Палестиннен 100 адам Өзбекстанға ўақтынша эвакуация етилди

    100 палестиналы жарадар ҳаял-қызлар ҳәм балалар олардың жолдаслары менен бирге Өзбекстанға эвакуация етилди.

    Бул ҳаққында Өзбекстанның Каирдеги елшиси Мансурбек Қиличев хабар берди, деп жазбақта “ Gazeta.uz”.

    Мәлим етилиўинше, бул эвакуация әмелияты еки мәмлекеттиң Денсаўлықты сақлаў министрликлери бирге ислесиўинде Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен әмелге асырылды, делинеди хабарда.

    Қиличевтиң атап өтиўинше, эвакуация етилген палестиналылар журтларына қайтқанға шекем Өзбекстанда қалады. Бул наўқас палестиналылар емлениўи ҳәм денсаўлығын тиклеў ушын реабилитация орайлары ҳәм емлеўханаларға жайластырылады, деп қосымша етти Қиличев.

    Өзбекстан ҳүкимети оларға мәмлекетте болыў дәўиринде шаңарағының барлық зәрүрликлери, соның ишинде, мийманханалар, мектеплер, азық-аўқат ҳәм басқа затлар менен тәмийинлейди.

    Мансурбек Қиличевтиң түсиндириўинше, Өзбекстан президенти 2024-жыл ноябрь айында болып өткен Палестина мәселесине бағышланған айрықша араб-ислам саммити алдынан шығып сөйлеген сөзинде Палестина аймақларында әскерий операцияларды тоқтатыў ҳәм қәўипсиз гуманитар жолларды тәмийинлеў әҳмийетли екенлигин атап өтип, Ташкент жарақатланған палестиналы балалар ҳәм ҳаял-қызларды емлеў ушын қабыл етиўге таяр екенин мәлим етти.

    "Биз Палестина халқына әмелий жәрдем көрсетиў мәселелерин келеси жылы Самарқандта болып өтетуғын "Қолтық араб мәмлекетлери - Орайлық Азия" саммитинде де додалаў нийетиндемиз," деген еди мәмлекет басшысы.