"Ферғана-Урумчи-Ферғана" жөнелисинде авиақатнаўлар жолға қойылады, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Ферғана ўәлаяты ҳәкимлигиниң мағлыўматына бола, Өзбекстан ҳәм Қытай қалалары арасында авиақатнаўлар кеңейтилип атырған болып, және бир жаңа Ферғана-Урумчи-Ферғана жөнелисинде авиақатнаў жолға қойылмақта.
Қытайда әмелий сапар менен болып турған Ферғана ўәлаяты ҳәкими Хайрулло Бозоров басшылығындағы ўәлаят делегациясы Урумчи қаласында жаңа авиақатнаўға старт бериў мәресиминде қатнасты.
Бул авиақатнаў еки аймақты байланыстырыў, саўда, экономикалық-инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў, туризм бағдарында үлкен әҳмийетке ийе.
Пәрўазлар 18-апрель күнинен баслап әмелге асырылады.