Атап өтилиўинше, мийнет шәртнамалары жумыс бериўши тәрепинен қәлиплестириледи ҳәм тәреплер арасындағы келисимге бола электрон санлы қолтаңба (ERI) жәрдеминде қол қойылады.

Қол қойылған электрон мийнет шәртнамасын хызметкер өзиниң Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталындағы (my.gov.uz) жеке кабинети арқалы жүклеп алыўы мүмкин.

Мийнет шәртнамаларының электрон рәсмийлестирилиўи нәтийжесинде:

- жумыс бериўшилерге қолайлық жаратылады;

- процесс әпиўайыласады ҳәм рәсмий емес бәнтлик азайтылады;

- мийнет шәртнамаларының нызамлылығын қадағалаў имканияты болады ҳәм хызметкерлердиң мийнет ҳуқықлары бузылыўының алдын алынады.