Европа инвестиция банки Өзбекстан транспорт инфраструктурасын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаўға таяр

    24 қазан 2025 442

    Өзбекстан Президентиниң Брюсселге рәсмий сапары шеңберинде транспорт министри Илҳом Маҳкамов Европа инвестициялық банки (ЕИБ) вице-президенти Марек Мора менен сөйлесиў өткерди.

    Тәреплер Өзбекстан транспорт тараўындағы ири инфраструктуралық жойбарларды банктиң жеңиллетилген кредит ресурслары есабынан қаржыландырыў мәселелерин додалады.

    Ушырасыўда автомобиль жолларын қурыў, заманагөй техникаларды сатып алыў, транспорт инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм ҳәрекетлениўши қурамды жаңалаўға инвестицияларды тартыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

    Буннан тысқары, мәмлекетимиз транспорт системасының нәтийжелилиги ҳәм турақлылығын арттырыўға қаратылған перспективалы реформалар ҳәм жойбарларды әмелге асырыў ушын узақ мүддетли кредитлер ажыратыў имканиятлары додаланды.

    Сөйлесиўлер конструктивлик руўхта өтип, тәреплер бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм стратегиялық әҳмийетли басламаларды биргеликте әмелге асырыўға таяр екенин билдирди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates