. Биринши мәрте Монголияға 1 миллион 481 мың долларлық мийўе-овош экспорт етилди.

Тек ғана Қубла Кореяға черешня ҳәм әнар экспорты бойынша мәмлекетимиз жетекши орынға шықты. Усы жылдан бул мәмлекетке черешня экспортының көлемин және де арттырыў нәзерде тутылған. Қубла Корея базарларына бул мийўени тиккелей алып кириў бойынша сөйлесиўлер алып барылмақта.

Экспорт көлеминиң артыўында халықаралық көргизбелердиң де орны үлкен. Алдынлары исбилерменлеримиздиң бундай көргизбелерде қатнасыўы бир машақат болса, ол жерде шериклер табыў және де қыйын еди. Ҳәзир болса, керисинше, бундай халықаралық көргизбелер жаңа шериклер табыўда зәрүр майданға айланған. Сонлықтан, жергиликли исбилерменлердиң олардағы қатнасыўын мәмлекетимиз ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап келмекте.

Өткен жылы тек ғана Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң жәрдеминде 200 ге шамалас экспортшы кәрхананың ўәкиллери халықаралық көргизбелерде қатнасты. Ҳәр қыйлы мәмлекетлерде шөлкемлестирилген "Өзбекстан өнимлери" саўда ярмаркалары шеңберинде 150 ден аслам экспортёр жәми 23,5 миллион долларлық экспорталды келисимлерине еристи. БАӘ, Швеция, Малайзия, Япония, Монголия сыяқлы мәмлекетлердиң ири саўда тармақларында жүзим, әнар, қаўын, қәрели, кептирилген ҳәм қайта исленген мийўе-овошлардың турақлы сатылыўы жолға қойылды.

- Өзбекстан 2026-жылы Жәҳән саўда шөлкемине тең ҳуқықлы ағза болыўды мақсет еткен. Бул және де үлкен базарға қарай жол дегени. Соның менен бирге, өнимлеримиздиң экспортында халықаралық талаплар және де қатаңласады. Оған бейимлесиў бойынша, улыўма, усы жылы бул бағдарда қандай ўазыйпалар белгилеп алынған?

- 2030-жылға шекем мәмлекетимиздиң аўыл хожалығы өнимлериниң экспорт баҳасын 10 миллиард долларға жеткериўдей жоқары шекти гөзлегенбиз. Соннан келип шығып, усы жылы алдымызға қойылған ўазыйпалар да, гөзленген шеклер де оғада салмақлы. Бәринен бурын, мийўе-овош ҳәм азық-аўқат өнимлериниң экспорт көлемин 140 проценттен арттырыўды басланғыш мақсет еткенбиз. Себеби, ЖСШға ағзалық бул күтиўди және де арттырыўы мүмкин. Қандай жағдайда да экспорт географиясын кеңейтиў ҳәм жаңа базарларға шығыў жумыслары жедел даўам еттириледи.

Экспортта жоқары нәтийжени тәмийинлеў өнимдарлықты арттырыў менен байланыслы. Сонлықтан, усы жылы елимиздиң аўыл хожалығы егислик майданларынан нәтийжели пайдаланыў, атыз шетлеринде де климатқа сай черешня, қәрели сыяқлы мийўелерди жетистириў режелестирилген. Сондай-ақ, 4,3 миллион гектар жерде дала қадағалаў мониторингин өткериў, 731 мың гектар майданда агрохимиялық картограмма ислеп шығыў, пестицидлер ҳәм минерал төгинлерди мәжбүрий санлы маркировкалаў системасын енгизиў жумыслары баслап жиберилген.

Бул ўазыйпалар жәҳән стандартларына сәйкеслендирилген болып, олардың халықаралық талаплар менен үйлесимлилигине айрықша итибар қаратылады. Себеби, Өзбекстанның ЖСШға ағза болыўы өнимлер экспортының көлемин арттырыў ушын имканият бериўи менен бирге, жаңа тәртип-қағыйдаларды енгизиўди талап етеди. Лаборатория тексериўлери, сапа қадағалаўы ҳәм басқалар усылар қатарына киреди.

Сол себепли, жаңадан енгизилген мине усындай тәртиплерден бирине бола, 2026-жыл 1-январьдан баслап Өзбекстаннан экспорт етилип атырған барлық түрдеги қайта исленген мийўе-овош өнимлери, соның ишинде, кептирилген өнимлер “Certificate of Analysis” (CоА) анализинен өткерилиўи талап етиледи. Бул талап Өзбекстаннан Европа Аўқамы мәмлекетлери базарына экспорт етилип атырған өнимлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги тәрепинен “Atyab International Services” ҳәм “Control Union” халықаралық лабораторияларын тартқан ҳалда енгизилмекте.

“Atyab International Services” азық-аўқат қәўипсизлиги, лабораториялық таллаўлар ҳәм муўапықлықты баҳалаў тараўында жумыс алып баратуғын халықаралық шөлкем болып, Европа ҳәм Жақын Шығыс базарлары ушын қабыл етилетуғын таллаў нәтийжелерин усынады. “Control Union” болса 100 ден аслам мәмлекетте жумыс алып баратуғын, азық-аўқат өнимлери, аўыл хожалығы ҳәм қайта ислеў тараўында халықаралық стандартлар тийкарында сертификатлаў ҳәм лаборатория хызметлерин көрсететуғын абырайлы шөлкем.

“Certificate of Analysis” анализи болса пестицид қалдықлары, аўыр металлар, өнимниң микробиологиялық қәўипсизлиги ҳәм басқа да әҳмийетли техникалық ҳәм санитариялық көрсеткишлер бойынша тексереди. Жаңа механизм экспорттан алдын өнимлердиң халықаралық стандартлар ҳәм импорт етиўши мәмлекетлердиң регламентлерине толық муўапықлығын тастыйықлаўға қаратылған болып, экспорт процесиндеги қәўип-қәтерлерди сапластырыў имканиятын береди. Нәтийжеде экспорт өнимлериниң қәўипсизлиги ҳәм сапасы кепилленеди, экспортёрлар финанслық жоғалтыўлардан қорғалады, Европа Аўқамы ҳәм басқа да халықаралық базарларда Өзбекстан өнимлерине исеним беккемленеди.

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы

Ирода ТОШМАТОВА сәўбетлести.