Кейинги сегиз жылда электр ислеп шығарыў 38 процентке артып, 81,5 миллиард киловатт саатқа жетти. Жеке меншик секторға кең жол ашылғаны себепли 11,2 гигаваттлы қосымша қуўатлық жаратылды. Нәтийжеде бул сектордың генерациядағы үлеси 24 процентке, "жасыл" энергия үлеси болса 16 процентке жетти.
Усы дәўирде халықтың дәраматы 1,6 есеге артқаны, жаңа түрдеги турмыслық техникалардан пайдаланылып атырғаны себепли шаңарақларда электр тутыныўы 21 миллиард киловатт сааттан артты. Бул 2016-жылғыдан 2 есеге көп.
2030-жылға барып, мәмлекетимиз халқы 41 миллионға жетиўи, экономикамыз болса 1,5 есеге өсиўи күтилмекте. Соған сәйкес түрде, санаатта 45 миллиард доллар муғдарында қосымша қун жаратыў, хызметлер көлемин 3 есеге арттырыў, ири Мағлыўматлар орайларын иске қосыў нәзерде тутылған.
Буның ушын, бәринен бурын, турақлы электр тәмийнаты зәрүр. Есап-санаққа бола, 2030-жылы 117 миллиард киловатт саат, 2035-жылы болса 135 миллиард киловатт саат электр энергиясы талап етиледи. Яғный, ҳәзиргиден 1,7 есе көп.
Мәжилисте энергетика министри усы мақсетке қаратылған узақ мүддетли бағдарламаны таныстырды.
Атап өтилгениндей, жаңа электр станциялары ҳәм энергия сақлаў қуўатлықлары қурылады. Оларды системаға жалғаў ушын 7 мың километр магистрал тармақ қурылып, санластырылған басқарыў енгизиледи. Бул арқалы аймақларда энергия балансы тәмийинленеди. Бир ўәлаятта электр жетиспеўшилиги болса, басқа жерде қосымша қуўатлықлар иске қосылады. Бул жумыслар ушын келеси бес жылда "Өзбекстан миллий электр тармақлары"на 4 миллиард доллар инвестиция киргизиў талап етиледи.
Және бир әҳмийетли мәселе - электр энергиясының өзине түсер баҳасын азайтыў. Буның факторы альтернатив дәреклерди көбейтиў болып табылады. Сырт елли экспертлер де Өзбекстан шараятында "жасыл" энергия имканиятлары көп екенлигин айтпақта.
Соннан келип шығып, 2030-жылға барып улыўма генерацияда "жасыл" энергия үлесин 50 проценттен арттырыў нәзерде тутылған. Соның ишинде, 3 мың микроГЭСте 164 мегаватт, қуяш ҳәм самал қурылмалары есабынан 750 мегаватт қуўатлылықларды иске қосыў режелестирилген.
Күни кеше мәмлекетимиз басшысы ресурс үнемлеўши экономика моделине өтиў ўақты келгенин атап өтти.
Атап айтқанда, санаатта энергия нәтийжелилиги арқалы қосымша 27 процент жалпы ишки өнимди жаратыў имканияты бар. Ҳәзир химия ҳәм металлургия бойынша айырым жергиликли кәрханаларда энергия жумсалыўы дүньядағы орташа көрсеткиштен 2 есеге, цемент ислеп шығарыўда болса 1,2 есеге жоқары.
Сонлықтан, ҳәр бир тармақ кесиминде энергияны 10-15 процент үнемлеў, 2030-жылда электр энергиясының жоғалтыўларын ҳәзирги 14 проценттен 8-9 процентке шекем түсириў ўазыйпа етип алынбақта.
Сырт ел инвесторлары менен және 26 миллиард долларлық 24 гигаваттлы жойбарлар бойынша жумыслар басланған. Оларға көп муғдарда әсбап-үскене ҳәм қурылыс материаллары жумсалады. Бул елимиз кәрханалары ушын үлкен имканият екени, жойбарларда локализациялаў ҳәм кооперацияны раўажландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Тутыныўшыларға турақлы ҳәм үзликсиз электр жеткерип бериў, тараўда кадрлар таярлаўды раўажландырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Жуўапкерлерге усыларды есапқа алып, электр энергетикасы тараўын 2035-жылға шекем раўажландырыў бағдарламасын таярлаў тапсырылды.