Елимизге бәҳәр мәўсиминиң орташа ҳаўа райы кирип, тәбият оянған бул айларда шаңарақларымыз, перзентлеримиз бенен тәбият қойнына, дем алысқа шығыў - ҳәммемиз ушын қызықлы дем алыс. Бирақ буннан кейинги өмир ушын әҳмийетли мәселени умытпаўымыз керек: Электр жеткерип бериў тармақлары жанында, әсиресе олардың қорғаў зоналары әтирапында пәтпелек ушырыў жүдә қәўипли!

Бул тек ғана инсан өмири ушын қәўип туўдырып қоймастан, ал пүткил электр тәмийнаты системасының турақлылығына да унамсыз тәсир көрсетеди.

Соны умытпаң:

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 26-декабрьдеги 1050-санлы қарарына муўапық, электр узатыў тармақларының қорғаў зоналарында:

  • пәтпелек, дрон ямаса ҳәрқандай ушыўшы предметлерди ушырыў;
  • қәўип туўдыратуғын ҳәрекетлерди әмелге асырыў;
  • сымларға жақынласыў, бағаналарға шығыў;
  • от жағыў пүткиллей ҚАДАҒАН ЕТИЛГЕН!

Тилекке қарсы, соңғы ўақытлары пәтпелек сымларға илинип қалып, аўыр авариялар ҳәм жоғалтыўларға себеп болып атырған жағдайлар атап өтилмекте. Электр тармақларындағы ҳәр қандай үзилис - пүткил мәҳәлле, район, ҳәттеки ўәлаятта қысқа ямаса узақ ўақыт электр тәмийнатысыз қалыўға алып келиўи мүмкин.

Соның ушын бәршеңизден өтиниш етемиз: перзентлериңизди ескертин, электр тармақларына жақын орынларда пәтпелек ушырмаң, оларға абайлы қатнаста болың.

Есте сақлаң - бир неше минутлық бийпарўалық, пүткил өмирге тәсир етиўи мүмкин!