Ушырасыў жуўмақлары бойынша Өзбекстаннан жоқары маманлықтағы кадрлар таярлаў ҳәм еки мәмлекет арасындағы академиялық байланысларды кеңейтиў ушын жаңа имканиятлар жаратыўшы бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

Келисим бир қатар билимлендириў ҳәм изертлеў басламаларын жолға қойыўды нәзерде тутады. Жасалма интеллект, робототехника, киберқәўипсизлик ҳәм дрон технологиялары сыяқлы технологиялық бағдарлар бойынша қәнигелер таярлаўға айрықша итибар қаратылды. Бирге ислесиў шеңберинде тәреплер Өзбекстан мәмлекетлик хызметкерлери ушын мақсетли стажировкалар шөлкемлестириўге, сондай-ақ, бакалавриат, магистратура ҳәм PhD басқышы студентлери ушын жаңа жойбарлар ислеп шығыўға келисип алды.

Профессор-оқытыўшылардың алмасыўы, биргеликтеги илимий изертлеўлерди әмелге асырыў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўында стажировкалар шөлкемлестириў перспективалары додаланды. Келисимлердиң айрықша бөлеги Гонконг университетинде "Эл-юрт умиди" қоры стипендиатларының үлесин кеңейтиўге қаратылған. Тәреплер билимлендириў бағдарламаларын биргеликте қаржыландырыў механизмин келисип алды, бул болса Гонконг университетинде билим алып атырған өзбекстанлы қәбилетли жас қәнигелердиң санын арттырыў имканиятын береди.

Сапар шеңберинде "Эл-юрт умиди" қорының ўәкиллери Гонконгта билим алып атырған стипендиатлар менен де ушырасты. Ушырасыўда олардың оқыўы, илимий жумысы, жасаў шараятлары ҳәм халықаралық академиялық орталыққа бейимлесиў мәселелери додаланды. Қордың басшылары студентлердиң академиялық өзлестириўин мониторинг етип, олардың усынысларын ҳәм келешектеги кәсиплик раўажланыў режелерин тыңлады.

Қор өз стипендиантларын сырт елде қоллап-қуўатлаў, олар менен турақлы байланыста болыў ҳәм жүзеге келетуғын мәселелерди шешиўге жәрдемлесиў бойынша системалы жумысларды даўам еттирип атырғаны атап өтилди, деп хабар береди қордың баспасөз хызмети.