Еки таяныш бағанамыз бар: бири – экономика, екиншиси – руўхыйлық

    Жаңа Өзбекстанда Үшинши Ренессанс тийкарын қурыў сыяқлы үлкен шек, үлкен мақсетке қарай исенимли қәдем тасланбақта. Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен кейинги жылларда алға қойылған ҳәр бир баслама, әмелге асырылып атырған реформалар бәршемизди усы үлкен арзыўға алып бармақта.

    Бул ўақыт ишинде үлкен өзгерислер, дүнья жүзилик көлемдеги жумыслар әмелге асырылды. Дүнья ўатанымызды жаңадан ашты, жаңадан таныды. Халқымыздың сана-сезими, сиясий ой-пикирлери түп-тийкарынан өзгерди.

    Әсиресе, үш күн даўамында болып өткен әҳмийетли сиясий ўақыялар, онда көтерилген мәселелер, алдыға қойылған режелер шын мәнисинде Ўатанымыздың раўажланыўын жаңа, шешиўши басқышқа көтеретуғын, үлкен шеклерге қарай қәдем таслайтуғын перспективалы процесслердиң басламасы болды.

    Уллы тулғалардың әрманы

    Қайсы алым ҳәм ойшылларымыздың шығармасын оқысақ та, ҳәр биринде үлкен бир әрман, үлкен бир арзыўды көремиз. Бул халықтың дәртин еситетуғын мәмлекет, ағартыўшылығы жоқары, әдеп-икрамлы уллы жәмийет әрманы болып есапланады.

    Уллы данышпан, ҳәзирети Наўайы: “Дардим оғирроқ тоғдин, хошокдин жисмим енгил” (Таўдан аўырлаў дәртим, от-шөптен денем жеңил), деп жазғанда бул аўыр дәрт халықтың дәрти, әдил басқарыў зәрүрлиги екенин ашық билдирген. Алымның тек ғана "Муншаот" шығармасын шын мәнисинде мәмлекетлик басқарыў тараўында өз дәўириниң әдил нызамы сыпатында көриў мүмкин.

    Онда: «Мәмлекеттиң барлық буўынындағы лаўазымлы ҳәм ҳәмелдарлар, басқарыў ислери менен шуғылланыўшы, қолында имза ҳәм мөр услаған барлық жуўапкерлер мүрәжат етиўшилердиң жумысларын ертеңги күнге қалдырылыўына жол қоймаўы керек, дәмегөйлик мақсетинде кешиктириўшилер, әлбетте, жазаланыўы керек» - деп айтылады. Усы арқалы ойшыл өзиниң арзыўындағы мәмлекетлик басқарыўға айна тутып қарайды, негизинде. Бүгин бул арзыў "Халық мәмлекетлик уйымларға емес, мәмлекетлик уйымлар халыққа хызмет етиўи керек"- деген анық, қатаң принципте сәўлеленбекте.

    Яки, Фарабий усынған әдеп-икрамлылық философиясын алайық. Ойшылдың әдеп-икрамлылық ҳәм оның тийкарында жас әўладты тәрбиялаў идеялары ҳәзирги күнде де ең әҳмийетли мәселе. Фарабий жоқары әдеп-икрамлылық пазыйлетлерге әмел еткен түрде раўажланып атырған ҳәр қандай мәмлекет өз пуқараларын, сөзсиз, бахыт-ығбал жолына алып шығатуғын күшке ийе болыўын ескертеди. Алым инсан билим ҳәм үлгили әдеп-икрамлылыққа ийе болғанда ғана жақсы әдет ҳәм ҳәрекетлерди өзинде жәмлей алыўын айтады.

    Бүгин мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир шығып сөйлеўинде күшли илим ҳәм әдеп-икрамлылық бир болғанда ғана жоқары нәтийжелерге ерисиў мүмкин екенлигин қайта-қайта атап өтип атырғанлығының тийкарында да раўажланыў, бахыт-ығбал жолындағы әҳмийетли қағыйда сыпатында қараў зәрүрлиги турады.

    «Халық үйи»нде халық даўысы

    Ибн Халдун: «Мәмлекет - халықтың руўхый ерк-жигерин, ишки динамикалық күшин сәўлелендиреди», – дейди. Әсиресе, бул сәўлелениў «Халық үйи»нде анығырақ көриниўи, халықтың талабы, дәрти, ҳаўазы усы үй арқалы бәлентирек жаңлаўы шәрт.

    Президентимиздиң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының биринши мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзинде де буған қайта-қайта итибар қаратылды, депутат деген ҳүрметли атаққа ийе болғанлардың үлкен жуўапкершилиги еслетип өтиледи.

    Әдетте, бул сайлаў жаңа аралас сайлаў системасы тийкарында өткерилгени менен де тарийхый ўақыя болды. Парламенттиң ҳуқық ҳәм кепилликлери артты, жаңа халық ўәкиллиги системасы сыпатында жуўапкершилиги жоқарылады. Искерлик қағаздан нәтийжелиликке, ўәкилликтен нәтийжели хызметке бағдарланыўы керек екенлиги атап өтилди.

    Италиялы ойшыл Николо Макиавелли ең исенимли, ең беккем қорған – халық муҳаббаты екенин атап өткен. Бул муҳаббат исеним көринисинде көз алдымызда сәўлеленбекте. Әсиресе, сайлаўлар халықтың реформаларға, мәмлекетке исенимин көрсетиўши айна да болып саналады. Быйылғы сайлаўларда 15 миллионнан аслам халқымыз, улыўма сайлаўшылардың дерлик 75 проценти белсене қатнасқаны – буның дәлили.

    Бүгин глобалласыў процеси, геосиясий жағдайлардың кескинлесиўи, дүнья қәўип-қәтерлерге толы екени айтылмақта. Әлбетте, бул, әпиўайы сөзлер емес, ал ҳәр күни көз алдымызда сәўлеленип атырған ўақыялықларға айланып бармақта. Халықаралық мийнет шөлкеминиң мағлыўматлары бойынша, дүньяда 2 миллиардқа шамалас адам соқлығысыўлар ҳәм зорлық жүз берип атырған, турақсызлық ҳүким сүрип атырған аймақларда жасайды. Ашынарлысы, олардың үштен бир бөлегинен асламы 15-24 жастағылар. БМШ Бас хаткери де дүньяда ҳәр төртинши жас өспирим зорлық ҳәм қураллы келиспеўшиликлерден жәбир көрип атырғанын мәлим етти.

    Усындай бир шараятта, мәмлекетимизде жаслар искерлигин жүзеге шығарыў, өсип киятырған жас әўладқа имканиятлар жаратыў жолында тынымсыз жаңаланыўлар әмелге асырылмақта. Нызамшылық палатасының қурамы, шама менен, 60 процентке жаңаланған болса, депутатларымыздың 11 и, яғный, 7,5 проценти 35 жасқа шекем екенлиги, биринши мәрте жаслар парламентиниң 2 ўәкили Нызамшылық палатасы депутаты етип сайланғаны пикиримизге дәлил бола алады.

    Және бир тәрепи, ағартыўшы ҳаял – ағартыўшы әўлад, мәнаўиятлы жәмийет қурыўға үлес қосады. Буны тарийх сабақлары, ойшылларымыздың ҳикметлери арқалы да көп ҳәм жақсы оқығанбыз. Әсиресе, депутатлардың 38 процентин ямаса 57 син ҳаял-қызлар қурап атырғаны – региондағы ең жоқары көрсеткиш екенлигин көрсетеди.

    Мәжилисте парламенттиң дәслепки әмелге асырылған ислери талқыланып, кемшиликлери есапланып, жетискенликлери тән алынды.

    Әсиресе, Парламент изертлеўлери институтының Нызамшылық палатасына өткерилгенлиги депутатлар институт пенен жедел ислеп, машқалаларға илимий-әмелий шешим табыўы, бул бағдардағы усынысларын нызамшылық басламасы дәрежесине алып шығыўға имканият беретуғын әҳмийетли қәдем болды.

    Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен 2030-жылға шекем жасыллық дәрежесин 30 процентке жеткериў, шығындыларды қайта ислеў бойынша улыўма баҳасы 1 миллиард 300 миллион долларлық жойбарларды әмелге асырыў, «Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы қабыл етилип, 2025-жылы 1 миллион халықты кәмбағаллықтан шығарыў бойынша үлкен шеклер алынғанлығы айтылды. Бул мақсетлерге 46,5 триллион сум қаратылып, 100 мың гектар жер дийқаншылық ҳәм бағшылық шөлкемлестириў ушын 200 мың кәмбағал шаңараққа ижараға берилетуғынлығы мәлим етилди.

    Усындай үлкен шеклер, үлкен мақсетлер көп. Бундай процесслердиң болса тәсиршең парламентлик қадағалаўсыз әмелге асыўы қыйын, әлбетте. Сол себепли депутатларымыз бул бағдарларда жуўапкер уйымлар алдына анық тапсырмалар қойып, олардың орынланыўын қадағалаўға алыўы көплеген мәселелердиң шешилиўине, реформаларды системалы әмелге асырыўға тийкар болады.

    Соны да атап өтиў керек, төменги палатадағы 12 комитет орнында 10 жаңаланған комитет шөлкемлестирилди. Комитетлердиң искерлигинде пуқаралық жәмийети институтлары менен байланысты күшейтиў де үлкен әҳмийетке ийе екенлиги айтылды. Ҳәр бир комитет жанында пуқаралық жәмийети институтлары ўәкиллеринен ибарат жәмийетлик кеңеслердиң дүзилиўи нәтийжели шешим сыпатында атап өтилди.

    Мәмлекетимиз басшысы “Депутат – бул халық хызметкери, ҳәммеге үлги болатуғын, сиясий билими ҳәм санасы жоқары, өз Ўатанын шын жүректен сүйетуғын инсан”,- деп сыпатлама береди.

    Ҳақыйқатында да, халқымызда «Алым болма, адам бол», – деген мәнили сөз бар. Кейинги ўақытлары арамызда мизантропиялар топары пайда бола баслады. Яғный, көриниси сәтең, қос-қос дипломы ҳәм мақтанып таўыса алмайтуғын жетискенликлери бар. Бирақ, әдеп-икрамлылық өлшем ҳәм қәдириятларды тән алмайды, оны керексиз сарқыт, деп қарайды. Тийкарынан алғанда, ҳәр нәрседен инсан деген ат, әдеп-икрамлылық, ўатансүйиўшиликтиң үстинлиги, бул әсиресе, халық ўәкиллери ушын ең әҳмийетли сыпатлама болып есапланады.

    Муғдар ҳәм сапаның өзгериўи

    Философияда муғдар өзгерислериниң сапа өзгерислерине айланыў нызамы бар. Диалектиканың бул нызамы ҳәрекет ҳәм раўажланыўдың қай тәризде жүз бериўин түсиндириўге хызмет етеди. Бул нызам бойынша, көзге көринбейтуғын, әсте-ақырын жүз беретуғын муғдар өзгерислери (муғдарлардың артыўы ямаса азайыўы) белгили ўақыт өткеннен кейин, қатаң ҳәм үлкен сапа өзгерислерине айланады, ески сападан жаӊа сапаға өтиўине алып келеди. Бул нызамға тәбият, жәмийет ҳәм пикирлеўдиң раўажланыўы менен байланыслы барлық процесслер де бойсынады.

    Президентимиз қатнасқан гезектеги әҳмийетли ушырасыў Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының биринши жалпы мәжилиси болды.

    Онда муғдардан сапа өзгериси тәрепке қарай әмелге асырылған жумыслар, әҳмийетли реформалар атап өтилди. Сенатты ықшам, халықшыл ҳәм аймақлар мәпин аңлататуғын уйымға айландырыў мақсетинде сенаторлардың саны 100 ден 65 ке қысқартылды, Президент тәрепинен тайынланатуғын сенаторлардың саны болса 16 дан 9 ға азайтылды. Бирақ сенаторлардың ўәкилликлери ҳәм жуўапкершиликлери арттырылды.

    Мәжилис даўамында жоқары палатаның алдынғы қурамының жумысы талланып, ерисилген жетискенликлер айтып өтилди, олар мәмлекетимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосқаны атап өтилди. Соңғы бес жылда жоқары палата тәрепинен 106 мәрте есабат тыңланған, атқарыў уйымларына 1 мың 300 сораў киргизилген. Парламенттиң халықаралық майдандағы абырайы да сезилерли дәрежеде артқан. Өткен дәўирде шет еллер менен парламентлераралық дослық топарларының саны 26 дан 73 ке жеткен.

    Мәжилисте және бир мәрте бүгинги дүньядағы жағдай тынышлық ҳәм аўызбиршиликте ҳәрекет етиў әҳмийетин және де арттырып атырғанына итибар қаратылды.

    Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей: Мине, усындай оғада қәўипли жағдайда биз тек ғана күшли ерк-ықрар, бирлик ҳәм дослық, машақатлы мийнет пенен ғана елимизде тынышлық ҳәм раўажланыўды тәмийинлеўге ерисе аламыз. Ҳүрметли сенаторларымыз, жергиликли кеңеслерге сайланған депутатларымыз, мине, усы, өткир ҳақыйқатты, өзлериндеги үлкен жуўапкершиликти терең аңлап жумыс алып барады, деп исенемен.

    Бүгин Президент тәрепинен тез-тез усынылып атырған бирлесиў философиясы пүткил дүнья ушын да әҳмийетли зәрүрликке айланып бармақта. Жалалатдин Румий ҳәзиретлери «Мен етмиш уч мазҳаб ила бирдурман» (Мен жетпис үш мазҳаб пенен биргемен) деген сөзлеринде инсанияттың бирлиги, аўызбиршилиги тиришилик нызамы екенлигине нусқаў береди. Бүгин дүньяның түрли мүйешлеринде жасаса да, инсанлар тәғдири бир-бирине байланыслы, тынышлығы бирге ислесиўге, бул дүнья, бул тәбияттан ақылға муўапық пайдаланыўда бирлесиўге зәрүрлик бар екенлигин көрсетпекте. Бүгин өз жумысына сын көзқарастан баҳа бериў, раўажланыўға ҳәрекет етиў, биргеликте ислеў көплеген әҳмийетли мәселелерге шешим болатуғынлығы анық.

    Усы мүнәсибет пенен, Президент Сенат алдында турған әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап өтти. Олардың арасында нызамларды додалаўда жаңа механизмлерди енгизиў, жергиликли кеңеслердиң жумысына ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў, атап айтқанда, 2026-жылдан баслап районлық ҳәм қалалық Кеңеслерге де ҳәкимлер басшылық етпейтуғыны айтылды.

    Бул илажлар мәмлекетимизде мәмлекетлик басқарыўды төменги буўынға түсириў, оларды халыққа жақынластырыў процесслери артқа қайтпайтуғын түс алғанлығынан дерек берип атырғаны атап өтилди.

    Жаңаланған Конституциямызда Сенатқа жергиликли кеңеслердиң қарарлары нызамшылыққа муўапық болыўын тәмийинлеў бойынша үлкен жуўапкершилик жүкленген. Мәмлекет басшысы Сенат бул бағдарда ашық-айдынлықты, нызамлылықты тәмийинлеў бойынша нәтийжели система жаратыўы керек екенлигин айтты.

    Әсиресе, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықты социаллық қорғаў бағдарындағы бағдарлама ҳәм режелерди толық жүзеге шығарыўда сенаторлардың қатнасыўы оғада әҳмийетли екенлигине итибар қаратылды.

    Нызамныӊ қүдирети орынланыўы менен

    "Сиясатнама" шығармасында “...пәрманның ҳүрмети ҳәм қүдирети сондай болыўы керек, оны орынланбағанша ҳеш ким қолынан шығармаўы керек”,- делинеди. Ҳақыйқатында да, орынлаў күши реформалардың түпкиликли мәнисин көрсетеди, халықтың мәмлекетке болған исенимин беккемлейди.

    Президентимиздиң қатнасыўында Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Өзбекстан Республикасы Бас министри кандидатурасын көрип шығыўға арналған мәжилисинде бул бағдардағы ўазыйпалар, келешектеги режелер айтылды.

    Мәмлекетимиз басшысы, бәринен бурын, өткен бес жылдағы бағдарламалардың орынланыўына тоқтап өтти. Бул дәўирде мәмлекетимиздиң экономикасы 2 есеге өсип, 100 миллиард долларлық тарийхый шектен асты. Халықтың жан басына дәраматы 3 мың долларға жетиўи күтилмекте.

    Экспорт дерлик 2 есеге өсип, биринши мәрте 25 миллиард доллардан, алтын-валюта резервлери болса 40 миллиард доллардан артты. Өзлестирилген сырт ел инвестицияларының көлеми 6 есеге көбейип, оның есабынан 1,5 миллион жоқары дәраматлы жумыс орны жаратылды.

    Соңғы үш жылда улыўма қуўатлылығы 2,4 гигаватт болған 9 ири қуяш ҳәм самал станциялары иске қосылды. Альтернатив энергия үлеси өткен жылға салыстырғанда 2 есеге көбейди.

    Мектепке шекемги билимлендириўде қамтып алыў 74 проценттен, жоқары билимлендириўде болса 39 проценттен артты. Барлық аймақларда «Инсан» социаллық хызметлер орайлары ашылып, шөлкем хызметкерлери тәрепинен тиккелей мәҳәллелерде халыққа 100 ден аслам социаллық хызметлер көрсетиў жолға қойылды.

    «Өзбекстан – 2030» стратегиясында мәмлекетимиз жалпы ишки өниминиң көлемин 160 миллиард долларға жеткериў мақсет етип қойылған еди. Барлық имканиятлар иске қосылғаны себепли бул көрсеткиш усы жылдың өзинде 110 миллиард долларға жетиўи күтилмекте.

    Усындай пәт жедел даўам еттирилсе, 2030-жылға барып, мәмлекетимиз экономикасының көлемин 200 миллиард долларға жеткериў потенциалы бар екенлиги атап өтилди. Бул халықтың турмыс дәрежесин ҳәм сапасын кескин жақсылаўға тийкар болады.

    Атап айтқанда, халықтың жан басына дәраматларын 5 мың доллардан арттырыў, кәмбағаллық дәрежесин 5 процентке түсирип, мүтәж халық ушын беккем социаллық қамсызландырыў системасын енгизиў, медицинаға ажыратылып атырған қаржыларды 2 есеге көбейтип, медициналық қамсызландырыў системасына өтиў ҳәм кепилленген медициналық хызметлер менен толық қамтып алыўды тәмийинлеў, жылына 150 мың квартиралы жаңа заманагөй турақ жайларды қурыў имканияты жаратылады.

    Президентимиз бул мақсетлерге ерисиў ушын ҳүкимет пенен парламенттиң бирге ислесиўи әҳмийетли екенлигин атап өтти.

    Парламентлик қадағалаў - бул бәринен бурын "халық қадағалаўы, халық сораўы" екенлиги атап өтилди. Бул бағдарда барлық басшылар жуўапкершиликти толық сезиниўи керек екенлиги көрсетип өтилди.

    Ең әҳмийетлиси, барлық гөзленген шеклерге ерисилмекте. Тек ғана мәмлекет жетекшиси айтқанындай: Бүгин тек мине, усындай алдынғы жасларға, мине, усындай жанкүйер зиялыларға, Ўатанның раўажланыўы жолында бирлескен халыққа ийе болған мәмлекет ғана өзиниң миллий мәплерин тәмийинлеўге ерисе алады.

    Мәжилисте, сондай-ақ, Министрлер Кабинетиниң жақын мүддетке ҳәм узақ перспективаға мөлшерленген ҳәрекетлер бағдарламасы да усынылды.

    Жоқарыда айтып өткенимиз, бирлесиў идеясы бүгин, әсиресе, тәбият ҳәм инсан қатнасықлары, улыўма жасаў мәканымыз шеңберинде зәрүрликке айланып бармақта.

    Оған жуўап ретинде мәмлекетимизде үш жыл алдын «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбары басланған еди. Қоңсы мәмлекетлер менен биргеликте Регионаллық климат стратегиясын әмелге асырыўға кирисилди. Пайтахтымызда Орайлық Азия қоршаған орталық ҳәм климат өзгерислерин үйрениў университети шөлкемлестирилди.

    Сондай-ақ, Өзбекстан Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен бул бағдарда қабыл етилген еки әҳмийетли резолюцияның басламашылары болды. Ҳәзирги ўақытта "Жасыл" энергетика экономикамыздың драйверлеринен бирине айланбақта.

    Бул ҳәрекетлер, бул идея ҳәм басламалар артқа қайтпайтуғынлығына нусқаў сыпатында Президентимиз 2025-жылды елимизде «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» деп жәриялаўды усыныс етти.

    Руўхыйлық ҳәм экономика - оқ тамырларымыз

    Өткерилген бул мәжилислер жаңа Өзбекстанның жаңа раўажланыў басқышына, үлкен шеклерге қарай исенимли қәдем таслап атырғанын көрсетти. Мақаламыздың басында уллыларымыз әрман еткен мәмлекет ҳаққында жазған едик. Бул мәмлекет, тек ғана, нызамлары, халыққа хызмет етиўи, олардың жағдайынан хабардар болыўы, олардың ҳаўазына, тулғасына айланыўы емес, соның менен бирге, мәнаўияты жоқары, әдеп-икрамлылығы жоқары, қәдириятлар қәдирленетуғын ел болып та есапланады.

    Бүгин бул арзыў мәмлекет басшысы тәрепинен әмелге асырылмақта. Атап өтилгениндей: «Бизлердиң еки оқ тамырымыз, еки таяныш бағанамыз бар: бири - экономика, бири - мәнаўият. Руўхый тәрептен уллы халық - экономикалық жақтан да уллы болады».

    Ал-Хорезмийдиң әжайып теңлемеси бар. Оған муўапық:

    Егер инсан жақсы минез-қулыққа ийе болса, ол 1 ге тең.

    Егер инсан гөззаллық ийеси болса, бирдиң қапталына нольди қосың = 10 болады.

    Егер адам бай болса, және бир нольди қосың = 100 болады.

    Егер теги ҳасыл болса, және бир нольди қосың = 1000 болады.

    Егер 1 цифри, яғный, минез-қулық жоқ болып кетсе, инсанның қәдири жоқ болып, нольлердиң өзи қалады = 000.

    Көзленген үлкен шеклерге руўхый жақтан уллы халық экономикалық қүдирет пенен жетип барады.

    Отабек ҲАСАНОВ,

    Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық Орайы баслығы