Жамшид Жанбуров бир неше күн бурын оғада аўыр жағдайда Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының Қарақалпақстан филиалына жатқарылған. Қәнигели шыпакерлер наўқастың денсаўлығы ушын қәўип туўдырған кеселликти жеңиўге жәрдем берди. Нәтийжеде операция ислеў ушын Жамшидтиң Ташкент қаласына барыўына зәрүрлик қалмады. Сондай-ақ, Габит Унабаевтың аўыр кеселликтен аяғына турып кетиўине де шыпакерлердиң хызмети үлкен болды. Наўқас бир ярым саатта операция бөлмесинен шығарылды. Инжигүл Бердақова да маман шыпакерлер бар екенлигинен қуўанышлы.

- Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының Қарақалпақстан филиалында 19 жылдан берли мийирбийке болып ислеп атырман. Аралбойы халқы ушын ең заманагөй орай қурып берилгени ушын мәмлекетимизден миннетдармыз, - дейди Алфия Кенжемуратова. - Бурын Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы ески имаратта жайласқан еди. Дерлик шерек әсир халықтың саламатлығы ушын хызмет көрсеткен имарат жүдә ески болып, заманагөй үскенелер дәўир талабына сай келмей қалған еди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы ҳәм қоллап-қуўатлаўы себепли орайдың келбети түп-тийкарынан өзгерди. Бул ғәрезсизлик жылларында Қарақалпақстанда "ноль"ден қурылған биринши көп тармақлы емлеўхана болды. Емлениўди қәлеген наўқаслар бүгин жоқары технологиялы сапалы медициналық хызметлерден пайдаланыўды баслады.

- Жигирма жылдан берли таза, барлық шараятқа ийе имаратымыз болыўын әрман еткенбиз. Ақырында арзыўымыз әмелге асатуғын күнлер келди. Усы жылдың август айында Президентимиз филиалдың жаңа имаратын ашып берди. Төрт қабатлы имаратта қыстаўлы қабыллаў-диагностика, реанимация, хирургия, нейрохирургия, травматология, кардиология, гинекология, педиатрия, лаборатория диагнозы ҳәм әмелият бөлимлери жайласқан. Барлық бөлимлер заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинленген. 130 орынлық жаңа комплексте наўқаслар ҳәм шыпакерлер ушын барлық шараят жаратылған. Бурын бир бөлмеде 4-5 адам жатқан болса, бүгин бөлмелеримиз еки адамға мөлшерленген, өз алдына санитариялық ханалар бар, - дейди филиал бас шыпакери Ерназар Халмурзаев. - Наўқас өмирин сақлап қалыўда ўақыт тийкарғы орында турады. Сол себепли, орайымызда наўқасларды кеселлик дәрежеси бойынша таңлап алатуғын триаж системасы енгизилген. Яғный, мүрәжат еткен инсан ўақтын жоғалтып, сергиздан болып, шыпакерлердиң қабыллаўында жүрмейди. Бул жерге шыпакердиң өзи түсип, наўқасты қайсы қәнигелик шеңберинде емлеў зәрүрлиги бойынша жуўмақ шығарады ҳәм керекли бөлимге жибереди. Триаж системасы биз ушын жаңа структура. Наўқаслар усы система бойынша бөлистириледи.

Мысалы, қызыл сызық аўыр жағдайда келген наўқаслар ушын мөлшерленген. Усы сызық арқалы реанимация бөлимине жеткериледи. Ол сондай-ақ, кешиктирип болмайтуғын медициналық жәрдем мәнисин де билдиреди. Сары сызықлар орташа жағдайдағы, яғный қыстаўлы медициналық жәрдем керек, бирақ ҳәзирги жағдайы өмири ушын қәўипли болмаған наўқаслар ушын мөлшерленген. Жасыл рең ҳәм жоллар қыстаўлы болмаған медициналық жәрдемди билдиреди. Демек, наўқас өз аяғы менен келип, мүрәжат етиўи мүмкин. Бурын наўқаслар шыпакер тексериўинен өтиў ушын қабыллаўда гезек күтип туратуғын еди. Енди емлеўханада пүткиллей басқаша, тез жәрдем шыпакерлери наўқастың алдына өзи келеди. Бул "Инсан қәдири ушын" принципиниң турмыслық көриниси болып есапланады.

Жаңа комплексте электрон нәўбет енгизилген. Наўқастың мағлыўматлары системаға киргизилип, басқа бөлимлерге жеткериледи. Бул система наўқаслар ушын жүдә үлкен қолайлық жаратты. Алдын мүрәжат еткен наўқаслардың көпшилиги емлеўханаға жатқарылған. Енди белгили бир медициналық емлеўден кейин наўқастың жағдайына қарап жасаў орнында амбулатор емлениўге руқсат бериледи. Сондай-ақ, алдын жүрек-қан тамыр кеселликлери менен мүрәжат еткенлерге әпиўайы тексериў усылында жәрдем көрсетилген. Енди болса заманагөй ангиография үскенеси инсанлардың өмирин сақлап қалыўда нәтийже бермекте. Буның нәтийжесинде өлим ҳәм майыплыққа түсиў жағдайлары кескин азайған.

- Бүгинги күнге шекем Ташкент қаласында өткерилген айырым қурамалы хирургиялық операция енди усы жердиң өзинде өткерилмекте. Соның ишинде, Қарақалпақстанда биринши мәрте жасалма қан айланыў аппараты арқалы наўқас жүрегинде ашық операция исленди. Сондай-ақ, мультиспирал компьютер томографиясы, ултрасес, лаборатория үскенелери кеселликлерди ерте диагноз қойыў имканиятын бермекте. Телемедицина арқалы алыс аралықтағы наўқасларды емлеўге де үлес қосылмақта. Қарақалпақстан аймағындағы районларда хирургиялық операцияны өткериўде телемедицинадан пайдаланып келмектемиз. Нейрохирургия, травматология, хирургиялық операцияларға жәрдем бере аламыз, - дейди Ерназар Халмурзаев. - Реанимация бөлими алдынғы имаратқа салыстырғанда 100 есеге жақсыланған. Ең заманагөй үскенелер менен тәмийинленген. Бул жерде наўқасты 2 сааттан 3-4 саатқа шекем қадағалаў имканияты бар. Ол бәрқулла мийирбийкениң қадағалаўында болады. Бурын бундай шараят жоқ еди. Президентимиз бул триаж системасын пүткил Өзбекстан бойлап енгизиў керек екенлигин атап өтти. Көрип турғаныңыздай, орайымыз дүнья стандартларына толық жуўап береди. Германия ҳәм Япониядан келген шыпакерлер Қарақалпақстанда бундай орай бар екенлигин көрип, ҳайран қалды. Әлбетте, бул медицинамыз жоқары дәрежеге көтерилгенинен дәрек береди.

Орайдағы ангиография бөлиминде интервенцион-кардиолог шыпакер Бексултан Мамбеткаримов кардиохирургия әмелиятын өткермекте. Бүгинги күнге шекем 50 ден аслам операцияны өз бетинше әмелге асырған.

- Бурын наўқасларға жәрдем бериўде қыйналатуғын едик. Тек ғана дәри-дәрмақ бериў менен шекленетуғын едик. Билесиз, наўқасты тек ғана дәри менен емлеўге болмайды. Орайымызда ангиография үскенеси орнатылғанынан берли тамырларда тромб бар ямаса жоқлығын көриў имканиятына ийе болдық. Стенд ашып, тамырларын қайта тиклеп, жүректи қутқарыў жумысларын биймәлел орынлай аламыз, - дейди Бексултан Мамбеткаримов. - Сондай-ақ, нурдан қорғайтуғын аўырлығы 20 килограмм болған арнаўлы кийимлеримиз де бар. Бир күнде 3-4 хирургиялық операцияны өткериўимиз ҳәм буның ушын операция бөлмесине кириўимизге туўра келеди. Бизди нурдан бул кийимлер қорғайды. Наўқаслардың денсаўлығы да мәмлекетимиздиң қатаң қадағалаўында.

Орайдың итибарға ылайық және бир тәрепи реанимация ҳәм кардиологиялық әмелиятларды үйрениў ушын лаборатория шөлкемлестирилгени болып есапланады. Онда үскенелер жәрдеминде оқыў-әмелий тәжирийбелер өткериледи. Ең тийкарғысы, Өзбекстанда санаўлы болған лапароскопия үскенеси Президентимиздиң саўғасы сыпатында орайға тапсырылды. Бул үскене жоқары технологиялық операцияларды мониторинг жәрдеминде әмелге асырыўда жәрдем береди.

- Тәжирийбе алмасыў мақсетинде жас шыпакерлеримиз Ҳиндстан, Россия ҳәм Түркияға оқыўға барып келмекте. Бурынлары сырт еллерге барып оқыў мәселеси оғада қыйын еди. Ҳәзир шыпакерлер ушын да имканият бар, - дейди Ерназар Халмурзаев. - Бираз ўақыт өтип сырт елден қәниге-шыпакерлерди тартыўға зәрүрлик болмайды. Өзимиздиң шыпакерлеримиз бенен халықтың дәртине даўа, кеселлигине шыпа табамыз. Халыққа сапалы медициналық жәрдем көрсетиўге бәрқулла таярмыз.

Денсаўлық тек ғана инсанның өзи емес, ал жәмийет ушын да оғада үлкен бийбаҳа байлық. Ҳәр тәреплеме саламат инсанлардан ибарат жәмийет болса раўажланыўға қарай исенимли қәдем таслайды. Сол себепли, мәмлекетимизде инсанды қәдирлеў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы ўазыйпасы сыпатында қаралып келинеди. Денсаўлықты сақлаў тараўын реформалаў, медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, системаны заман талаплары, дүнья медицинасының стандартлары дәрежесинде раўажландырыў тийкарғы мақсет етип алынған.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы